❗️РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ
Социаллық тармақлар арқалы 2025-жыл 5-февраль күни Нөкис қаласы жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияшының қопал ис-ҳәрекетлери сәўлеленген видеоматериал тарқалды.
Тарқалған видеоматериал бойынша бүгин Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен исши топар дүзилип үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениў нәтийжесинде Нөкис қаласы Дослық МПЖ аймағында жайласқан «Disney kids» атлы жеке меншик балалар бақшасы екенлиги, ўақыя 2024-жыл 4-ноябрьде болғанлығы, видеокөринистеги жағдай ҳақыйқаттанда жәрдемши тәрбияшы тәрепинен әмелге асырылғанлығы анықланды.
Исши топар ўақыя орнына барып үйренип, шөлкем тәрбияшылар ҳәм ата-аналар менен сәўбетлесип, болған жағдайға айдынлық киритти. Бул жағдай бойынша анықланған мағлыўматлар ҳуқық қорғаў уйымларына усынылып, ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары басланғанлығын мәлим етип билдиремиз.
ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға қосылың зор канал👇
https://t.me/+W0NBlc9wPDoxN2Ey