Көбейсин ЕРНАЗАРОВ:
(Юмор-сатиралық гүрриң)
Газеталардың биринде корректор болып ислеп атырған Жийемураттың дыққатын алдындағы телефон қоңыраўы бөлип жиберди. Трубканы көтерди.
~"Алло, аўа мен! Қалайсаң достым, Мәмбет, үй-ишлериң аман ба? Не дейсең? Түк хабарым жоқ. Бахтыяр Кореядан келипти?! Барып шығайық дейсең бе? Әлбетте! Қурдасқа көз айдын айтайық. Мақул. Саат 6 да туннельде ушырасқайлы, келистик!".
Бул үш үлпет бир қалада жасап, бир мектепте оқыған болса да, кәсиплери ҳәр қыйлы еди. Арадан бираз жыллар өтсе де қарым-қатнасы баяғыдай. Арақ қой арақ, бир-бириниң ысытқан суўынан қуры қалмайды. Олардың ҳәр бириниң үйлениў тарийхы бир дәстан. Ҳәзирше ол жағын қозғамай-ақ турайық....
Солай етип, Жийемурат ўәдели ўақытта келисилген жерге жетип барды. Оны дағы досты Мәмбет Сайыпов әлле қашан күтип турған екен. Сол жерден жөнелисли таксиге отырып мәнзилге тартты.
Олар май өнимлерин ислеп шығаратуғын қоспа кәрханада технолог болып ислеп, Кореяда алты айлық стажировкада маманлығын жетилистирип қайтқан Бахтыяр "жуўазшы"ның үйине кирип барғанда: қызарып-бөртип әдеўир жерге барып қалған досты деген қосықты айтып қушағын жая умтылды.
~Аман-есен келдиң бе, жора?
~Сизлерди де көрер күнлер бар екен-аў, досларым!
Сол аралықта қурдасыга да көзайдын айтып үлгерди. Үш үлпет тиртеклесип мийманханаға өтти. Отырар-отырмастан-ақ Бахтыяр еки шийше менен бир шийше алып келди.
~Ҳәзир ғана қоңсыларды шығарып салдым,---деп қуйыстырыўдың әнжамына киристи.
~Ҳаў, достым! Бизлер бөридей ашпыз. Саған усап аўқатқа тойып, кекирип отырғанымыз жоқ,--деди Жийемурат.
~Ҳәзир бәри де "чоң су" болады,--деди Бахтыяр.---Алды менен Кореядан келтирилген теберик ден бир-бирден жиберейик, иштейиңди зор ашып қояды.
~Саў-саламат көргенимиз ушын!---деди Жийемурат.
~ден аямай қуйып бергениңиз ушын?!--деди Мәмбет
~Шайыр болып кетиңлер-а!--деди Бахтыяр.
~Ақыры, деген емес пе? Бизге де Жийемурат корректордан шырпы шөбиниң басындай болса да жуққан ғой, достым,--деп ҳәзилге айландырды Мәмбет.
басланды. Бахтыяр қәдимги кореец сериалларындағыдай бирден өңешине қуйып жиберди. Ал, еки досты қайнаған сүт ишкен сыяқлы бөлип-бөлип адақлады.
~Дәҳми қарекеңниң "боза"сына усайды екен,--деди Жийемурат.
~Анаў бир жыллары бизиң кемпир апамыз бийдайдан боза таярлап иштиргени ядымда. Қырық градусқа шекем қуўатлылыққа ийе десип жүрди билгишбайлар.
Тағы да қуйылды. Сол аралықта столдың үсти иштейди қытықлайтуғын бираз нәрселер менен толды. Демде чай менен қоса қуўырдақ та келтирилди. Жийемурат пенен Мәмбет аш бөридей тийисти.
~Дүньяның қайсы мүйешине барсаң да бизиң ға жетпейди,--деди Бахтыяр шийшени ашып атырып.
~Корректорлық хызметтиң жуўапкерли екенлигин билесең ғой,--деди Жийемурат.---"Урҳа--ур" менен басымыз айланып "жыйын-терим басланды" деген уранымыз "қыйын терим басланды" болып урылып кетпейик. Солай екен, маған емес, ға көбирек қуя бер. Ол тоңыртқадай тарта береди,--деди ойынлы-шынлы.
~Қойсаң-ә, сол паң-паңға толған мақалаларыңды. Қәтелессең келеси номерде дүзетиў берип қутыла қоясаң. Ал, биз мәс болып алжассақ пүткил елат суўсыз қалыўы тақыйық. Әне, жумыс деп соны айт, досларым,--деди Мәмбет.
~Гәп тамам, ўәссалам!--деп сөзди кести Бахтыяр.---Бизиң үйде бүгинше жумысты додалаў болмайды, тек те ишиледи. Алты айда бир рет ушырасып атырмыз. Көрген-билгенлеримди соң айтып беремен. Ҳәзирше барлық ықлас шарапқа қаратылсын! Қәне тарттық!
Жийемурат бәрибир сақланыңқырап ишти....
Үшинши шийшени таўысқанда Мәмбет қулады. Арман-берман шайқап көрип еди, болмады. Көп өтпей көпшикте жамбаслап жатырған Бахтыяр да "қор-қорға" кетти. Шамасы, менен тил табысқан болса керек, болмаса адамға екеўден ишкенде де беглигин бузбай жүрген жигитлерден еди ғой!