10 Feb, 19:54
10 Feb, 19:37
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Германияда билим алыў ҳәм оқыў имканиятларына бағышланған семинар болып өтти.
10 Feb, 19:08
10 Feb, 18:42
Хабарыңыз бар, ҳәзирги ўақытта Бажыхана комитетиниң Бажыхана институтына оқыўға кириўди қәлеўши талабанлар ушын қабыллаў процесслери даўам етпекте. Ҳәр жылы 1-январьдан 1-апрельге шекем даўам ететуғын қабыллаў процесслерине бажыханашы болыўды қәлейтуғын жаслардың ҳүжжет тапсырып үлгериўи ушын орынларда үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылмақта.
10 Feb, 18:24
Истиң көзин билгенге кең имканиятлар жаратылып атырған елимизде исбилерменлик тараўы жедел раўажланып, олардың мәмлекетимиз экономикасындағы тутқан орны жылдан-жылға артып бармақта. Бул болса, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизбекте.
10 Feb, 18:08
Бүгинги күнде мәмлекетимизде «жасыл энергия»дан пайдаланыў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта. Заманагөй альтернатив энергия дереклерин әмелиятқа кеңнен енгизиў арқалы энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыў мүмкин екенлиги өз тастыйығын таппақта.
10 Feb, 17:48
Ташкентте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров Халықаралық қаржы корпорациясы (ХҚК)ның Түркия ҳәм Орайлық Азия бойынша директоры Вибке Шломер басшылығындағы делегация ўәкиллери менен ушырасты.
10 Feb, 17:36
Ҳәзир үлкемизде әйне қыс мәўсими даўам етпекте. Қыстың қыраўлы күнинде жаздың жамалын, бәҳәрдиң гөззаллығын бағышлаўшы қолы гүл қыйтақ жер ийелери өзлериниң үй қапталындағы қыйтақ жерлерине ҳәр қыйлы палыз өнимлери менен бирге шырайлы гүллерди жетистирип, халқымызға усынбақта.
10 Feb, 17:12
10 Feb, 16:54
10 Feb, 16:18
Келеси 12 айлық мүддетте халықтың жоқары инфляциялық күтилмелери саўда тараўының ўәкиллери тәрепинен билдирилген.
10 Feb, 15:59
Қарақалпақстан медицина институтында өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшысы, шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәззел мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының туўылғанына 584 жыл толыўы мүнәсибети менен әдебий кеше шөлкемлестирилди.