зикир
«Ләә иләәҳә илләллоҳу ўәҳдаҳу ләә шәрийка ләҳ, ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамд, ўә ҳуўә ала кулли шәй-ин қодийр».
Мәниси: Шериги жоқ болған жалғыз Аллаҳтан өзге ибадатқа ылайық ҳақ ибәдат қылыныўшы жоқ. Мулк те, мақтаў да Оныки. Ол бәрше нәрсеге қәдир.
Усы уллы зикирди күнине жүз мәрте тәкрарлаған инсанға нелер берилиўин билесиз бе?
Тәкрарланса бары-жоғы 10-12 минут ўақыт алатығун бул зикир арқалы бенде төмендеги нәрселерге ериседи:
1. Он қулды азат еткенниң саўабы бериледи.
2. Жүз жақсылықтың саўабы жазылады.
3. Қылған жүз жаманлығы өшириледи.
4. Сол күни кешке шекем шайтанға қарсы қорғанда болады.
5. Ҳеш ким бул зикирди айтқан адамнан көре абзал нәрсени қыла алмайды. Тек ғана биреў оннан да көбирек айтқан болса, ол абзалырақ болады.
Қараң, қаншадан-қанша саўаптан бос қалып жүрмиз...
Бул уллы зикр ушын буншелли жоқары сыйлықлар ўәде қылыныўы оның уллы мәнилерди өз ишине алғанынан болса керек.
Бенде буны айтыў арқалы таўҳидты (Аллаҳты бир деп билиўин) билдириўи менен бирге, ширктен (Аллаҳға шерик қосыў) пәк екенин билдиреди. Кейин ийелик, мүлк тек Оған тийисли екенин, бәрше мақтаў ҳәм алғысларға жалғыз Ол ылайықлы екенин мойынлайды. Зикирдиң ақырында Аллаҳ тааланың қүдрети шексиз екенин билдирип, бәрше нәрсеге қәдир екенин тән алады.
Бенде бул зикирди тәкрарлар екен, усы мәнилерди ойлаўы өмирин усы мәнилер тийкарында қурыўға жәрдем береди, изден шыққан жерлерин дурыслаўға ҳәрекет етеди ҳәм әлбетте қәлб қәтережамлығына ериседи.
Аллаҳ таала бизди тили зикирден тоқтамайтуғын бенделеринен қылсын.
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
https://t.me/safar_uz571