Соңғы жыллары
Өзбекстан көлеминде өткерилип атырған
ҳәр қыйлы жарысларымызда
Қарақалпақстанлы қосықшыларымыз,
сазенделеримиз қоллап-қуўатлаўшыларының, ықласбентлериниң алғысларына ылайық болып атыр.
Гран-При менен биринши орынлар
ийеси болып атыр.
Ҳәммеси халқымыздың
талантлы ул-қызларын қоллап-қуўатлаўы арқасында иске асып атыр.
Х-Faktor O'zbеkiston
жарысында
жерлесимиз
Ильяс Караматдинов қатнасып атыр ҳәм
усы жылдың 22-декабрь күн
Финал көрсетиўинде
28-декабрь күни болатуғын
Супер финалға жол алды.
Сонша мыңлаған қатнасыўшылардан
2 қатнасыўшы суперфиналға шықты.
Бириншиси: бизиң Ильяс Караматдинов,
екинши атқарыўшылар:
Ришат Rishat - топары ағзалары.
Ильяс - бизиң сүйикли шайырымыз
Ибрайым Юсуповтың қызы
Айжамалдың улы.
Марҳум жасыүлкенимиз,
Кәраматдин Салиевтиң ақлығы.
Конкурстың төрешилер ағзасы,
қосықшы
Лола Юлдашева:
"Бизиң көрсетиўимиздиң
жарқырап турған Қуяшы - бул
бизиң қатнасыўшымыз Ильяс болады" - деп
бизиң баламызға минезлеме берди.
Жарқырап турған
Қуяш баламызды қоллап-қуўатлайық.
Мияссар Дәўлетбаева
қызымызға да даўыс бергенимизде,
биз өзимиздиң аўызбиршилиримизди дәлийллеп едик,
Қуяш - Ильяс баламызға даўыс берип, қоллап қуўатлайық!