Сабаққа кешигиў ямаса формада болмаў оқыўшыны сабақтан шығарып жибериўге себеп бола алмайды
Сабаққа кешигиў, оқыўшылар тәрепинен оқыў қуралларының алып келинбеўи ямаса мектеп формасының жоқлығы оқыўшыны сабаққа киргизбеўге тийкар бола алмайды. Билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процеси «нызамлылық, демократиялық, кемситиўге жол қоймаў ҳәм ҳүрмет» принциплерине тийкарланыўы керек, делинеди хабарда.
Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 28-июльдеги 246-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң ишки тәртиби ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары»на бола, муғаллимлер жәмәәт ағзалары ҳәм басқалардың шахсын, қәдир-қымбатын кемситиўи, оқыўшыларды сабақтан тийкарсыз шығарып жибериўи ямаса киргизбеўи ҳәм де қоңыраў шалынғаннан кейин оқыўшыларды класта услап турыў мүмкин емес.
👉 @Karakalpak95 - ИСЕНИМЛИ ХАБАРЛАР!