❓Оқытыўшылар үстемесиниң кемейтилиўи нызамлы ма?
Улыўма орта билим бериў мектеплеринде муғаллимлердиң үстеме ис ҳақылары - олардың мийнетине берилген хошамет. Бирақ айырым аймақларда директор қорында қаржы жетиспеўшилиги себеп етип көрсетилип, үстемелер қысқартылмақта. Бул әмелият нызамшылыққа қаншелли сәйкес келеди?
📜 Мийнетке ылайықлы сыйлық
Оқытыўшыларға үстеме белгилеўди тәртипке салыўшы ҳүжжет – Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 30-сентябрьдеги 823-санлы қарары менен тастыйықланған низам. Оған көре, үстемелер:
✅ Тәрбиялық процесстиң сапасы ҳәм нәтийжелилиги;
✅ Класстан тысқары жумыслар ҳәм оқыўшыларды тәрбиялаў;
✅ МТС талапларының орынланыўы;
✅ Оқытыўдың жоқары нәтийжелилигине қарап, 40% ке шекемги муғдарда белгиленеди.
📅 Үстемелер қашан анықланады?
Тийисли низамның 21-бәнтине көре, жаңа оқыў жылы ушын үстемелер өткен оқыў жылы нәтийжелери бойынша белгиленеди ҳәм жыл даўамында пул азайғаны себеп етип көрсетилип кемейтилиўи нызамлы тийкарға ийе емес.
❌ Қорда пул жоқ – себеп емес!
Директор қорындағы қаржы азайғаны ушын үстемелерди бир тәреплеме бийкарлаў ямаса кемейтиў нызамлы емес. Бул жағдайда оқытыўшылар ҳуқықларын қорғаў ушын тийисли мәкемелерге мүрәжат етиўи мүмкин.
📍Информация бағдары @KarPressa