Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди
❗️Усы пәрман менен:
✅ 2025-2026-жыллар даўамында аўыл хожалығына арналған жерлерди ижараға бериў тәртиби жеңиллетиледи, яғный:
➡️ Мүддетин кейин ала созыў имканияты менен ижара мүддети 30 жылдан 49 жылға узайтылды.
➡️ 35 мың гектар бос турған аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады.
- электрон онлайн аукцион саўдаларында жер участкасының басланғыш баҳасы жер участкасының нормативлик баҳасының 20 проценти муғдарында, қайта пайдаланыўға киргизилетуғын жер участкаларының басланғыш баҳасы нормативлик баҳасының 10 проценти муғдарында белгиленеди;
- жер участкасының баҳасын 10 жыл даўамында бөлип төлеўге рухсат бериледи.
➡️ Электрон онлайн аукцион саўдалары арқалы ажыратылатуғын аўыл хожалығына мөлшерленген барлық түрдеги жер участкаларын ижараға алыўшылар аўыл хожалығы егинлериниң түрлери ҳәм көлемлерин, сондай-ақ, оларды жетистириў ҳәм агротехникалық илажларды өткериў усылларын бийғәрез жеке өзи белгилейди.
➡️ Ижараға берилетуғын жер участкаларының шетлеринде, 20 сотихқа шекем өлшемде мүлк ҳуқықысыз жеңил конструкциялы музлатқышлы қоймаханалар, сортлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў объектлери, суўды үнемлейтуғын технологиялар, суў сақлаў ҳәўизлери, дала шийпонлары ҳәм техника парклерин қурыўға рухсат етилди.
✅ Халықаралық финанс институтларын тартқан ҳалда жоқары қунлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлемин арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларында пайдаланылмай бос турған шарўашылық комплекслеринде ири ҳәм майда шақлы қарамалларды бағыўды жолға қойыў ушын азықлық егинлерин жетистириўге резерв жерлерден аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылады.
Толық оқыў
—
Ҳурматли Президентимизнинг Қорақалпоғистон Республикасини комплекс ривожлантириш, тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш ва аҳолининг фаровон турмушини таъминлаш борасидаги яна бир алоҳида муҳим фармони қабул қилинди
❗️Ушбу фармон билан:
✅ 2025-2026 йиллар давомида қишлоқ хўжалигига мўлжалланган ерларни ижарага бериш тартиби енгиллаштирилади, яъни:
➡️ Муддатини кейинчалик узайтириш имконияти билан ижара муддати 30 йилдан 49 йилга узайтирилди.
➡️ 35 минг гектар бўш турган қишлоқ хўжалигига мўлжалланган ер участкалари электрон онлайн аукцион савдоларига чиқарилади.
- электрон онлайн аукцион савдоларида ер участкасининг бошланғич нархи ер участкаси норматив қийматининг 20 фоизи миқдорида, қайта фойдаланишга киритиладиган ер участкаларининг бошланғич нархи норматив қийматининг 10 фоизи миқдорида белгиланади;
- ер участкаси нархини 10 йил давомида бўлиб-бўлиб тўлашга рухсат берилади.
➡️ Электрон онлайн аукцион савдолари орқали ажратиладиган қишлоқ хўжалигига мўлжалланган барча турдаги ер участкаларини ижарага олувчилар қишлоқ хўжалиги экинларининг турлари ва ҳажмлари, шунингдек уларни етиштириш ва агротехник тадбирларни ўтказиш усулларини мустақил равишда ўзлари белгилайди.
➡️ Ижарага бериладиган ер участкалари четларида, 20 сотихгача ўлчамда мулк ҳуқуқисиз енгил конструкцияли музлаткичли омборхоналар, саралаш, қайта ишлаш ва қадоқлаш объектлари, сув тежовчи технологиялар, сув сақлаш ҳовузлари, дала шийпонлари ва техника паркларини қуришга рухсат берилди.
✅ Халқаро молия институтларини жалб қилган ҳолда юқори қийматли қишлоқ хўжалиги маҳсулотларини етиштириш ҳажмини ошириш ва янги иш ўринларини яратиш мақсадида Бўзатов ва Тахтакўпир туманларида фойдаланилмасдан бўш турган чорвачилик мажмуаларида йирик ва майда шохли қорамоллар боқишни йўлга қўйиш учун озуқа экинлари етиштиришга захира ерлардан қишлоқ хўжалигига мўлжалланган ер участкалари электрон онлайн аукцион савдоларига чиқарилади.
Тўлиқ ўқиш
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети