..


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


ТОЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ УШЫН КАНАЛҒА ҚОСЫЛЫҢ👇

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
❗️Белгиленбеген орынға шығынды таслағанлардың автомобили тартып алыныўы мүмкин

📄 Пуқара белгиленбеген орынға шығынды тасласа БЕМниң 3 есесине шекем жәрийма қолланылады, юридикалық шахс болса 10 есе жоқары.

⚠️ Егер пуқара бул ҳәрекетти машинасы менен 1 жылда еки мәрте әмелге асыратуғын болса, пуқарның машинасы тартып алыныўы мүмкин.

📍Информация бағдары @KarPressa


⚡️2025-жыл 5-январьдан интернет тармағында тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды шөлкемлестириў искерлигин ҳәм букмекерлик искерлигин әмелге асырыўға рухсат етиледи.

📍Информация бағдары @KarPressa


Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри ҳәм Беруний районы ҳәкимине «сөгис» жазасы қолланылды

️Қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў, тутыныўшыларға жанылғы-энергия ресурсларын турақлы жеткерип бериў ҳәм оларды үнемлеў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде пассивликке жол қойған айырым басшылардың жеке жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң тийисли бийлиги қабыл етилди.

Бул ҳүжжетке тийкарланып аймақлардағы бир қатар жуўапкерлерге интизамый жаза қолланылған.

Атап айтқанда, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди талан-тараж етиўге жол қойғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министри Б.Жузбаевқа ҳәм Беруний районының ҳәкими И.Хидировқа «сөгис» жәрияланды.

📍Информация бағдары @KarPressa


7 жыл ишинде кредит процентлери 10-12 процентке шекем түсириледи

«Өзбекстан – 2030» стратегиясына бола кейинги жети жылда:

➖финанс системасында жыллық кредитлестириў көлеми 40 миллиард долларға жеткериледи.

➖ банк аманатларының көлеми 4 есеге арттырылады.

➖ Кредит процентлери 10-12 процентке түсириледи.

📍Информация бағдары @KarPressa


Ертен барлық билимлендириў мәкемелеринде ІІ шерек басланады

Мектеп оқыўшылары ушын 4-ноябрьден басланған гүзги дем алыс жуўмақланды. Ертең 11-ноябрьден мектеплерде II шерек басланады.

Еслетип өтемиз, 11-ноябрь Кәсиплик аўқамы хызметкерлери байрамы болса да, бул сәне дем алыс күни деп жәрияланбаған. Яғный, ертең әдеттегидей сабақ процесслери болады.

Сол себепли, электрон (қағаз) журналға да өзгерислер киргизиў талап етилмейди.

📍Информация бағдары @KarPressa


Қазақстанда болып турған Өзбекстан пуқаралары ескертилди

Соңғы күнлерде Қазақстан Республикасы аймақларында ҳаўа-райының кескин суўыўы ақыбетинде жолларда ҳәрекетлениў менен байланыслы бир қатар қолайсызлықлар жүзеге келип атырғаны себепли ол жерде жасап атырған ҳәм транзит бағдарында ҳәрекетленип атырған Өзбекстан пуқаралары Миграция агентлиги тәрепинен ескертиледи.

Жақын ҳәптелер даўамында орынларда думан, күшли жаўын ҳәм жолларда музлаў жағдайлары Республикалық дәрежедеги автомобиль жолларында ҳәрекетлениўде қыйыншылықларды пайда етиўи мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен усы мәмлекетте болып турған Өзбекстан пуқараларынан жолларда ҳәрекетлениўде барлық қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиўи, қәўипсиз транспорт қуралларынан пайдаланыўы, зәрүрлик болмаған жағдайда узақ аралықтағы жолларда транспорт қуралларында ҳәрекетленбеўи соралады.

📍Информация бағдары @KarPressa


Шавкат Мирзиёев Саудия Арабстаны ҳәм Әзербайжанға барады

Президент Шавкат Мирзиёев 11-13-ноябрь күнлери халықаралық саммитлерде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Саудия Арабстаны ҳәм Әзербайжанда болады.

Еки муқаддес мешит хызметкери – Саудия Арабстаны Пачасы Салмон бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола мәмлекетимиз басшысы 11-ноябрь күни Газа ҳәм Ливандағы жағдайдың кескинлесиўи ҳәм Жақын Шығыстағы келиспеўшиликке тез мүддетте шешим табыў илажларын ислеп шығыўға бағышланған гезексиз араб-ислам саммитинде қатнасады.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қоңыратбай Шарипов Нөкис қаласында көшпели қабыллаў өткерди

Қабыллаў даўамында сырт мәмлекетлерге стажировкаға жибериў, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, студентлердиң оқыўын көшириў ҳәм қайта тиклеў, студентлердиң әмелияты ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў, магистратура билимлендириўи, электрон платформалар (ҲЕМИС) жумысы, илимий-инновациялық ҳәм стартап жойбарлар менен байланыслы мәселелер бойынша мүрәжат етиўшилерге қәнигелер қатнасыўында жуўап берилди.

Көшпели қабыллаў нәтийжесинде 19 мүрәжат орнында унамлы шешилди. Қалған 28 мәселе бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилип, оларды шешиў бойынша анық илажлар белгиленди.

📍Информация бағдары @KarPressa


2024-жылы ис гази менен зәҳәрлениўге байланыслы 32 жағдай жүзеге келди

Айрықша жағдайлар министрлигиның мәлим етиўинше, Өзбекстанда 2022-жылы ис газинен зәҳәрлениў бойынша 84 жағдай жүзеге келип, 122 адам қайтыс болған. Оған өрт ўақтындағы жағдайлар да есапқа алынған.

2023-жылы 46 жағдай жүзеге келген болса, 2024-жылдың усы дәўиринде 32 жағдай жүзеге келди.

❗️Еслетип өтемиз усы жылдың 18-октябрь күни Қарақалпақстан Республикаси Нөкис қаласы "Ели-абат" МПЖ да бир үйдиң үш ағзасы, бир күнде ис газинен зәҳәрленип қайтыс болған еди!

📍Информация бағдары @KarPressa


Оқыўшы көп сабақ қалдырса, ата-анасына қандай шара қолланады?

Нызамшылыққа муўапық, ата-аналар ямаса олардың орнын басыўшы шахслар тәрепинен ержетпеген балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў бойынша миннетлемелерди орынламаў, сондай-ақ, ержетпеген балалардың ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислеўине алып келиўи БЕМның 1 есесинен 5 есесине шекем муғдарда жәрийма салыўға себеп болыўы белгиленген.

📍Информация бағдары @KarPressa


Тақыятас районы ҳәкиминиң бурынғы орынбасары еркинен айырылады. Ол бюджет қаржыларын талан-тараж еткен

Тақыятас районы ҳәкиминиң қурылыс бойынша орынбасары Ғулом Бектемиров жынайый жазаға тартылды. Ол аймақтағы ЖШЖлардан бириниң басшысы менен тил бириктирип, райондағы социаллық тараў обектлериниң ысытыў системасы ушын ажыратылған бюджет қаржыларын талан-тараж еткен. Ғулом Бектемиров июнь айында басқа бир жынаяты шеңберинде 32 миллион сум менен оператив илажда қолға алынған еди.

👉Толық оқыў: https://kun.uz/kr/65010684

📍Информация бағдары @KarPressa


Қазақстанлы шыпакерлер 4 жасар баланың мурнында ярым жылдан берли турған "шуруп"ты алып таслады

📍Информация бағдары @KarPressa


Ноябрдеги аномал температура

Пакистанда ноябрь айы ушын рекорд дәрежеде +41°C ыссы бақланды. Түркменстанда +35°C, Қашқадәряның Дийқанабадында түнде +20°C температура бақланды.

Гүзде бул дәрежедеги ыссы Орайлық Азияда аз ушырасады.

📍Информация бағдары @KarPressa


27-октябрьдеги сайлаўда ҳаяллардың ўәкиллиги рекорд дәрежеге жетти!

Жаңадан сайланған депутатлардың 38 процентин ҳаял-қызлар қурады. Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңеси ҳәм басқа жергиликли кеңеслерде болса 32,6 процент ҳаял-қызлар бар.

Бул Өзбекстан тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш.

📍Информация бағдары @KarPressa


Кейинги жылы да айлық мийнет ҳақылары асырылады

2025-жылы мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын, сондай-ақ, айырым хызмет түрлери бойынша тарифлерди асырыўға байланыслы қәрежетлер ушын 6,6 триллион сум ажыратыў режелестирилмекте.

📍Информация бағдары @KarPressa


⛽️ 2025-жылы газ баҳалары асыўы күтилмекте

Орайлық банк брифингинде мәлим етилиўинше, 2025-жыл параметрлери бойынша газ баҳаларында төмендеги өсиўлер күтилмекте:

▪️Тәбийғый газ баҳасы 36% ке шекем асады.
▪️Суйылтырылған газ баҳасы 25% ке шекем асады.
▪️Метан газдиң баҳасы 39% ке шекем артып, шама менен 5500 сум болыўы мүмкин.


📍Информация бағдары @KarPressa


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Түркияда ер адам жанып атырған машина ишинен телефонын алыўға ҳәрекет етти

Оның өз жанын қәўипке қойған ҳәрекети интернет пайдаланыўшыларын ҳайран қалдырған.

📍Информация бағдары @KarPressa


Шығындыдан қарыздар тутыныўшылар электр энергиясынан үзилмейди

Социаллық тармақларда 1-ноябрьден шығынды хызмети ушын қарыздары болған тутыныўшылар электр энергиясынан үзилиўи ҳаққында хабар тарқалды.

"Аймақлық электр тармақлары" АЖ бул мағлыўматты бийкарлап, бундай үзилислер әмелге асырылмайтуғынын мәлим етти.

📍Информация бағдары @KarPressa


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
48 саат ишинде Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң Ҳәкимшилик әмелият базасына келип түспеген қағыйдабузарлық бийкар етиледи

28.10.2024-жыл күниндеги "Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы ҳаққында толық мағлыўмат.

Буннан былай, Жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы ҳаққындағы мағлыўмат жәрийма салыў ҳаққында қарар шығарыў ўәкиллигине ийе болған шахсқа (Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң автоматластырылған мәлимлеме орайына) жол ҳәрекети қағыйдалары бузылғанлығы арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеожазыў техникалық қураллары арқалы белгиленген ўақыттан баслап қырқ сегиз саат ишинде жиберилмеген жағдайда, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ис усы Кодекстиң 271-статьясына муўапық тамамланады.

📍Информация бағдары @KarPressa


❗️Бүгин көплеген аймақларда ишимлик суўы өшеди

✅ 2024-жыл 29-октябрь саат 10:00ден баслап саат 18:00 аралығында:

➖ Нөкис қаласы — “Алланияз Қаҳарман”, “Шымбай гүзары”, “Ботаника бағы”, “Ата мәкан”, ”Дослық гүзары”, “Қутлы мәкан”, “Қутлы қоныс”, “Қум аўыл”, “Жолшылар”, “Таслақ”, “Шығыс”, “Шымбай шайхана”, “Айдын жол”, “Ҳаўа жоллары” МПЖ;

Кегейли,
➖ Шымбай,
➖ Қараөзек,
➖ Тахтакөпир,
➖ Нөкис районы “Тақыркөл”, “Дийхан арна” АПЖ

аймақларында ишимлик суў жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылады.

📍Информация бағдары @KarPressa

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.