#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
️❗️Қатты турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясы ислеп шығарылады
Ташкент қаласы, Андижан, Наманган, Ферғана, Ташкент, Қашқадаря ҳәм Самарқанд ўәлаятларында қатты турмыслық шығындыларды жағыў арқалы электр энергиясын ислеп шығарыў инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы Президент қарарлары (ПҚ-116-санлы, ПҚ-117-санлы, ПҚ-118-санлы 24.03.2025 ж.) қабыл етилди.🔰Қарарға көре, бул аймақларда
экологиялық жағдайды жақсылаў, шығындыларды қайта ислеў тараўына заманагөй шешимлер ҳәм технологияларды енгизиў арқалы электр энергиясы ислеп шығарылады ҳәм тараўға
тиккелей инвестициялар тартылады.
️📜
Электр энергиясын сатып алыў ҳәм қатты турмыслық шығындыларды жеткерип бериў ҳаққындағы келисимлерге муўапық жойбарлаў компаниялары ислеп шығарылған электр энергиясын
30 жыл даўамында "Өзэнергосатыў" АЖ ға кепилликли тәризде сатады.
🗓
Инвестор ҳәм Жойбарлаў компаниялары 2025-2027-жылларда төмендеги муғдардағы өндирис қуўатлылығына ийе үскенелерди иске түсириўди тәмийинлейди, соның ишинде:
▪️
Ташкент ўәлаятында күнине 2,5 мың тонна шығындыларды термик усылда қайта ислеў арқалы
390 миллион кВт электр энергиясы;
▪️
Андижан ўәлаятында күнине 1,5 мың тонна шығындыларды термик қайта ислеп,
240 миллион кВт электр энергиясы;
▪️
Қашқадаря ўәлаятында күнине 1,5 мың тонна шығындыларды термик қайта ислеп,
240 миллион кВт электр энергиясы;
▪️
Самарқанд ўәлаятында 1,5 мың тонна шығындыларды термик қайта ислеп,
240 миллион кВт электр энергиясы;
▪️
Наманган ўәлаятында 1,5 мың тонна шығындыларды термик усылда қайта ислеў арқалы
227,5 миллион кВт электр энергиясы;
▪️
Ферғана ўәлаятында күнине 1,5 мың тонна шығындыларды термик усылда қайта ислеў арқалы
227,5 миллион кВт электр энергиясы.
📱
T/m 📱
F/b 📱
I/m 📱
T/m 📱
Y/T