Билимлендириў жаңалықлары


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Education


Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз.
Мүрәжат: @bilimlendiriwbot
Реклама: @channeladdsbot

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Education
Statistics
Posts filter


💰 Шет тили муғаллимине миллий сертификат мүддети жуўмақланғанға шекем 50 процент үстеме төлене ме?

📑 Шет тили бойынша сертификатқа ийе болған педагог кадрларға ҳәр айлық қосымша үстеме төмендегише төлениўи белгиленген:

2025-жыл 1-январьға шекем олардың тариф ставкасына 50 процент муғдарында;

2025-жыл 1-январьдан баслап олардың тариф ставкасына 20 процент муғдарында.

☑️ Сол себепли, 2025-жыл 1-январьдан миллий сертификатқа ийе болған шет тили муғаллимлерине төленетуғын 50 процентлик үстемелер 20 процентке түсирилген.

🗓 Бунда шет тили муғаллими тәрепинен алынған миллий сертификат қашан алынғаны ҳәм мүддети қашан жуўмақланыўы әҳмийетли емес.

☝️ Яғный, миллий сертификат 2025-жылға шекем алынған болса да, январь айынан баслап тек ғана 20 процент үстеме төленеди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


💰 «UzCard»тан келетуғын СМС хабардың баҳасы 2 есеге көтериледи

📆 1-марттан баслап «Beeline», «Humans», «Perfectum», «Ucell», «Mobiuz» ҳәм «UzMobile» операторларының абонентлери ушын 5800 номеринен жиберилген ҳәр бир СМС баҳасы 84,2 сумнан 168,4 сумға көтериледи.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


💰 1-марттан баслап айлық ис ҳақылар 10 процентке көбейтиле ме?

Экономика ҳәм финанс министрлиги
ҳәзирги ўақытта социаллық тармақларда ис ҳақы, пенсия ҳәм напақалардың 2025-жыл 1-март ҳәм 1-августтан 10 процентке көбейтилиўи ҳаққында тарқалып атырған хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынын мәлим етти.

Ис ҳақы ҳәм пенсиялар бойынша ҳәр қандай рәсмий мағлыўматлар тийисли мәмлекетлик уйымлардың рәсмий дәреклери арқалы жәрияланады.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️ Мектеп оқыўшыларының ЖООға имтихансыз кириў имканияты және биреўге көбейеди

☑️ Келеси оқыў жылынан баслап оқыўшылар арасында инженерлик олимпиадаларын ҳәм таңлаўларын өткериў жолға қойылады. Жеңимпаз болған питкериўши жаслар техникалық жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға киреди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❗️Нөкистеги бақшада жүз берген ўақыя бойынша министр мүнәсибет билдирди

Социаллық тармақлар арқалы Нөкис қаласындағы «Disney Kids» жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болған унамсыз жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Гүлистан Кожабаева мүнәсибет билдирди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


💰 Айырым ️студентлерге контракт төлеминиң 35 процентин төлеп бериў бойынша арзаларды қабыллаў басланды

📑 Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеген, әскерий бөлимлер командирлигиниң усынысына ийе болған, Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларына төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилген студентлердиң төлемли контракт суммасының 35 процентин Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен төлеп бериў бойынша арзаларды қабыллаў басланды.

📆 Арзалар 15-февральға шекем ЖООдағы жаслар жетекшиси тәрепинен қабыл етиледи. Арза тапсырыў бойынша қосымша мағлыўмат ушын факультет жаслар жетекшилерине байланысың.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


334-буйрук 43-илова (Мактаб).pdf
421.6Kb
❗️ ️Улыўма орта билим бериў мектеби (мектеп-интернат) хызметкерлериниң лаўазым миннетлемелери

📑 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2024-жыл, 16-октябрь күнги 334-санлы буйрығы менен Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги орайлық аппараты, аймақлық бөлимлериниң уставлары ҳәм министрлик жанындағы институтлар, қурамындағы шөлкемлер ҳәм билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң лаўазым миннетлемелери тастыйықланған.

👆 Жоқарыда усы буйрықтың 43-қосымшасы менен тастыйықланған улыўма орта билим бериў мектеби (мектеп-интернат) хызметкерлериниң лаўазым миннетлемелери менен танысыўыңыз мүмкин.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️Нөкистеги бақшада жүз берген ўақыя бойынша сорастырыў жумыслары басланды

🏣 Бүгин социаллық тармақларда жәрияланған ўақыя өткен жылдың 4-ноябрь күни Нөкис қаласы, «Дослық» МПЖ аймағында жайласқан «Disney kids» жеке меншик балалар бақшасында жүз бергенлиги, видеокөринистеги жағдай ҳақыйқатында да жәрдемши тәрбияшы тәрепинен әмелге асырылғанлығы анықланды.

📑 ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен дүзилген жумысшы топар ўақыя орнына барып үйрениў жумысларын алып барды. Сондай-ақ, шөлкем тәрбияшылары ҳәм ата-аналар менен сәўбетлесип, болған жағдайға анықлық киргизди.

☑️ Бул жағдай бойынша анықланған мағлыўматлар ҳуқық қорғаў уйымларына усынылып, ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары басланды.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

9.4k 2 138 15 28

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❗️Нөкисте бақша тәрбияшысы балаларға физикалық күш ислетти — видео

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

12.3k 1 408 38 65

❗️ ТИТУ Нөкис филиалының жумысы тоқтатылады

Президенттиң 2025-жыл 24-январьдағы ПҚ-25-санлы қарарына муўапық, Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институты ҳәм Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы тийкарында Нөкис мәмлекетлик техника университети шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының жумысы тоқтатылады.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис мәмлекетлик техника университетин шөлкемлестириўди муўапықластырыў бойынша жумысшы топар өз жумысын алып бармақта.

Сораў ҳәм машқалалар, дебитор ҳәм кредитор қарыздарлықлар бойынша 61-222-46-12 телефон номерине байланысыў соралмақта.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

7.9k 11 102 14 34

Video is unavailable for watching
Show in Telegram
👩‍💼Қарақалпақстанның шетки аўылындағы 1-класста бир оқыўшы оқыйды

Мәлим болыўынша, аўылда тек 20 шаңарақ қалған. Сонлықтан аўылдағы қазақ мектепте оқыўшы саны аз. 1-классқа тек бир оқыўшы қабылланған. Қалған классларда болса 30 оқыўшы оқыйды. Оқыўшы саны аз болыўына қарамастан, мектеп өз жумысын даўам етпекте.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

8k 0 48 7 39

@bilimlendiriw_uz телеграм каналының тийкаршысы Бекберген Әдилбаевтың жеке дөретиўшилик каналы ашылды

Сизлерге 2 жылдан аслам ўақыттан берли билимлендириў тараўына байланыслы жаңалықларды бөлисип барып атырған @bilimlendiriw_uz телеграм каналының тийкаршысы Бекберген Әдилбаевтың жеке дөретиўшилик каналы ашылғанлығын мәлим етип билдиремиз.

Каналға ағза болыў: @bekbergen_adilbaev


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Мектеп формасындағы қызлар юбкасы дизеден кеминде 5-15 см төменде болыўы керек

Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар, қызлар юбкасы дизеден кеминде 5-15 сантиметр төменде, ул балалар шалбарының узынлығы болса тобығынан төменде болыўы керек.

Сондай-ақ, оқыўшылар көйлегиндеги илгеклердиң ең жоқарысындағы тек ғана биреўинен басқа барлық илгеклер қадалған болыўы керек.

Буннан тысқары, қыз балалар өзлериниң жүзин көзге көринетуғын дәрежеде макияж етиўи пүткиллей қадаған етиледи.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


🔥 Нөкис Президент мектебиниң оқыўшысы IELTSʼтан 8 балл алды

Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 10-класс оқыўшысы Меҳрибан Нуржанова IELTS имтиханынан 8 баллды қолға киргизди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

6k 3 50 12 74

📆 Бүгиннен баслап математика, физика, тарийх ҳәм география пәнлеринен миллий сертификат имтиханы ушын дизимге алыў басланды

❗️️Бүгин, 3-февральдан 9-февральға шекем математика, физика, тарийх ҳәм география пәнлеринен миллий сертификат имтиханы ушын талабанларды дизимге алыў процесслери болып өтеди.

💰 Төлемлер болса 10-февральға шекем әмелге асырылыўы мүмкин.

📕 Тест сынақлары 22-23-февраль күнлери өткериледи.

📉 Нәтийжелер 25-март күни жәрияланады.

📚 Улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежесин анықлаў бойынша тест сынақлары январь, февраль, март, апрель ҳәм май айларында өткериледи.

📇 Тест сынағы ушын талабанлар my.gov.uz сайты арқалы онлайн түрде дизимге алынады.

📍 Дизимнен өтиўде талабанлар өзлерине қолайлы болған аймақты таңлаған ҳалда сол аймақтағы тест сынақларында қатнасыўы мүмкин.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


🏣 Енди Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Қарақалпақстан медицина институты «OpenBudget»те қатнаса алмайды

📑 Олий Мажлис Сенаты кеңесиниң 2025-жыл 13-январьдағы қарарына тийкар, «Басламалы бюджет» процесин өткериў бойынша әмелдеги тәртипке тийисли өзгерислер киргизилди.

📆 Оған бола, өзин-өзи қаржыландырыў системасына өтилгени есапқа алынған ҳалда, 2025-жылдың 1-мәўсиминен баслап финанслық жақтан еркин болған ЖООлардың басламалы бюджет процесслеринде қатнасыўына рухсат етилмейди.

☑️ Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасындағы 2 ЖООғаБердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Қарақалпақстан медицина институтына финанслық еркинлик берилген еди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Нөкис техника университети шөлкемлестириледи

Президент Шавкат Мирзиёев басшылығындағы жыйналыста Нөкис, Бухара, Ферғана ҳәм Наманган техника университетлерин шөлкемлестириў жойбарлары презентация етилди. Оған бола, жаңа бағдарлар ашылып, сырт ел бағдарламалары енгизиледи, студентлердиң илимий-инновациялық процесслердеги қатнасы кеңейтиледи, жоқары оқыў орынларына санаат бирге ислесиўшилери бириктириледи.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🍝 Мектеплерде сатылыўы қадаған етилген өнимлер ҳәм аўқатлар дизими

🌮 Улыўма билим бериў мәкемелеринде рухсат етилмейтуғын 38 түрдеги азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамларының дизими менен танысың.

📑 Бул дизимдеги өнимлерди сатыўға жол қойыў нызамшылық шеңберинде жуўапкершиликке себеп болады.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


🧑‍💻 Қарақалпақстанда билимлендириў тараўына байланыслы вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәрияланды

📑 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәрияланды. Олар:

▪️ Нөкис қалалық бөлими баслығы — силтеме;
▪️ Шымбай районлық бөлими баслығы — силтеме;
▪️ Елликқала районлық бөлими баслығы — силтеме.

🗓 Арзаларды қабыллаў 14-январь күни саат 23:59 да өз жуўмағына жетеди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Мектеп директоры оқытыўшыдан дөгерек шөлкемлестириўди талап етиўи мүмкин бе?

📑 Хабарыңыз бар, Улыўма орта билим бериў мектеби (мектеп-интернат) хызметкерлериниң лаўазымлық инструкцияларында оқытыўшының лаўазым миннетлемелери белгилеп берилген.

👩‍💻 Оған бола, муғаллим пәнлерди өзлестириўде қыйналып атырған ҳәм қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў мақсетинде өз пәни бойынша дөгерек шынығыўларын шөлкемлестириўи керек.

☑️ Солай екен, мектеп директоры оқытыўшыдан өз пәни бойынша дөгерек өтиўди талап етиўи мүмкин. Бул ҳуқықый тийкарға ийе.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

20 last posts shown.