Женгисбай Отебаев
QARAQALPAQSTAN KADASTR dan repost
Қурылыс қурғаның ҳәммесине ҳүжжет бериле бермейди
Өзбекстан Республикасының Нызамы жойбары социаллық тармақларда ҳәр түрлы түсиниклер менен айтылмақта.
Бул болса айырым пуқаралардың жерлерди өзбасымшалық пенен ийелеп, “қурылысы бар болса кадастр бериледи екен” деп бос жерге тезирек имарат қурыў жағдайлары гүзетилмекте.
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасында басқармасы ҳәм бөлим инспекторлары тәрепинен анықланған "Әҳмиетли 40 күнлик" жер қадағалаў илажинда дронлар жәрдеминде 2024-жыл басынан баслап 1 221 жағдайда 147,7 га жер майдан пуқаралар тәрепинен нызамыс түрде ийеленип, қурылыс жумыслары анықланды.
Соннан, пуқаралар тәрепинен ықтиярый 721 жағдай сапластырылып, 113,3 га жер майдан алдынғы ҳалатына келтирилген, 211 жер нызам бузыў ҳәрекетлери бойынша суд органларына даўа азалары киритилген ҳәм 16 жағдайда топланған ҳүжжетлер прокуратура органларына жиберилген.
Анықлық киритип өтетуғын болсақ, Нызам жойбарында 8 бағдардағы жағдайлар көрип шығылыўы нәзерде тутылған. Бул жағдайлардың барлығы ҳуқықый тастыйықланады деп түсинилмеў керек.
Жойбарда кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў емес, ал ҳуқықын белгилейтуғын ҳүжжетлери болмағанлығы ушын жер ҳәм имаратларына болған ҳуқықты тастыйықлаў, ийелик етиў мәселеси нәзерде тутылмақта.
Ескертип айтыўымыз керек, нызам жойбарында 2018-жыл 1-майға шекем қурылған объектлерге ғана қолланылыў нәзерде тутылмақта.
Егерде қурылма өзбасымшалық пенен белгиленген ўақыттан кейин қурылған болса, бундай имаратлар белгиленген тәртипте сапластырылады ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 60-статя 3-бөлимине муўапық өзбасымшалық пенен қурылған ҳәр қандай қурылмаға пуқараларға БЕМның 150 есеси, лаўазымлы шахсларға БЕМның 300 есесине шекем жәрийма қоллаўға себеп болады.
Сол себепли, пуқараларымыздан өзбасымшалық пенен жерлерди ийелемеўге ҳәм оған имарат қурмаўды сорап қаламыз.
Qaraqalpaqstan kadastr
Tg | Ins| Fb| Yt
“Өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкалары ҳәм оларда қурылған жай ҳәм имаратларға болған ҳуқықларды тастыйықлаў ҳаққында”ғы