Mag'zaniyshan.uz


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Religion


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Кегейли районы "Мағзан ийшан" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Religion
Statistics
Posts filter


Күнлик ўазыйпа:

🤕Соллаллаҳу ьала Муҳаммадин ўә ьала әли Муҳаммад 1000 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят


#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz


#дуўа

       АЗАНДА ҲӘМ КЕШҚУРЫН
           ОҚЫЛАТУҒЫН ЗИКИР

      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким ҳәр күни азанда ҳәм кешқурын "Родийту билләәҳи Роббәә, ўә бил Исләәми дийнәә, ўә би Муҳаммадин соллаллооҳу аләйҳи ўә сәлләмә Нәбиййәә, ўә Росуўләә" деп үш мәрте айтса қыямет күни Аллаҳтың разылығын табады", деди.

     Зикирдиң мәниси: "Аллаҳты Рәбб, Исламды дин, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Нәбий ҳәм Расул деп разы болдым".

✈️ @MagzaniyshanUz


#Пикирлеў

🙄 КЕСЕЛЛИККЕ ҚАРСЫ ЕҢ ЖАҚСЫ ШЫПА

«Аўырғанымда, Оның Өзи маған шыпа береди» (Шуаро сүреси, 80-аят).

Усман ибн Ас Сақафий разыяллаҳу анҳу мусылман болғанынан берли денесинде аўрыў сезип атырғанын айтып, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға шағым қылды.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған былай деди:
👉 «Қолыңды денеңдеги аўырып турған жерге қой ҳәм үш мәрте «Бисмилләҳ» деп айт!
👉 Және жети мәрте төмендегилерди айт:


👉 «Әъуўзу биъиззәтиләәҳи ўә қудротиҳи мин шәрри мәә әжиду ўә уҳаазиру».

👉 Мәниси: (Ҳәзир денемде) сезип атырған ҳәм келешекте жүз бериўи мүмкин болған ғам-тәшўиш (яки усы аўрыўдың даўам етиўи)ниң жаманлығынан Аллаҳтың иззети ҳәм қүдрети менен пана сорайман (Имам Муслим рәўияты).

✈️ @MagzaniyshanUz


Күнлик ўазыйпа:

🤕Соллаллаҳу ьалайка я Росулаллаҳ 2000 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят


#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz


Шаьбан - қарыйлар айы.

Амр Ибн Қайс Шаьбан айы киргенде саўдасын тоқтатып Қуран қирәәтине кирисер еди.
“Нәпсин Рамазаннан алдын дүзеген адамға жәннет болсын” - дер еди.

✈️ @MagzaniyshanUz


ШАЪБАН АЙЫНДАҒЫ ОРАЗАНЫҢ СЫРЫ

Шаъбан дегенимиз - оразаның келгенин байрамлайтуғын Рамазаннан алдынғы ай (ҳижрий календарьдағы 8-ай).
Шаъбан айының басқа айлардан пазыйлети сонда, бул айда бендениң ислеген ийги әмеллери Аллаҳтың ҳүзирине көтериледи. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "...Бул айда қылған әмеллер Аллаҳтың ҳүзирине көтериледи. Сонлықтан мен өз әмеллеримниң ораза ҳалымда (Аллаҳқа) көтерилиўин жақсы көремен" - деген. (Имам Насаий рәўияты).

Усы ҳәдийстен Шаъбан айында бежерилетуғын тийкарғы ибадат - нәпил оразасы, ямаса ибадатларды кеширек баслағанлар ушын қаза оразаларын тутыў десек болады. Расында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам басқа айларға қарағанда усы айда көбирек ораза тутатуғын болған. Усы жол менен Рамазандағы ибадатқа таярлықты күшейткен. Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: "Мен Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның Рамазан айынан басқа ҳеш бир айда толық ораза тутқанын ҳәм Шаъбандағыдай көп ораза тутқанын көрмедим", - деген. (Имам Бухарий ҳәм Мүслим рәўияты).

Демек, бул ораза адамлар бирден ораза тутып, қыйналып қалмаўы ушын Рамазан айына таярлық ретинде тутылатуғын ораза деўге болады.

🔵 @MagzaniyshanUz


✏️✏️✏️✏️✏️✏️✏️✏️✏️
✏️✏️✏️✏️✏️✏️✏️
✏️✏️✏️✏️
✏️✏️✏️✏️✏️✏️✏️✏️

🔵 @MagzaniyshanUz


Күнлик ўазыйпа:

🤕Соллаллаҳу ьалайка я Росулаллаҳ 2000 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят


#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz


#ШАЬБАН_АЙЫ_КИРИП_КЕЛДИ

ШАЪБАН АЙЫ ҲАҚҚЫНДА

Пазыйлетли айлардан бири болған шаъбанда қылынған әмеллердиң саўабы жүдә уллы. Атап айтқанда, бул айдың биринши ярымында нәпил ораза тутыў уллы саўап ислерден.
Шаъбан айының 14-нен 15-не өтер кешеси ең пазыйлетли түнлерден бири. Бул кеше «Бараат түни» деп айтылады. Бараат түни бир жыл ишинде болатуғын ислер ҳаққында қаза - ҳүким қылынып, әжел ҳәм өмир белгиленеди ҳәм әмел саҳифалары Аллаҳ тааланың алдына көтериледи. Сол күни Аллаҳ тааланың рейими жер жүзине жаўылады.
Усама ибн Зайд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Мен: «Я Расулуллаҳ сизди ҳеш бир айда шаъбан айындағы киби көп ораза тутқаныңызды көрмедим?» деп сорағанымда, ол: «Бул ай ражаб пенен Рамазан ортасындағы ай болып, адамлар оннан ғәплетте қалады. Тийкарында бәрше әмеллер әлемлердиң Рәббисине мине усы айда көтериледи. Мен болсам ораза тутқан ҳалымда әмелим көтерилиўин қәлеймен», деди».
(Имам Насаий ҳәм Әбиў Даўыт рәўияты)

Ибн Мажа рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шаъбанның ортасындағы кешеде Аллаҳ таала былай мәрҳамат қылыўын айтты: «…Истиғфар айтыўшы бар ма? Оны мағфират қыламан. Ырысқы сораўшы бар ма? Оған ырысқы беремен. Бәлеге ушыраған бар ма? Оған аманлық беремен».
Шаъбан айында ийгиликли әмеллерди көбирек қылыўға қызықтырыўдан мақсет, бенделерди киятырған Рамазан айына физикалық ҳәм руўхый жақтан таярланып барыўларын тәмийинлеў болып та есапланады.

Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Шаъбанның ярымындағы кешеде Аллаҳ дүнья аспанына түседи ҳәм Баный Кәлбтың қойларының жүнинен де көп болған адамды мағфират қылады», деди». (Имам Ибн Мажа, Имам Термизий ҳәм Аҳмад рәўият қылған)
Баный Кәлб қәўими сол ўақытта пада-пада қойлары менен белгили болған. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шаъбан айының ярымында Аллаҳ таала жүдә көп гүналарды кешириўин түсиндириў ушын әне сол қойлардың жүнин мысал қылып келтирген.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Рамазаннан бир-еки күн алдын ораза тутпаңлар. Бирақ, ким (даўамлы ҳалда нәпил) ораза тутып жүрген болса, оны тута берсин», - деди». (Имам Термизий рәўияты)
Ким бир нәпил оразаны белгили күнлерде өзине ўазыйпа қылып алған болса, сол күн Рамазаннан алдыңғы күнлерге туўры келип қалса, ораза тутыўы мүмкин. Мысалы, көпшилик адам дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери нәпил ораза тутады.

Демек, шаъбан айының екинши ярымында нәпил ораза тутпаған жақсы, бирақ биринши ярымының ақырындағы кешеси де, оның ертеси де уллы пазыйлет ҳәм берекетли пурсат.

Дерек: Muslim.uz

🔵 @MagzaniyshanUz


🤲 ДУЎАНЫҢ ДА ҚАНАТЫ БАР

"Дуўаның рукнлери (шәртлери), қанатлары, себеплери ҳәм ўақытлары бар. Егер ол рукнлерине муўапық келсе, күшли болады. Қанатларына муўапық келсе, аспанда пәрўаз етеди. Ўақытларына муўапық келсе, табыслы болады. Егер ол себеплерине муўапық келсе, утысқа еристиреди. Оның рукнлери – қәлб таярлығы, жумсақлық, адам өзин хор тутыўы, кеўилди Аллаҳға байлап, бәрше себеплерден үзилиў. Ал, оның қанатлары – расгөйлик. Ўақытлары – сәҳәр ўақты. Себеплери – Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў".

📖 Ибн Атауллаҳ Сакандарий.

✈️ @MagzaniyshanUz


Сийратты үйрениўдиң тоғыз пайдасы

🌙 Расулуллаҳ алайҳиссалам ҳаққындағы сийрат китапларын оқыўға кирискен ҳәр бир инсан алдын ала сийраттың қәдирин ҳәм көп пайдалары бар екенин билиўи керек. Ҳәзир биз сизлердиң итибарыңызға олардан әҳмийетлилерин келтиремиз:

1. Қуранды түсиниўге жәрдем береди.
2. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлерин түсиниўде жәрдем береди.
3. Ислам ақыйдасын түсиниўде жәрдем береди.
4. Сийрат Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға ериўди үйретеди.
5. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға қарата муҳаббат пайда етеди.
6. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның саҳабалары ҳәм шаңарағына болған муҳаббатты пайда етеди.
7. Сийрат шәрий ҳүкимлерге алып барыўшы жол.
8. Сийрат мусылман, оның шаңарағы, үйи ҳәм жәмийетиниң мәдениятын үйретеди.
9. Сийрат бул руўхый бир саяхат болып табылады.

✈️ @MagzaniyshanUz


Күнлик ўазыйпа:

🤕Соллаллаҳу ьалайка я Росулаллаҳ 2000 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят


#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz


Forward from: УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ИСРОФЧИЛАР ШАЙТОННИНГ ОҒА-ИНИЛАРИДИР.

ЎЗБЕКИСТОН МУСУЛМОНЛАРИ ИДОРАСИ РАИСИ ЎРИНБОСАРИ УСТОЗ ЗАЙНИДДИН ДОМЛА

СУҲБАТНИ ТЎЛИҚ КЎРИШ УЧУН
ЛИНКНИ БОСИНГ👇👇

https://youtu.be/wUMOkokLWXk?feature=shared


#ҳикмет

   Ҳәр күниңди Нәбий алайҳиссаламға "саллаллаҳу алайҳи ўа саллам" деп салаўат айтыў, Рәббиңе шүкир етип, ҳамд айтыў, күле шырай қылған, разы болған ҳәм зикир қылған ҳалда Аллаҳтың кеңшилигин тән алыў менен басласаң қандай жақсы!

✈️ @MagzaniyshanUz


Күнлик ўазыйпа:

🤕Соллаллаҳу ьалайка я Росулаллаҳ 2000 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят


#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz


Ўақыттан неге береке кетти. Себеби:
1. Ўақытты қәдирлемей қойдық, оннан үнемли пайдаланбай атырмыз.
2. Шалғытыўшы нәрселер көбейип кетти.
3. Күнимизди дурыс режелестирмей атырмыз.
4. Кеш жатып, кеш турамыз.
5. Заман ақырлағанында ўақыттан береке кетиўи айтылған.
6. Асығамыз. Асыққан сайын ўақыт тез өтип атырғандай түйиледи.

Сәл еркин, қәтиржем ҳәрекет қылсақ, руўҳый қәтиржем болсақ, сонда ғана ўақтымызға береке кириўи мүмкин. Таўфиҳ Аллаҳтан…

✈️ @MagzaniyshanUz


ҲӘДИСИ ШӘРИЙФЛЕРДЕ ҚАРЫЙЛЫҚ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ

1. «Сизлердиң жақсыларыңыз Қураны кәриймди үйренип, үйретиўшилериңиз есапланады» (Имам Бухарий рәўияты).

2. «Қуранды шеберлик пенен оқыўшы қарыйлар уллы периштелер менен бирге болады. Тили қыйналып оқыйтуғын қарыйларға еки есе саўап бериледи». (Бухарий ҳәм Муслим рәўиятлары).

3. «Қуран оқың! Себеби, Қуран өзиниң қарыйларын қыямет күни шәпәәт қылады» (Имам Муслим рәўияты).

4. «Ким Аллаҳтың кәламынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап. Ал, саўап он есе көбейтип жазылады. «Әлиф, ләәм, мийм» ди бир ҳәрип демеймен, ал, Әлиф – ҳәрип, Ләәм – ҳәрип, Мийм – ҳәрип» (Имам Термизий рәўияты).

5. «Ҳәр ким Қуранды оқып, оған әмел қылса, Аллаҳ таала қыямет күни оның ата-анасының басына бул дүнья Қуяшынан да шырайлы нур бериўши тажды кийдиреди» (Әбиў Даўыт рәўияты).

6. «Қуран оқың! Себеби, Қуран жайласқан кеўилди Аллаҳ азапламайды. Бул Қуран Аллаҳтың зыяпаты есапланады. Ҳәр ким оның мийманы болса, ол аманда болады. Ким Қуранды сүйсе, оған хошхабар бар» (Имам Даримий рәўияты).

7. «Шашы исламда ағарған жасы уллы, Қуранды ядлап, онда терең кетип адасыўға дуўшар болмаған қарый ҳәм әдил патшаларды иззет-икрам етиў – Аллаҳты уллылаўдың түрлеринен» (Әбиў Даўыт рәўияты).

✈️ @MagzaniyshanUz


#тәрбия

🙄 Имам Шаўканий айтады:

"Егер бир адамның өз шаңарағы менен мәмилесинде жаман минезли, қопал ҳәм жақсылығы аз екенин, керисинше, шаңарағынан басқалар менен мәмиледе жумсақ фейил, минез-қулқы жақсы, шийрин сөзли болып атырғанын көрсеңиз, ҳеш бир гүмансыз, бул кимсе Аллаҳтың таўфиқынан маҳрум болғанын, ҳақ жолдан адасқанын билиң. Аллаҳ таала бундай иллетлерден сақласын!".

✈️ @MagzaniyshanUz


Күнлик ўазыйпа:

🤕Соллаллаҳу ьалайка я Росулаллаҳ 2000 мәрте)

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға". Тоҳа сүреси, 132-аят


#намаз_ўақытлары

@MagzaniyshanUz


Forward from: Shayx Nuriddin Xoliqnazar
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#muftiy_minbari

📹 ГУНОҲ ҚИЛГАН МЎМИН ҲАҚИДА АҲЛИ СУННАНИНГ ЭЪТИҚОДИ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook

20 last posts shown.