Усы жылы Қарақалпақстанда пуқаралардан 1,7 млрд сомлық электр энергиясы сатып алынды
Он айда Өзбекстанда 6,5 мың пуқараға электр тармақларына сатқан 10,56 млн кВт/саат қуяш энергиясы ушын 10,56 млрд сом муғдарында субсидия берилди. Соннан 5,75 млрд сомы август-октябрь айларына туўра келеди.
Субсидияның ең көп бөлеги Хорезм ўәлаятына ажыратылған — 2,4 млрд сом. Оннан кейинги орында 1,7 млрд сом менен Қарақалпақстан ҳәм 1,4 млрд сом менен Ташкент қаласы турыпты.
Қуяш панеллери арқалы ислеп шығарылған артықша электр энергиясы мәмлекет тәрепинен сатып алынады. Онда ҳәр бир кВт/саат ушын 1 000 сомнан субсидия бериледи.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар