Өмирдеги, тарийхтағы әдиллик, ҳақыйқатлық, адамның қәдир ̶қымбаты ҳәм инсан азатлығы ушын мәңгилик гүресте — шығыс ҳәм батыс еллери данышпанлары Фердаусий, Омар Ҳайям, Саади, Хафиз Шерозий, Жәмий, Наўайы, Абай, Мақтымқулы, Бердақ, Әжинияз, Байрон, Бальзак, Шекспир, Гёте даналықларына айрықша кеўил бөлип, биринен соң бири даўам етип, узақ сөйлести.
Мәнәўий суўсынланыўдан кеўили толқыған Хожамберген аға бирден орнынан турып:
̶ Тилеўберген аға, усы көкирегимдеги алтын жулдыз Сизге көбирек жарасар еди, ̶деп кемтаршылық пенен айтып салды.
Сонда шайыр,
̶ Достым Хожамберген, қандай инсаплы адамсыз?! Адам ушын ең жақсы тәж ̶тахт ҳәм бахыт халық ҳүрмети болады. Халық Сизди төбесине көтерди, қаҳарманлық атағыңыз өзиңизге қутлы болсын. Сизиң 1968 ̶1970 ̶жыллардағы әдеп ̶икрамлық ҳаққындағы үндеў мақалаларыңызға ел сүйсинди. Тәлим ̶тәрбияның, бизлер теорияшылары болсақ, Сиз оны иске асырыўшы, жасларға үйретип атырған әдиўли устазсыз. Халыққа хызметиңиз киноға да мазмун болды. Оның үстине сизлер Жаңыл келин менен екеўиңиз он баланы кәмалға келтирип, диянатлы зиялылар етип өмир космосына ушырған қос қаҳарманларсыз, ̶ дегенинде, бул ҳақыйқат сөзлерге меҳрийбан устазымның көзине жас үйирилди. Олардың кеўиллери тиллести!
Суўырып салмай, төкпе шайыр болыў ҳәм дөретпелерин яд айтыў, яд биле бериў, бул өз ̶өзинен болатуғын нәрсе емес! Бул ɵзгеше бир таланттың, соның менен бирге, қәбилетти көп шынықтырыўдың, өмир бойы оқып үйрениўдиң, тилди терең билиўдиң жемиси екенлиги сөзсиз! Оның үстине Тилеўберген аға араб ̶парсы, түркий ҳәмде орыс тиллерин билетуғын, қосықларын ески жазыўда арабшада жазатуғын еди.
Иләҳий таланты қаншама мол болғаны менен, қанша суўырма шайыр десек те, Тилеўберген аға, егер кеўилине қонбаса, «буйыртпа» менен қосық шығаралмайман!» - дейтуғын еди. Бирақ, кеўили сүйсинген ўақыяларға, халқымыздың, мийнет табысларына, елдиң раўажланыўына, қаҳарманлардың зәбердесликлерине аянбай шын кеўлинен жазады. «Шайыр аға, перзентиме ат қойып, қосық жазып бериң» деген ҳақ кеўилли, мийнеткеш, әпиўайы пухараның илтимасына кеўиллери елжиреп, қосық қатарларын төгип ̶төгип салғанын да талай көрдим.
̶ Оныншы әсирлерде жасап өткен Туслық данышпан Әбилқасым Фердаусий, ҳүкимдар Махмуд Ғазнавийдиң Иран тарийхының поэзиясын жаратыў ҳаққындағы буйыртпасы менен, «Шахнама»ны отыз жылда жазып тамамлағанында, ̶ деп сөз баслаған еди Тилеўберген аға, сырласыўларымыздың биринде, ̶ ҳүкимдар поэманың ҳәр жуп қатарына жуп алтын менен қәлем ҳақы төлеў ҳаққындағы ўәдесинен тайып, сол муғдарда гүмис берипти, деген де рәўаятлар бар. Шайыр «қәлем ҳақы»ны үшке бөлип, бир бөлегин «ҳақы»ны жеткерген шабарманға, екинши бөлегин монша қараўылына, үшинши бөлегин суў сатыўшыға таратыў менен наразылығын билдирипти де, көзден тасаланып, ғайып болыпты. Ҳүкимдар ғәзепленип, шайырдың исминиң аталыўын да қадаған еткен.
Арадан жыллар өтип, бир күни султан, ўәзирлериниң «тилинде жүрген» қонымлы қосық қатарларын еситип, «мәртликти арттырыўшы бул әжайып қосықты ким жазған?!» деп таңланады. Жуўапты еситкеннен соң өзиниң қандай қәтеге жол қойғанын аңлайды. Ҳәм шайырға байлық толы кәрўанды жоллайды. Кәрўан шәҳәр дәрўазасына киребергенинде, екинши дәрўазадан шайырдың денеси салынған табыт алып шығылмақта екен.
Әне сондай!... Инсан өмириниң ҳәр бир деми ғәниймет. Талант ̶ елдиң мәртебеси. Ең әдил сыншы да, ең әдил «буйыртпашы» да халық. «Байтеректиң тамыры да тереңде, мәртебениң гилтин изле халықтан» деген Тилеȳберген аға. Илҳәм дереги ̶ халықта, мейли, басшысының, мейли, қосшысының болсын, нийетинде, хызметинде. Қулласы, адамлардың жақсы жасаўы ушын гүресип атырған жәмийетте.
Жүрегимниң түпкиринен шығарған,
Мәпи ушын жаратылса шығармам.
Ел алғысы мениң ушқыр қанатым,
Еле талай шарықлаўға шығарман, ̶ деп пикирлерин жуўмақлаған еди ол сол сапары.