Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң VII шақырық биринши сессиясы болып өттиБүгин Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти. Сессияға депутатлар, сектор басшылары, нураныйлар, мәкеме ҳәм шөлкем баслықлары қатнасты.
Күн тәртибинде төрт мәселе көрип шығылды. Ең дәслепки мәселе Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарын дизимге алыў мәселеси көрип шығылды.
Екинши мәселе районлық Кеңеси Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Реже тастыйықланды.
Үшинши мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының бийлигине муўапық, депутатлар тәрепинен Нөкис районы 14-«Тарлы» сайлаў округинен сайланған депутат Зайтов Зияўатдин Имаматдинович Нөкис районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасының “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамына муўапық, район ҳәкимлигине талабан халық депутатлары Кеңесине аймақты социал-экономикалық раўажландырыўға мөлшерленген бағдарламасын усынды.
Төртинши мәселе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, район ҳәм қалалық Кеңеслери Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңесине районлық Кеңеси атынан 2-«Жейдели» сайлаў округи депутаты Н.Сейтназаровты усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен бир аўыздан мақулланып, тийисли шешимлер қабыл етилди. Усының менен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
🌐
https://t.me/Aqmangituz🌐Website 🌐
Instagram ✅
Facebook 📹
@user-gh8wy4sk2g?si=H_c6yy9YBeZfU4v0' rel='nofollow'>youtube