15-августтан баслап:
🔹 автотранспортта күн даўамында жүриў мүмкин болады;
🔹 жергиликли авиарейслар ҳәм темир жол қатнаўларына рухсат бериледи;
🔹 үйде 30 адамлық шаңараққа тийисли дәстүрлер өткериў мүмкин болады (белгиленген талаплар тийкарында);
🔹 ашық ҳаўада хызмет көрсететуғын улыўма аўқатланыў объектлери, шаштәрезханалар, гөззаллық салонлары, мийманханалар, музейлер, балалар дем алыў орынлары, атыз-ҳәўлилер ижарасы, цанаториялар искерлиги де тикленеди.
17- августтан баслап:
🔹 жәмийетлик транспорт (Метрополитеннен тысқары ) ҳәрекети тикленеди;
🔹 аймақлар ортасында автотранспорт қатнаўы ҳәм қала әтирапындағы автобуслар қатнаўы қайта жолға қойылады.
20-августтан баслап:
🔹 буйым ҳәм қурылыс өнимлери базарлары, ири саўда дүканлары ашылады;
🔹 спорт заллары, фитнес клуб ҳәм бассейнлер ислей баслайды.
«Карантин талаплары жумсартылып атырған болса да, бәршемиз социаллық аралықты сақлаў, маска тағыў, дезинфекция ҳәм басқа санитария -гигиена талапларына сөзсиз әмел етиўимиз, алдын жол қойған қәтелерди тәкирарламаўымыз керек», -
деди Шавкат Мирзиёев.