.....Мийрхан
XALÍQ USHÍN ⚖️ dan repost
❓Оқыўшы сабақ ўақтында муғаллимге ҳүрметсизлик етип кемситсе қандай шара көриледи?
❌ Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2023-жыл 31-августтағы 282-санлы буйрығы менен тастыйықланған улыўма орта билимлендириў мәкемесиниң үлгили Әдеп-икрамлылық қағыйдаларының 15-бәнтине тийкар, оқыўшыларға өз-ара қатнасықларда инсан шахсын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиў (дискриминация), қорлаў ҳәм әдепсиз сөзлерди қолланыў, ҳәр қыйлы (физикалық, руўхый ҳәм басқа) зорлық көрсетиў қадаған етиледи.
❗️Бундай жағдайда ата-анаға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 47-статьясына бола БЕМның 1 есесинен 5 есесиине (1,8 млн сумға) шекем жәрийма салыныўы мүмкин.
☝️Буннан тысқары, тап усындай ҳуқықбузыўшылықлар ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин бир жыл даўамында қайта исленген болса, оқыўшының ата-анасына БЕМның 5 есесинен 10 есесине (3 млн 750 мың сумға) шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!