NIYET.UZ | Рәсмий канал


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Religion


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Нөкис қаласы «Салмен ийшан» жаме мешити рәсмий сайтының телеграмдағы каналы.

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Religion
Statistics
Posts filter


ТӘКАББЫРЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА

Ибн Умардан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким өзин уллы санаса ямаса менменсинип жүрсе, Аллаҳ азза ўа жаллаға жолыққанда Ол (Аллаҳ) оннан ғәзепленген ҳалда болады», – деди».
Шолыў: Менменлик, өзин жоқары алыў, буны ҳәттеки жүргенде де билдирип қойыў Аллаҳ тааланың ғәзебин келтиретуғын ислерден есапланады екен.
Буннан ҳәр бир бенде сақланыўы, бул нәрсеге улыўма жақынласпаўы зәрүр.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#ramazon
#muftiy_minbari

🌙 РАМАЗОНИ ШАРИФГА ТАЙЁРМИСИЗ?!
🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook

#muftiy_minbari@muslimuzportal

✅ Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати

🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING ✅ VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#күн_аяты

Рәббиңиз: «Маған дуўа қылың, сизлер ушын (дуўаларыңызды) қабыл етемен» - деди.

Ғофир сүреси 60-аят.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллаҳи ўә бәракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

⏳ Бүгин ҳәптениң сәршемби күни

26-Февраль                              2025
   27-Шаъбан                  1446

Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!


•┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#namaz_waqıtları

⏰Нөкис қаласы ўақты менен
26-Февраль күнги намаз ўақытлары

📌«САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

⏰  ТАҢ — 07:00
⏰ ПЕСИН — 13:30
⏰  НАМАЗЛЫГЕР — 17:10
⏰  ШАМ — 18:52
⏰  ҚУПТАН — 20:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:20
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:05

•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#тәрбия

Ислам әдеби

– Мүләйым сөйлеў:
«
Даўысыңды пәсейт»
(
Луқман сүреси, 19-аят);

– Туўры жүриў:
«
Жер бетинде керилип жүрме»
(
Луқман сүреси, 18-аят);

– Көзди тыйыў:
«
Биз олардан айырым топарларын пайдаландырып қойған нәрселерге (ҳәўес пенен) қарама»
(
Ҳижр сүреси, 88-аят)

– Қулақты тыйыў:
«
Тыңшылық етпең» 
(
Ҳужурат сүреси, 12-аят)

– Туўры аўқатланыў:
«
Жеп-ишиң, (бирақ) ысырап қылмаң»
(
Аъраф сүреси, 31-аят).

– Тилди тыйыў:
«
Адамларға жақсы сөз айтың»
(
Бақара сүреси, 83-аят).


  •┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Forward from: Paziyletuz | Рәсмий канал
«Балаларға бериӊ дүньяны» сүрени астында байрам кешеси шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалардың социаллық қорғалыўын күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4185-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-анасының ямаса басқа да нызамлы ўәкиллериниң қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары кепилликлериниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, социаллық қорғаўға мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да күшейтиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилген.
Жетимлерге итибар бериў, олардың материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў миллий қәдириятларымыздан саналады. Сондай-ақ, жетимлерге жақсылық етиў, олардың күнделикли турмысын жақсылаўға үлес қосыў ҳәм оларды жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзалары сыпатында қабыл етиў әҳимийетли. Бул, олардың келешекте еркин ҳәм пәрәўан өмир кешириўлерине жәрдем береди.
Динимизде жетимлерге жәрдем бериў, оларға меҳир-муҳаббат көрсетиў ҳәм олардың күнделикли турмысын жақсылаўға умтылыў, ҳәр бир мусылманның инсаныйлық ўазыйпасы. Бул, жәмийетте әдиллик ҳәм теңликти тәмийинлеўге жәрдем береди ҳәм барлық инсанлардың қәдир-қымбатын арттырады.
25-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басламасы менен «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен республикамыздағы қәлби өксик 60 балалардың кеўиллерин көтериў мақсетинде мүбәрек Рамазан айы алдынан байрам илажы шөлкемлестирилди. Байрам иләжында оларды пайтахтымыздағы «Джунгли» балалар дем алыў орнында ойын-заўық шөлкемлестирилди. Соӊ «Кәрўан сарай» тойханасында дастурхан жайылып, ас берилди. Балаларға ҳәр түрли ойыншықлар тарқатылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, «Вақф» қайырқомлық фонды баслығы И.Тажетдиновлар қатнасты.
Бүгинги қаырқомлық илажда қатнасқан балаларымызға оқыўларында табыслар тилеп, жәмиетте жетик қәниге болып жетилисиўинде әўметлер тилеп қаламыз.

Бегис Аббазов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#шаъбан_1446
#рамазан_1446
#рамазан_кирип_келмекте #аят

Еслетпе: Айдың шығыўына қарап (-/+) бир күнге өзгериўи мүмкин.

«Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай). Енди сизлерден ким ол айға жетсе, ораза тутсын».

Бақара сүреси, 185-аят

🤲 АЛЛАҲ БӘРШЕМИЗДИ МҮБӘРЕК РАМАЗАН АЙЫНА ЖЕТКИЗСИН!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#muftiy_minbari

📹 ИНСОН ОДОБИ БИЛАН
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


#мағлыўмат #ораза

ОРАЗА ҚАНДАЙ ИБАДАТ?

Ораза дәслеп Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Мадинаға ҳижрат қылғанынан кейин арадан бир ярым жыл өткеннен соң – яғный ҳижраттың он сегизинши айы, шаъбан айының оныншы күнинде, қубла Байтул Мақдистан Кааба тәрепке өзгертилгеннен кейинги айда парыз қылынған. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тоғыз жыл Рамазан оразасын тутқан. Олардан екеўин отыз күннен, қалған жетеўин жигирма тоғыз күннен тутқан.
Араб тилиндеги “саўм” (ораза) сөзликте “өзин тыйыў” деген мәнини билдиреди. Шариятта болса Рамазан айында таң атқаннан қуяш батқанша нийет пенен аўқат жеўден, ишимлик ишиўден, жинсий жақынлық қылыўдан тыйылыўға “ораза” делинеди. Ораза тутыў Ислам дининиң бес тийкарынан бири, Қуран ҳәм Сүннет пенен парыз болған.

Мөминниң меъражы китабынан.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Forward from: Muslim.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#ijtimoiy

📹 ИСЛОМ ЕНГИЛЛИККА ЧАҚИРАДИ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook

#muftiy_minbari@muslimuzportal

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати

🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#күн_аят

Сизлер егип атырған егинлериңизди (ойлап) көрдиңиз бе?!
Оны сизлер өсиресиз бе ямаса Биз өсириўшимиз бе?
Егер қәлесек, Биз оны
(апат жиберип,) қуўраған шөпке айландырып қойған болар едик.

Ўақыя сүреси, 62-64-аятлар.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум ўә раҳматуллаҳи ўә бәракатуҳ!

🔆 Және бир таң мүбәрек болсын!

⏳ Бүгин ҳәптениң сийшемби күни

25-Февраль                              2025
   26-Шаъбан                  1446

Шаңарағыңыздан тынышлық, қәлбиңизден үмит, әмеллериңизден жақсылық, жүзиңизден күлки кетпесин! Әмийн!


•┈⊰✿🍃🌺🍃✿⊱┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#ijtimoiy

📹 ЕТИМНИНГ ҲАҚҚИ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


#namaz_waqıtları

⏰Нөкис қаласы ўақты менен
25-Февраль күнги намаз ўақытлары

📌«САЛМЕН ИЙШАН» ЖАМЕ МЕШИТИНДЕ ЖӘМӘӘТ НАМАЗЫ ЎАҚТЫ: 

⏰  ТАҢ — 07:05
⏰ ПЕСИН — 13:30
⏰  НАМАЗЛЫГЕР — 17:10
⏰  ШАМ — 18:51
⏰  ҚУПТАН — 20:15

Нәпил намазлары мустаҳаб болған ең абзал ўақытлары бойынша, Нөкис қаласы ўақты менен

🕕 Таҳажжуд — 05:20
🕙 Зуҳа (сәске) — 10:00
🕠 Әўўәбийн — 19:05

•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#шаъбан_1446
#рамазан_1446
#рамазан_кирип_келмекте #аят

Еслетпе: Айдың шығыўына қарап (-/+) бир күнге өзгериўи мүмкин.

«Рамазан айы, адамларға ҳидаят, туўры жол ҳәм (ҳақ пенен наҳақты) ажыратыўшы ҳүжжетлерден ибарат Қуран нәзил етилген (ай). Енди сизлерден ким ол айға жетсе, ораза тутсын».

Бақара сүреси, 185-аят

🤲 АЛЛАҲ БӘРШЕМИЗДИ МҮБӘРЕК РАМАЗАН АЙЫНА ЖЕТКИЗСИН!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


Forward from: Muslim.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🤲 АМАЛЛАРИНГИЗ АЛЛОҲГА КЎРСАТИЛСА...


Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#рамаза #сораў_жуўап​​

РАМАЗАН АЙЫНА ТАЯРЛЫҚ

– Ислам дининде парыз болған уллы ибадатлардың үшиншиси не?
– Рамазан айында ҳәр күни ораза тутыў.

– Ораза тутыў қандай болады?
– Таңнан қуяш батқанша аўызды жабыўға нийет етип, жеў, ишиў ҳәм жынысый байланыс қылыўдан сақланылады.

– Оразаның парызы нешеў?
– Үшеў.
Бириншиси – нийет;
Екиншиси – жеў ҳәм ишиўден сақланыў;
Үшиншиси – жынысый қатнас қылмаў.

– Нийетсиз күнди жеместен, ишпестен ҳәм жынысый байланыс қылмастан кеш қылса, оразаға есап бола ма?
– Ораза есабына өтпейди.

– Оразаға қайсы ўақыттан нийет қылынады?
– Сәҳәрликтен соң таң атқанша қылынатуғын нийет абзал. Таң атқаннан кейин үлкен сәскегеше нийет қылса да дурыс. Оннан кейин нийет қылыў дурыс емес. Үлкен сәске – қыямнан еки саат яки еки саат шерек мәўрит алдын.

– Бир адам таңнан үлкен сәскегеше оразаға туўры келмес нәрсени қылмастан турса, үлкен сәскеден аз ғана илгери сол күнниң оразасын нийет қылса, сол ораза оразаға есап бола ма?
– Әлбетте, оразаға есап болады.

– Бир адам таңнан кейин де жесе оннан кейин сәскегеше сол күнниң оразасын нийет етсе, оразасы дурыс бола ма?
– Дурыс болмайды.

– Оразаға нийетти тил менен қылыў керек пе яки тек дил менен нийет қылса жетерли ме?
– Тил менен де нийет қылыў абзал, лекин тек дил менен нийет етсе де жетерли. Бирақ, абайлы болыў керек, тек тил менен нийет қылып дилдиң хабарсыз қалыўы нийет емес, себеби нийет дилдиң иси.
Сондай-ақ, көпшилик қарапайым адамлар тил менен болған нийетти нийет деп итиқад қылады. Мәселен, намазда «нийет қылдым»ды тил менен айтыўды нийет, дейди. Өйткени, нийет парыз болған ибадатлардың ҳәммесине тек тил менен нийет етиў менен ибадат дурыс болмайды. Кәмил нийет пәлен әмел ҳәм пәлен ибадатты қыламан, деп дилден өткизиў.

– Ораза тутыўда тил менен арабша нийет қылмақшы болса, не деп нийет етиледи? «Нәўәйту ан асума соўма шаҳри рамазана мин әл-фажри илал мағриби, холисан лиллаҳи таала. Aллаҳу әкбар», деп нийет етиледи.
Мәниси: «Aллаҳ таала ушын ықлас пенен таңнан қуяш батқанша рамазан айының оразасын тутыўды нийет еттим».

– Қуяш батқаннан соң, оразасы тамам болғанда не қылады?
– От тиймеген бир тағам яки суў менен аўызын ашады. Хурмаға уқсас шийрин тағамлар менен аўыз ашыў мустаҳаб. Аўыз ашылып атырғанда:
«Aллаҳумма лака сумту ўа бика аманту ўа илайка тәўаккәлту ўа ъала ризқика афтарту фағфирли я ғоффару ма қоддамту ўа ма аххарту», деп айтылады.
Мәниси: «Ҳәй бар Аллаҳ, усы оразамды тек Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм Сениң берген ырысқың менен ифтар қылдым. Ҳәй гүналарымды кешириўши Аллаҳ! Сен енди мениң әўелги гүналарымды ҳәм ақырғы гүналарымды кеширгил ҳәм жарылқа».

"Ибадаты исламия"дан үзинди.

Тарқатың: http://t.me/niyetuz


#ҳикмет

Неъматқа, неъмат пенен ерисип болмайды. Ҳәзир рәҳәтинен айырылмаған келешекте рәҳәтинен айырылады.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#аят

"Аллаҳ жақсылық етиўшилерди жақсы көреди".
Бақара сүреси, 195-аят.

"Аллаҳ пәклениўшилерди де жақсы көреди".
Бақара сүреси, 222-аят

"Әлбетте, Аллаҳ тәўекел қылыўшыларды жақсы көреди".
Әли Имрон сүреси, 159-аят.

"Әлбетте Аллаҳ сабырлылар менен бирге".
Бақара сүреси, 153-аят.

"Әлбетте, Аллаҳ әдалат қылыўшыларды жақсы көреди".

Маида сүреси, 42-аят.

"Аллаҳ тақўалыларды жақсы көреди".
Әли Имрон сүреси, 76-аят.

"Аллаҳ, әлбетте, садақа қылыўшыларды сыйлықлайды".
Юсуф сүреси, 88-аят.

"Аллаҳ шүкир қылыўшыларды сыйлықлайды".
Әли Имрон сүреси, 144-аят.

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube

20 last posts shown.