Тилеўберген Жумамуратов


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Edutainment


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, «Халықлар дослығы», «Ҳүрмет белгиси» орденлериниң ийеси Тилеўберген Жумамуратовтың поэзиялық каналы.
Байланыс ушын: @Tilewbergen_Jumamuratovbot

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Edutainment
Statistics
Posts filter


Video is unavailable for watching
Show in Telegram


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🎗🎗🎗🎗🎗🎗

Муҳаббат қарамас үлкенге жасқа,
Бирақ ҳәр мәўсимниң самалы басқа.
Муҳаббат қәдирин билмеўши де бар,
Маңлайы диңк етип тийгенше тасқа.

Мөлдиршиндей сулыў тартып мыйығын,
Бетин басты салып көздиң қыйығын.
Ынтықса да жигитине айтпады,
Қара сүйдим деўдиң сонша қыйынын.

Тилеўберген Жумамуратов

🎙Асадбек Қуралтаев

Канал:
@Tilewbergen_Jumamuratov


ТЕҢИЗ ЖАҒАСЫНДА

Күн ғыжлап балқыса қум менен тасы,
Суўдың ләм ҳәўири қайтарды таўын,
Узақтан көринген өрттиң шуғласы,
Аспан түслигине сызды бояўын.

Катер қасқалдақтай тық-тықлап әдеп,
Заводтың әтирапын кем-кем жаңлатты,
Комбинат үстинде бақырған гудок,
Аспан әлемине шуўдасын атты.

Нәзер етсем Арал теңиз жағына,
Жардай толқын шарпып урар жағасын.
Бойын жыйнап, гүрс етеди тағы да,
Жел сырнайы ызыңлатты намасын.

Көшкисинде ыбыр-жыбыр қайық бар,
Жерден аўлақ, бес-он метр қашықта.
(Қапталынан шапшып өтер балықлар)
Өртекедей ойнақлайды ашықта.

Қалақ ойнап қырдан суўға секирип,
Жаслар да жүр қызыққаннан жалықпай.
Асаў теңиз жулқынса да көпирип,
Булар оны мисе тутпас балықтай.

Көлде жүзген аққуўлардай сызылып,
Булдырайды балықшының желқомы.
Ықлас пенен қарап турсам қызығып,
Балдызымдай суў шашады толқыны.

Тал-тал келер бүлбиллердиң даўысы,
Жырлағандай мийнеткештиң жеңисин.
Бас шайқайды жекен, пишен, қамысы,
Қус концерти жаңғыртып тур көл ишин.

Ғайыр нағыш көк пароход бир жақта,
Сапар шекпек болып берди хабарды.
Бәри қызық. Жалтақлайман жан-жаққа.
Көринис тап сахналардай жаңғарды.

Сүңгигирдей мотоплюк айдаған,
Келди маған Гүлперийза қурдасым:
-Таў артында үш-төрт жылым майлаған,
Шайыр қурдас, айтпайсаң ба ҳармасын?!

Барғың келсе моторыма мин,-деди.
Жүрексинип турдым бираз ойланып.
-Қоян жүрекписең, қурдас сен,-деди,
Уялғаннан зорға миндим қыйланып.

Мотор бирден зуўлап кетти қуйындай,
Ҳәрекетте Перизийзаның билеги.
Толқын шапшып, қарпып алар жайындай,
Мен қорықсам, ол шақақ атып күледи.
-----
Тилеўберген Қуппатулла улы.


ЖЫЛКЫШЫ
(Халық аңызы)

Қасына қойып қурықты,
Астына төсеп урықты,
Жулқынып аққан дәрьяға,
Жылқыман қарап турыпты.

Батып-шөмип қалықлап,
Деми қысып ҳалықлап,
Ҳәлсиреген биреўди,
Көрип қалды анықлап..

Зуўлатып ағыс жүйриги,
Тартып Әмиў ийрими,
Мантыққан сол сорлыға,
Келди буның мийрими.

Қурал етип қурықты,
Суўға қулаш урыпты.
Қурықты белден илдирип.
Қырға қарай бурыпты.

Ҳәпзаматта қутқарды,
Дизеге бүкке жатқарды.
Арқасынан дүмпишлеп,
Иштеги суўын ақтарды.

Танаўынан суў атты,
Сулық болып көп жатты.
Белгили ўақыт өткен соң,
Есин жыйнап тил қатты:

-Шикарға шығып елимнен,
Зорға қалдым өлимнен
Дәрья менен тартыстың,
Қурық салып белимнен.

Мақтансын елиң, аймағың,
Әйгили ханы Хийўаның.
Әсфендияр тап өзим,
Ийеси барлық дүньяның.

Аярым жоқ жанымнан.
Келеди бәри ҳалымнан.
Керегиңше алабер,
Гәзийнемнен, малымнан.

Изиме ҳәзир ересең,
Үлкен бахыт көресең.
Бүгинен баслап Хийўаға,
Сен де үлкен төресең!-

Деп, ол өзин танытқан,
Дурыс, мине, анық хан.
Жылқышы буның атағын,
Еситип жүрген халықтан.

Жылқыман да жигерли,
Қуўанбады, түнерди.
Булттай болып минезин,
Өзгертти де жиберди.

-Байлыққа жоқ жарысым,
Ҳамалға болмас тарысым.
Қутқарыў- иси ҳәммениң,
Адамшылық ар ушын.

Ергим келмес қумартып,
Мийнетте қол қабартып,
Халық пенен дәўран сүргеним-
Ханлығыңнан мың артық.

Қызбайман дүнья алғанға,
Тилим бармас жалғанға,
Қандай бахыт табылар,
Сарайыңа барғанда?!

Қылт-қылт етип қысылмай,
Ҳеш кимге жәбир усынбай,
Өзиме өзим хан болып,
Жүргеним мақул усындай-

Деген ўақта бул киси,
-Надансаң сен, жылқышы,-
Деп сықақлап сөз айтып,
Ханның келди күлкиси.

-Надан десең, наданман,
Бирақ, мен де адамман.
Сениң менен дос болсам,
Ҳәмме ушын жаманман:

Елге қәдириң қалмаған,
Ханлық бахыт болмаған.
-Қутқарды- деп тил қатпа,
Үлкен сыйлық- сол маған.

-Деди нықлап жылқышы,
-Мине, мәртлик үлгиси!
-Себеп, халықтан қорқаман,-
Деп те қойды бул киси.

Қурал етип ҳамалды,
Белгилеме шамаңды.
Халық-тәрези, өлшеп тур,
Жақсы менен жаманды.

Тилеуберген ЖУМАМУРАТОВ:
#сатира #юмор


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Тилеуберген шығармалары көп тиллерде. 2014.


Қарақалпақ жасларының гештеклери хаққында Тилеуберген шайырдың айтқаны:

Билесиз ғой, қарақалпақ дəстүрин,
Қыз-жигитлер жыйналысар кешқурын.
Бəйит, жуўап, ойын-күлки, бəз-байрам,
Пəренжисин көрген емес ескиниң.

Адам улын өзинен жат санамас,
Қул да болса отырады аралас,
Мейли төре, мейли жарлы, мейли бай,
Ҳеш бириниң дəрежесин сорамас.

Алды менен қəдирлейди ағаны,
Мейли, оның жыртық болсын шапаны,
Жасы киши отырады сүўреттей,
Рухсатсыз қыймылдамай табаны.

Қонақ келсе есапланар уллырақ,
Мейли төре, мейли болсын қул, бирақ,
Иззет пенен орын берер төринен,
Хызметинде пəйик болар қулдырап.

Қыз-жигитлер отырыпты сап тартып,
Жеңгелери жигитлерге шəрт айтып,
Жилўа менен пинҳамы сөз қозғайды,
Ишки сырын ҳəзил менен ақтарып.

Сөз таппаса, қозғастырып қыйнайды,
Ҳəлин билсе, масқараға қыймайды.
«Шырп» еттирип айтып қойыў бийўаж гəп,
Отырыспаның қəдесине сыймайды.

Жигитлери ғаздай қатар дизилип,
Қызлар отыр қаршығадай сызылып,
Түргеп келип кесе берсе арыўлар,
Мийман кеўили көтерилер қызығып.

Ишип қонақ көтермекте кесесин,
Күлим қағып, еплеп басып өкшесин,
Гөззал алып кейин қарап жылыслап,
Тик қадалып келтирмекте нəшесин.

Сөз айтылмас берилгенше гезеги,
(Гей жасларды дүзейтуғын тез еди).
Қуўқыл сөзли, өр минезли тентекти,
Дəлкек күлки балғасында езеди.

Адамшылық ушын кетти жарыспақ,
Үлкен айып-ерегиспек, тарыспақ,
Отырыспа ҳəр биреўдиң минезин,
Өлшеп қояр бармақ пенен қарыслап.
----------
Тилеуберген Жумамуратов. "Отырыспа" деп аталған Аббаз шайырға арналған поэмасынан үзинди.


ХАЛЫҚ ШАЙЫРЫ ТИЛЕЎБЕРГЕН

Жыр байрамы еллисинде,
Өткен шайыр Тилеỹберген.
Ҳаỹазасы ел ишинде,
Кеткен шайыр Тилеỹберген.

Қәдирлеген қәлем жанын,
Ишкен сөздиң зәмзәм палын,
Шеберликтиң сәранжамын,
Уққан шайыр Тилеỹберген.

Халық мийрасы нусқасынан,
Тәсирленип жас басынан,
Күш-таланттың арқасынан,
Аққан шайыр Тилеỹберген.

Айтамыз ҳүрмет ҳармасын,
Халқы сүйген аỹдармасын,
Сөзлердиң ықшам нормасын,
Тапқан шайыр Тилеỹберген.

Кеỹили болған көпшиликтиң,
Көрки болған қыз-жигиттиң,
Не қылỹасын Мәспамбеттиң,
Қуртқан шайыр Тилеỹберген.

Жөнсиз алағайымларды,
Жүзегөй «әлпайым»ларды,
«Тирийек жутқан жайын»ларды,
Тутқан шайыр Тилеỹберген.

Күлкиси қыз ҳәзилиндей,
Ғарры-жасқа сөзи бирдей,
Жайдары минези гүлдей,
Хош ҳал шайыр Тилеỹберген.

Сатираның шын дийханы,
Халқы ушын көп жыйғаны.
Юмор-сықақ картинаны,
Баққан шайыр Тилеỹберген.

Ер хызметтен алғыс көрер,
Мийнет пенен маржан дөрер,
Жырлары көп еле берер,
Шаққан шайыр Тилеỹберген.
*
САДЫҚ НУРЫМБЕТОВ - Өзбекстан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры
(«Қарақалпақстан жаслары» газетасы 7-март, 1967-жыл)






Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🎗🎗🎗🎗🎗🎗

Шын ашықлар бир қыз ушын зарлаған,
Сенде жүрек муҳаббаты қалмаған.
Шын ашықлар излемейди басқаны,
Сенсең мени «ашықпан» деп алдаған.

Тилеўберген Жумамуратов

🎙Асадбек Қуралтаев

Канал:
@Tilewbergen_Jumamuratov


"Макарья сулыу" поэзиялық роман (Т.Жумамуратов) жүзеге шыққалы көп ата-аналар қыз перзентлерине Макарья деп исм қойды. Макарья сулыу деген де исмлер бар.

Бул Макарья деген бир қыздың социал тармақтағы публикациясы екен.








ТИЛЕУБЕРГЕН ЖУМАМУРАТОВ

"ГƏПЛЕСИУ"

Гəп табамыз дослар менен отырсақ,
Зыян емес сөз бенен таң атырсақ,
Ел дөреткен ғəзийнелер аз емес,
Өсек пенен өтириктен қутылсақ.

Ғыйбат пенен кеуиллерин хошлаған,
Қандай шайыр бурқымаған, таспаған?!
Көрингенди туу сыртынан жаманлап,
Сениң өзиң артықпысаң басқадан?!

Хеш уақытта күнлемейди досларды,
Ушқыр болса, өрлей берсин асқарды,
Жаманласам ким инанар сөзиме,
Сырттан айтып қозы десем қошқарды.

Күнлемеймен, мейли мени күнлесин,
Көмек ушын шақырсын өз үнлесин,
Хешбиреуге қарызым жоқ таланттан,
Биреу билсин, мейли биреу билмесин.

Жолдасларым-қара шығар, ақ шығар,
Көтерилсе, дəулет шығар, бақ шығар,
Шайырларды сырттан өлшеп отырған,
Ең ақыллы халық деген сақшы бар!


ТЕӉИЗ БЕНЕН К¤П ОЙНАМАӉ
Гейпара басшыларға
——- —
Әўез неге жүрмей қалдың?
Кемшиликти көрмей қалдың.
Ҳәзир ҳәмме алға кетти,
Сен оларға ермей қалдың.
-------------------
Толмай қалды балық, майың,
Жүдә төмен өткен айың,
Айыбыңды айтпайын мен,
Тезден жақсырт истиң жайын.
-----------
Васильчуктен турман суўып,
Болмадың бир иске жуўық,
Әўез бенен Жумабайдың,
Кетип турсаң жолын қуўып.
-------------
Көринбедиң, Байшек ҳарма?
Еткен исиң қарма-жарма,
Қоңыратқа көп барасаң,
Базарда да балық бар ма?
-----------
Ўәде берген Шора батыр,
Мергеншилик етип атыр,
Балық пенен жумысы жоқ,
Аў-дузағы қырда жатыр.
-----------
Жүрдиң Сәрсен талтаң-талтаң,
Қолдан түспей көкнар қалтаң,
Сайытты да үйреттиң бе?-
Болып тур ғой саған жалтаң.
-------------
Кейип етипсең көкнар, шайды,
Орынламай өткен айды,
Неге тезден оятпайсыз,
Уйықлап жатқан Николайды?!
----------------
Балықлар жүр аўзын ашып,
Сизлер жүрсиз одан қашып,
Районға келген ўақта,
Тоқтап қалмаң басты қасып.
------------
Ойламайсыз, қалармыз, деп,
Бир масқара болармыз деп,
Балықларды қырға таслап,
"Ендиги жыл алармыз" деп.
-------------
Махамбет-те қалды жатып,
Әжим кетти үйрек атып,
Қоңсылары алып атыр,
Шабақларды тыпырлатып.
------------
Олардың ҳеш хабары жоқ,
Бул жүристен табары жоқ,
Майлы үйрек жеген менен,
Планына тамары жоқ.
------------
Нәтийже жоқ Тәжибайдан,
Проценти өссин қайдан?!
Көлге бармай айланшықлап,
Шықпастан жүр базар жайдан.
-----------
Жүрген жерде арақ тайын,
Ондай иске жүдә қайым,
Басы қызып таппай жүрме,
Салатуғын жылым жайын?
-----------
Жақсы демең бул барысты,
Нәпси ушын атланысты,
Теңиз бенен көп ойнамаң,
Қойдым мен басқа тарысты.
--------------
Тилеуберген Жумамуратов. Мойнақ. 1947-жыл, апрель.






Мурат – инженер, дәўир перзенти, исбилермен, «Қаратаў» экспедициясында Қаратаў жер асты байлықларын үйрениў, қәстерлеў менен бәнт.
Генжетай Диляра ̶ Киевте саўда экономикалық институтын питкерди, эксперт, баҳа бойынша экономист, ревизорлық жумысларда мәселелерди, ата ̶анасындай әдил шешип жүр.
Өз шығармаларында, перзентлерин тәрбиялаўда ҳәм ағартыўшылық хызметинлеринде, поэзиясында миллий ҳәм улыȳмаинсанлық мәселелерди даналық пенен басшылыққа алған Тилеўберген Қуппатулла улы ̶ Наўайы, Абай, Жамбыл, Мақтымқулы, Бердақ, Әжинияздың алтын мийрасларды даȳамлап, эволюциялық жолда байытып барыȳшы, ғәрезсиз өз пикирине ийе, егер дөретпелери басқа халықлар тилине толық аўдармаланғанда ҳәммелерине ортақ мақтаныш, зия тарқатыўшы Қарақалпақстанлы саялы үлкен байтерек, иләҳий талантына ҳәмме тәжим ететуғын, изи өшпес, сөзи өлмес данышпан, улыўмахылықлық инсан ҳәм шайыр.
Нептун, Жер, Ай, Шолпан ̶ бәри серигиң,
Олар жүзер әтирапыңда айланып.
Әўелинде жаратыўшы сени ким?
Ҳайран болдым, сол ҳаққында ойланып.
Тилеўберген ағамыздың дөретпелери халқымызды ойландыратуғын, мәңги нур жазыўшы жулдыз, ай ҳәм қуяш болып қалады деп исенемиз.
….Емлеўхана шыпакери болғанымыздан соң, көп инсанлардың өмир менен гүресип атырған аўыр демлердеги пәзийлетлери есимизде қалады.
Көп шаншыўдан тамырлары ҳәлсизленгеннен бе, ямаса организм тартпады ма, азанда бас шыпакер сыпатындағы «обход»қа келсем, Тилеȳберген ағаның қолы исип кеткен екен. Организмниң индивидуал ҳалатына бийпәрўа қараған қайсы шыпакер яки ҳәмшийра?! ̶ себебин биле алмай сарсаң едим. Сонда Тилеўберген аға илтимас етти:
̶ Бәри пидә болып жүр-ғой, әдейиден ислеген жоқ...
Мине, усындай, дәрттен «сиркеси суў көтермесе» де беглигин бузған емес.
Мийўе берди шабытымның жемиси,
Нағыз шыңға шыққан гезим тап усы.
Бахыт пенен және қырық жыл жасасам,
Болмас еди ̶аў, бир қәбирдиң кемиси, ̶
деп өмир ̶ қыймаслық екенлигин көрсетиў менен, қәдирлеўди нәсиятлаған, ақыретин де умытпаған инсан, енди, апрель ақшамының мийўели тереклери гүлге малынып, өмир жаңаланып атырған мәўритлерде шүкиршилик етип, «барлық жанның ҳуқықы тең биз бенен, келгенлерге босатамыз орынды» дегендей, саламатлықтан «иллә» деп шағым жасап сыр берместен, тилеклеслиги менен көз алдымызда сөнип бармақта еди!...
ϴмириниң соңғы деминде де, рецепт қағазға ақырғы нəсиятларын дизип кеткен екен:

Қартаймайтын, өлмейтуғын адам жоқ,
Өмир деген жанып турған қызыл шоқ.
Бир сөнген соң сирә қайтып жанбайды,
Жанады деп болып жүрмең кеўил тоқ ...

Ким болса да түссе әжел қақпаны,
Жанға жәрдем бермес олжа тапқаны,
Бул дүньяны көрип болдың деген сөз,
«Қылт» еттирип табыт бетин жапқаны.

Ўәлийлик жоқ келешекти болжаған,
Әрмансызбан бахыт деген олжадан.
Бул дүньяда мың жасаған адам жоқ,
Жерлеп кетип, ел умытса, сол жаман….

Саналы өмир, саналы өлим.. Буған гүўа болыў аўыр кешти! Медицина теориясы ҳәмде әмелиятынан хабардар болсам да, Жаратқанның ҳүкимине шара жоғын түсинсем де..
Европа еллеринде интернационал медицина атамасы парсша «Мадади Сина» сөзинен келип шыққан екен. «Мадади Сина» атамасы ̶ тиббият султаны, жолшы жулдызымыз, теориялық ҳәм клиникалық медицинаның энциклопедиясы болмыш «Шыпакерлик илими каноны»н мийрас етип қалдырған философ тәбийб Ибн Синаның исмине байланыслы, «медет бериўши Сина дегени болса керек.
Биз, шыпакерлер, ақырғы демимизге шекем медет боламыз ба деп, шықпас жаннан үмит етер едик. Өмириниң ең соңғы ўақытларында шайырдың аўҳалы аўырласты, диңкә ̶дәрманы қалмаса да, соңғы шара ̶ омыртқадан суў алыўға мәжбүр болдық.
Аўырыўдың зардабы жанына батса да, сабыр түсинигиниң қыйын ҳәм ҳүрметли екенлигин билдирди, адамгершиликтиң бийик тахтының сәнин көрсетти. «Алтын адам екенсиз!»-деген ой кеўилимниң ең ийгиликли тарларында тербелди!

-------------
Наўрызбай Ешниязов ̶
Қарақалпақстанға мийнети сиңген шыпакер, медицина илимлери кандиданты
Апрель, 2004-жыл.


Бас шыпакер болғаным ушын мен де қатнасыў бахтына миясар болдым.
Азаматлар шайырды қутлықлап, ийнине Бухарада зерленген маўыты реңли ғыжым шапанды жаўып, Қарақалпақстан Қызыл қумында күн шығып киятырған ўақытта шағылысқан қойдан туўылған қозы терисинен тигилген, патшалар тажына усап нурланып турған сур папахты кийгизди, Қоқан шайысы менен белин буўды.
Сонда шайыр:
̶ Ҳаў, Сағындық, қарағым. Бул Бухара әмирлериниң, Хийўа, Қоқан ханларының кийимлери ғой, ̶деп зәрре күлимсиреп рахметин билдирди. Кең залларда ядтан қосықларын оқығандағы гүрлеген узақ қол шапатлаўлардан кем болмаған бул ҳүрметтиң қәдир ̶қымбатын жақсы түсинсе де, аса қуўанышын билдириўге усы ўақытлары қуўаты сарқылып, наўқас зардабы батыңқырағаны сезилди. Сынық ҳаўазда, бирақ, ҳәр бир сөзи жүректи елжиретип:
̶ Елдиң аўызбиршилигин, халықлар дослығын көз қарашығыңыздай сақлап, әдиллик, әдеп- икрамлық пенен талапшаң басшылық етиңлер, - деген нәсияты менен пәтиясын берди.
Үзилсе гүл қалар, сарғайып солып,
Мейли сен арықсаң, мейли сен толық.
Мейли сен патша бол, мейли сен гедей,
Өлсең теңлесерсең, топырақ болып..
Өмир философиясының усы шынлығын муңая мойынлап отырсам, және шайырдың жаратылыс диалектикасын ҳәзилнама, ойнақы қатарларға түсирген, усы муңайдырған ҳақыйқатты мәртлерше мойынлаўға бағдарлаған қатарлары кеўилге жағымлы самал ендиргендей болады:
Тилеўберген, сулыў едиң жасыңда,
Неге сонша жоғалтыпсаң көркиңди? ̶
Деп ҳәзилкеш ләң урады қасымда,
Тап пышықтай силкип ойнап бөркимди.

Бәҳәрде гүл жайнап турған отлы шоқ,
Гүз айында ҳәлсирейди сарғайып.
Удайына сулыў болған адам жоқ,
Оның ушын тағылмайды ҳеш айып.

Солған гүлдиң болмас бирақ шығыны,
Бул гәплерди тымсал ушын айтаман.
Ҳәр жылында көбейеди туқымы,
Бәҳәр сайын көрк береди қайтадан.

Қыраў шалып сулыўлығым бузылған,
Аўыспайды улым менен қызымнан..

Ҳақ гәп, сулыўлық та, әдеп ̶икрамлылық та ата мийрасы. Ҳеш бир ата ̶ана перзентке жақсы тәлим- тәрбиядан артық мийрас қалдыра алмайды. Сүйип-сүйилген ерли-зайыплылар дослықтың, меҳир-шәпәәттиң тымсалы болған шайырдың шаңарағында тәрбияланған, өмир жалғасы — перзентлериниң ҳәммеси де жоқары билимли өз кәсибиниң маманлары, елине елеўли, халқына қалаўлы, Ана халқына, республикамызға жанкүйер пухаралар болып жетисти.
Идиралды перзенти Байрон ̶ Нөкис пединститутын питкерип, усы жерде жумысқа қалды, армиядан соң, мектепте ислеп, ардақлы устаз болды, билимлендириў министрлигинде жуўапкерли ўазыйпаларды атқарды. Тилекке қарсы өмирден ерте кетти. Изинде. жақсы устаз, жақсы физик, жақсы инсан, деген аты, нийетлерин даȳамлаȳшы зайыбы ҳəм урпақлары қалды.
Асия ̶ Қарақалпақстанға мийнети сиңген муғаллим, ҳəмме ȳақыт алдынғы сапта, узақ жыллар педогогикалық училищеде директор, мектеп директоры лаўазымында табыслы хызмет атқарды. Балаларына меҳирийбан ғамхор ана ҳәм ўападар қостар болып, кең жәмийетшиликте ҳүрмет ̶ иззетте.
Зухра ̶ жүдə кишкене мектеп жасынан Ташкент хореография училищесинде оқыȳға кетип, сағынышлы болған, папасының қызы. Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, Ташкент, Москва мәденият орайларында табыслы оқып, көркем өнер коледжинде жасларға хоеография сырларын үйреткен әдиўли устаз болды.
Замира ̶ «шымбайлы еркетай», кɵбирек, дайы ата ̶əжесиниң қызы болып баȳыр басқан, кеўилшек қызы. Гидрогеолог, Қарақалпақстанның жер шараятын ойлап таңлаған кәсиби, Самарқандлы жигитке жулдызы жарасып, перзентлеринен ақлық көрип отыр. Жүрегиниң белгили бир бөлеги Қарақалпақстанда, ел ̶журты, Ўатаны, ата ̶анасы, туўысқанлары менен бирге.
Малика ̶ анасының шырайынан кɵбирек алып, «маманың меншик қызы» атанса да, ата жолын қуўып, əкеси тəлим алған дəргай Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетин айрықша питкерип, филология илимлериниң кандидаты, доцент, жаңа тили шығып быдырлағаннан ̶ақ, қосық тоқып, үлкен шайыр əкесиниң: «Қарақалпақстандағы қызлардың ең шайыры» деген баҳасына миясар болған.

20 last posts shown.