ЖАҢА ЖЫЛ ТИЛЕГИ
“Жылан жыл” берекетли келип елиме,
Дарығай қүт берекет туўған жериме,
Досларым яр болғай:- әўмет бәриңе,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Тосықлар алынып жүрген жолыңнан,
Баслаған ислериң келип оңынан,
Пуллар арылмағай ҳасла қолыңнан,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
“Жылан жыл” аты дым болса да суўық,
Бәле- қәдалардың барлығын қуўып,
Ҳәммениң турғай айы, оғынан туўып,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Жыл болсын:- барлық жыллардан ерек,
Халқымды- қуўаныш шадлыққа бөлеп,
Бай болғай ҳәр бир шаңарақ гүрлеп,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Жүрген жанлар басқан жери ойылып,
Камбағалшылыққа ноқат қойылып,
Кем тәмийнленгенлер кетсин тойынып,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Бир тырнаққа зарлар, перзентлер көрип,
Торсықтай уллардың айдарын өрип,
Ғаўқылдасқай бесик тойларын берип,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Пенсия, айлықлардың муғдары асып,
Кеўил кенарынан жыққынлар тасып,
Дүньяны қонышынан жүргеймиз басып,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
😎 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!
“Жылан жыл” берекетли келип елиме,
Дарығай қүт берекет туўған жериме,
Досларым яр болғай:- әўмет бәриңе,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Тосықлар алынып жүрген жолыңнан,
Баслаған ислериң келип оңынан,
Пуллар арылмағай ҳасла қолыңнан,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
“Жылан жыл” аты дым болса да суўық,
Бәле- қәдалардың барлығын қуўып,
Ҳәммениң турғай айы, оғынан туўып,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Жыл болсын:- барлық жыллардан ерек,
Халқымды- қуўаныш шадлыққа бөлеп,
Бай болғай ҳәр бир шаңарақ гүрлеп,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Жүрген жанлар басқан жери ойылып,
Камбағалшылыққа ноқат қойылып,
Кем тәмийнленгенлер кетсин тойынып,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Бир тырнаққа зарлар, перзентлер көрип,
Торсықтай уллардың айдарын өрип,
Ғаўқылдасқай бесик тойларын берип,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
Пенсия, айлықлардың муғдары асып,
Кеўил кенарынан жыққынлар тасып,
Дүньяны қонышынан жүргеймиз басып,
Еки мың жигирма бесинши жылда.
😎 Қарақалпақ LIVE — ең оператив ҳәм исенимли жаңалықлар каналы!