Рахат Осербаев ⚖


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Law


Осербаев Рахат Шавкатовичтин жеке каналы!
https://t.me/+tX-GWs7DiURlYjgy
Сиз бул канал арқали өзиңизге керек болған юридикалық хəм хақ хуқуқый жақтан қызықтырған сорауларыңызға усы канал арқалы жууап аласыз.
Онлайн, бийпул, ҳуқықый мәсләҳәтлер

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Law
Statistics
Posts filter


⚡️Бүгин 17-ноябрь «Халықаралық студентлер күни!»

Барлық студентлер келешекте өз кәсибиниң маманы болып, мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын өзиниң үлесин қосыўына үмит етип қаламыз.

Сизлерге тилерим контрактларыңыз кемейип, стипендияларыңыз көбийе берсин. 😉

https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


Өзбекстан пуқаралары Конституция қабыл етилген күни мүнәсибети менен үш күн избе-из 7, 8, 9 декабар күнлери дем алыўы күтилмекте.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Кысқы оқыў дәўиринде оқыўшы қызларға бирден-бир мектеп формасына сәйкес шалбар кийиўге рухсат бериледи.

©Рахат Осербаев

https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


⚡️Енди исбилерменлер де артықша «незаконно» ийелеген жерлерин ҳүжжетлестирип алыўы мүмкин

Өзбасымқалық пенен ийелеп алынған жер учаскаларына және оларда қурылған имаратлар хәм қурылмалардың хуқықларын тән алыу хаққында”ғы Нызамның 5-статьясына тийкар, жасаў ушын мөлшерленбеген имарат ҳәм қурылыслар қурыў ушын жеке исбилерменлер яки юридикалық шахсларға (фирма, кәрхана ҳ.т.б.) «законно» ажыратылған жер участкасына болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетинде көрсетилген майданнан артықша ийелеген жер участкасын ҳәм де сол жерге қурылған имарат және қурылмаларды атына өткерип (ҳүжжетлестирип) алыўы мүмкин.

✅ Мысал ушын, исбилермен өзине қарар менен берилген жерге дүкан қурып ислеп атырып сол дүканның қасындағы оған тийисли болмаған бос турған жерге де қосымша имарат қурған болса, жоқарыдағы Нызам менен мине сол қосымша «незаконно» ийелеген жерин ҳәм сол жерге қурған имаратын ҳүжжетлестирип алыў имканы берилип атыр.

☝️Бирақ, бундай артықша ийеленген жерди ҳәм оған қурылған имарат және қурылысларды ҳүжжетлестириў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:

▫️артықша ийеленген жер исбилермен тәрепинен 2018-жыл 1-майға шекем ийеленген болыўы;
▫️артықша ийеленген жер исбилерменге ажыратылған жерге иргелес жер болыўы;
▫️артықша ийеленген жер участкасы исбилерменген ажыратылған жерди қосқанда мына жерде көрсетилген майданнан зыят болмаўы;
▫️артықша ийеленген жер алдын басқа шахсларға ажыратылмаған ҳәм аукционға қойылмаған болыўы;
▫️артықша ийеленген жер бойынша шахслардың арасында даў келип шықпаған болыўы;
▫️артықша ийеленген жер участкасы ҳәм имарат және қурылмалар бойынша жер ҳәм мал-мүлк салығынан қарыздарлық болмаўы керек.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


❗️Мектеп оқыўшылары қыс ўақтында мектеп формасын өзгертиўи мүмкин

Нызамшылыққа бола, ҳаўа-райы шараятынан келип шығып, оқыўшылар мектеп формасының жеңсизин ямаса костюмин, көйлектиң жеңи узын ямаса келте түрин ықтыярлы түрде кийиўи мүмкин.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Қай жерди көрсең Трамп хәкимятқа келди енди не болады? Трамп урысты тоқтатады, және бир зат қылады деп жар салып атыр. Сизлерге бир нәрсе айтайын хеш нәрсе өзгермейди. Хәзир қандай кетип атырған болса сондай дауам етеди. Тек Президентлер өзгереди тамам. Қараңлар кимлерди жумысқа алып атыр. Атирапына блогер, бизнесмен хәм журналистлерди жыйнап атыр. Артистти қорғаныу министри қылды. Олар менен не өзгертеди. Трамп дегениң өзи артист.

©maman_advokat

https://t.me/Raxat_Oserbaev


️Билимлендириў тараўына 2025-жыл ушын 84,3 триллион сум ажыратылыўы режелестирилмекте

Олий Мәжлис Нызамшылық палатасында "2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам жойбары додаланбақта.

Жойбарда билимлендириўге төмендеги муғдарда қаржылар ажыратылыўы режелестирилген:

➖ Улыўма билимлендириў — 54 триллион сум;
➖ Мектепке шекемги билимлендириў — 15,8 трлн сум;
➖ Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў — 14,5 трлн сум;
➖ Жәми билимлендириў тараўы — 84,3 триллион сум.

Бул қаржылар улыўма Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 25 процентин қурайды ҳәм 2024-жылға салыстырғанда 13,2 триллион сумға көп.

Сондай-ақ:
🔹Азық-аўқат қәрежетлери: Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ушын 2,5 триллион сум (15% көп).
🔹Мәмлекетлик грант тийкарында оқыўшылар: 10,7 трлн сум (11% көп).

https://t.me/Raxat_Oserbaev


❓Турақ жайды магазинге яки кафеге айландырыў ушын қандай талаплар белгиленген?

✅ Министрлер Кабинетиниң 20.04.2022-жылдағы 200-санлы қарарына тийкар, төмендегилер турақ жайды турақ емес жай категориясына (дүкан, кафе яки басқа жасаўға мөлшерленбеген жайға) өзгертиў ушын төмендеги талаплар белгиленген:

🔸турақ жай авария жағдайында болмаўы;

🔸турақ жайды басқа шахсқа өткериўге қадаған қойылмағанлығы яки ол хатлаў қылынбағанлығы;

🔸турақ жай биринши этажда жайласқанлығы (жер жайдан басқа);

🔸объекттиң конструкциясына зыян көрсетиўши өзгерислер киргизбеў;

🔸объектте эвакуация жолларының саны ҳәм жайласыўының өзгермеўи;

🔸турақ жай анық мақсетли коммунал үй-жай фондына кирмеўи;

🔸айрықша кириў жерин жаратыў имканы болыўы;

🔸шуғылланыў режелестирилген жумыс Министрлер Кабинетиниң 24.01.2000-жылдағы 22-санлы қарары менен тастыйықланған дизимдеги искерлик түрлерине қайшы келмеўи керек.

Постты жақынларыңызға тарқатың.
https://t.me/Raxat_Oserbaev

https://t.me/Raxat_Oserbaev


👨‍💻 «emaktab.uz»да оқыўшылардың қатнасын белгилеў бойынша еслетпе

S – себепсиз сабақта қатнаспады;
DQ – кеширимли себеп пенен сабақта қатнаспады;
K – кесел болғаны ушын сабақта қатнаспады;
KQ – сабаққа кешигип келди;
M – үзликсиз сабақ қалдырыў.

Пән оқытыўшылары тәрепинен қойылатуғын талаплар!
S – себепсиз сабақта қатнаспады;
KQ – сабаққа кешигип келди;

🧠 Еслеп қалыў аңсат болыўы ушын төмендегилерди усыныс етемиз:

N – белгисиз;
DQ – сабақ қалдырды;
K – кесел;
KQ – кеш қалды. (#)

Постты танысларыңызға тарқатың.
https://t.me/Raxat_Oserbaev


💰 Тәлим кредитин алған студенттиң шет елге шығыўына шеклеў бар ма?

📑 Хабарыңыз бар, тәлим кредити оқыў мүддети жуўмақланғаннан кейин жетинши айдан баслап 7 жыл мүддетте төленеди.

☑️ Яғный, студент оқыўды питкергеннен кейин, жетинши айдан баслап белгиленген муғдарды ай сайын төлеп барыўы керек.

🏨 Егер студент магистратураны шет елдеги ЖООларда даўам еттириў ушын ямаса басқа себеплер менен шет елге шығып атырған болса, ҳеш қандай шеклеў болмайды.

🚧 Бирақ, кредитти белгиленген ўақытта төлемесе ямаса басқа қарыздарлығы болса, шет елге шығыўға рухсат берилмеўи мүмкин.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Контракт төлеў мүддети 1-декабрге шекем созылды

Төмендеги бакалавр ҳәм магистратура студентлери ушын төлемлерди әмелге асырыў созылды:

➖ базалық ямаса еселенген төлемли-контракт тийкарында оқыў тилегин билдирген абитуриентлер (1-басқыш);

➖ қарақалпақстанлы жаслар ушын ажыратылган қосымша қабыллаў квоталарына студентликке усыныс етилген абитуриентлер (1-басқыш);

➖ оқыўы көширилген (көширип тикленген) студентлер.

❗️Еслетпе: әмелдеги тәртипке бола, екинши ҳәм оннан жоқары басқыш студентлериниң контрактын төлеў мүддети ЖОО басшысы тәрепинен создырылыўы мүмкин.

👉 https://t.me/Raxat_Oserbaev


Мектеп оқыўшылары ушын 4-ноябрден басланған гүзги дем алыс жуўмақланды. Ертең 11-ноябрден мектеплерде II шерек басланады.
Ертеннен мектепке гооо гооо боладі😁😂🙈

©Рахат Осербаев

Каналга агза болін👇🏽
https://t.me/Raxat_Oserbaev


Bugin 11-noyabr
Bir emes naq ush bawirlarimnin tuwilĝan kuni. Al ne deymiz😄
Tuwilĝan kunler oñ bolsin jasinizga jas qosilsin aldagi jumislarda tabislar tileymiz. 😁✊🫡
©Raxat Òserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


❗️Айырым исбилерменлер ушын салық жеңилликлери: төленген салықтың бир бөлегин қайтарып алын!

️ Жаңа Ҳүкимет қарарына (745-санлы, 07.11.2024) тийкарланып, улыўма аўқатланыў, туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлери менен шуғылланыўшы исбилерменлер ушын төленген қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў имканияты жаратылды.

❓Кимлер ушын?
▪️2024-жыл 1-октябрден: туроператорлық ҳәм мийманхана хызметлери — төленген салықтың 20%и қайтарылады.

▪️2025-жыл 1-январдан: улыўма аўқатланыў хызметлери — айлық айланыстың нақ пульсыз бөлеги: 60% ҳәм оннан жоқары болса, салықтың 40%и; 60% тен кем болса, салықтың 20%и қайтарылады.

❓Қандай тәртипте?
Исбилермен салық есабатын усынып бергеннен кейин, 3 ай ишинде қайтарыў ушын мүрәжат етиў мүмкин. Барлық талаплар орынланған жағдайда, салық автоматикалық түрде қайтарылады.

Қагыйдалар 2028-жыл 1-январьға шекем әмел етеди.

https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
PREMYERA !!!

«Qaraqalpaqfilm» kinostudiyası tárepinen súwretke alınġan «Ájiniyaz» kòrkem-publicistikalıq filmi premyerası sizlerdi kútpekte.
Jaslayınan-aq sheshenligi dúbirlep ishine sıymagʼan Ájiniyazdıń jaslıġı menen muhabbat jolındaġı tosıqları endi kino kadrlarġa mórlenedi.


XALQÍMÍZ TÁREPINEN KÓPTEN KÚTILGEN TARÍYXÍY FILM PREMYERASÍ
16-NOYABR KÚNI SAAT 17:00 DE QARAQALPAQSTAN KÓRKEM-ÓNER SARAYÍNDA BOLÍP ÓTEDI.

https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev
https://t.me/Raxat_Oserbaev


❄️Қарақалпақстанда биринши қар жаўды 😍

Кеше «Даўыт-ата» ҳәм «Қаракалпақстан» темир жол шегара бажыхана постлары аймақларында биринши қар жаўды.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


#Қонунчиликдаги_янгиликлар

❗️Айрим тадбиркорларга тўланган солиғининг бир қисми қайтариб берилади

Ҳукумат Қарори (745-сон, 07.11.2024 й.) билан Умумий овқатланиш, туроператорлик ва меҳмонхона хизматларини кўрсатувчи тадбиркорлик субъектларига бюджетга тўланган қўшилган қиймат солиғининг бир қисмини қайтариш тартиби тўғрисидаги Вақтинчалик Низоми тасдиқланди

⚡️ Вақтинчалик Низомга кўра, 2024 йил 1 октябрдан бошлаб туроператорлик ва меҳмонхона хизматларини кўрсатувчи тадбиркорлик субъектларига - бюджетга тўланган солиқнинг 20 фоизи қайтарилади.

🔰2025 йил 1 январдан бошлаб умумий овқатланиш хизматларини кўрсатувчи тадбиркорлик субъектларига ойлик товарларни (хизматларни) реализация қилиш бўйича айланмасининг нақд пулсиз қисми:

➖60 фоиз ва ундан юқори бўлганда — бюджетга тўланган солиқнинг 40 фоизи;
➖60 фоиздан кам бўлганда — бюджетга тўланган солиқнинг 20 фоизи қайтарилади.

🗓Тадбиркорлик субъекти солиқ ҳисоботини тақдим этгандан сўнг, лекин 3 ойдан кечиктирмасдан солиқнинг бир қисмини қайтариш учун мурожаат қилишга ҳақли.

✅Солиқнинг бир қисми қуйидаги шартлар тўлиқ бажарилганда автоматик равишда қайтарилади:

🔸ҳисобот даврида солиқ бўйича тақдим этилган солиқ ҳисоботига мувофиқ ҳисобланган солиқ бюджетга тўлиқ тўланганда;

🔸ҳисобот даврида умумий овқатланиш, туроператорлик ёки меҳмонхона хизматларини кўрсатиш бўйича умумий товар айланмаси жами товар айланмасининг 90 фоизидан кам бўлмаганда;

🔸ҳисобварақ-фактураларда ёки назорат-касса техникаси чекларида реализация қилинган товарлар (хизматлар) номенклатураси ҳамда фаолиятининг ўзига хос хусусиятларига ёки амалга ошириладиган турларига мувофиқ бўлган идентификация кодлари акс эттирилган қисмига нисбатан.

📌Вақтинчалик Низом 2028 йил 1 январга қадар амал қилади.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Бугундан бошлаб ўзбошимчалик билан эгаллаб олинган ер майдонларига қурилган кўчмас мулк обектларини аниқлаш бўйича хатлов бошланади.

Фуқаролар kadastr.uz сайтига кириб ўзининг ҳудудида хатлов ишлари қачон амалга оширилишини билиб олишлари мумкин.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


⚡️Контракт пулын төлеўде кимлерге жәрдем бериледи?

✅ Төмендегилерге билимлендириў мәкемесиндеги оқыўы ушын контракт пулын төлеўде жеңилликлер берилген:

👉 Өзбекстандағы ЖООларында оқып атырған «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар ямаса олардың оқып атырған 2 ҳәм оннан артық перзентлериниң бирине;

👉 колледж, техникум ҳәм мәмлекетлик, меншик, Өзбекстандағы сырт ел жоқары оқыў орынларының бакалавры күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасында, магистратураның күндизги бағдарында оқып атырған «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәм де «Темир дәптер»ге киргизилген пуқаралардың перзентлерине.

💰Контракттың қанша бөлеги төлеп бериледи?

▫️«Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар ушын контракт суммасының 50% шекем, бирақ БЕМның 50 есесинен (18,7 млн сумнан) көп болмаған муғдарында;

▫️«Ҳаяллар дәптери»не киргизилгенлер БЕМның 15 есесинен (5,6 млн сумнан) көп болмаған муғдарында.

https://t.me/Raxat_Oserbaev


Кейинги жылдан баслап жоқары оқыў орынларында бағшалардың тийисли жоқары мағлыуматқа ийе болмаған педагоглары ушын арнаўлы квоталар ажыратылады
https://t.me/Raxat_Oserbaev

20 last posts shown.