Video is unavailable for watching
Show in Telegram
💰 Декабрьден турақ жайды оңлаў ушын ажыратылатуғын кредитке арза қабыллаў басланады
📑 Турақ жайды оңлаў ушын 120 миллион сумға шекемги ипотека кредитин ажыратыў ушын арзаларды қабыллаў 1-декабрьден басланатуғыны мәлим етилди. Бул кредит жеке тәртиптеги турақ жайды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын 20 жылға шекемги мүддетке ажыратылады.
☑️ Бунда дәслепки төлемниң бир бөлегин қаплаў ушын ажыратылатуғын кредиттиң 15 проценти муғдарында ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши бес жылы даўамында 12 проценттен өткен бөлегине субсидия төленеди.
💻 Кредит «Мәҳәлле жетилиги» усынысы тийкарында «Онлайн мәҳәлле» платформасында кәмбағаллықтан шығарыў индивидуал бағдарламасына киргизилген ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған шахсларға ажыратылады.
✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар