Toqpaq_ata_uz


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Din


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Мойнақ районы "Тоқпақ ата" жаме мешитиниң Telegram каналы!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
Din
Statistika
Postlar filtri


03—МАРТ 2025—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:13

🕌    ҚУЯШ — 07:37

🕌    ПЕСИН — 13:16

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 17:09

🕌    ШАМ — 18:57

🕌    ҚУПТАН — 20:16

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz


#рамазан_2025 #ораза_ўақты
03.03.2025 жыл

АЎЫЗ
ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйт
у ән асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».

МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.

☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».

МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир

МОЙНАҚ РАЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН

АЎЫЗ Ж
АБЫЎ 06:13
АЎЫЗ АШЫЎ 18:57

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Telegram
https://t.me/Toqpaq_ata_uz


#рамазан_2025
#Сораў_жуўап

Сораў: Ораза тутқан адам күн бойы дем алып ямаса ўақытты уйқылап өткизсе, бул адамның оразасы қай дәрежеде қабыл болады?

💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Оразадар инсан оразаны ақырына жеткизиў ямаса кешки ибадатқа қуўат пайда етиў ушын күндизи дем алыўы дурыс. Егер қурбы жетсе, күндизлери де ибадат ҳәм Қуран оқыў менен бәнт болса, нур үстине нур. Бирақ, күндизлери көбирек уйқылаған инсанның оразасы қабыл болмайды, деген гәп жоқ. Ўаллаҳу аълам.

   Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025
#сораў_жуўаплар

Сораў: Рамазанда қайсы зикирлерди көбирек айтыў керек?

🫨Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Рамазан – Қураны кәрийм түсирилген ай болғаны ушын, әйне Қураны кәриймди басқа айларға қарағанда көбирек оқыў усыныс етиледи. Себеби, Қураны кәрийм ең уллы, ең абзал зикир есапланады. Буннан тысқары тасбиҳ (Субҳаналлаҳ), таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллоҳ), истиғфар (Әстағфируллоҳ), ҳамд (Әлҳамдулилләҳ), тәкбир (Аллооҳу әкбәр) ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў да ең абзал зикирлер есапланады. "Аллаҳ, Аллаҳ", деп жүриў де зикирдиң тилге ең аңсат түри. Ўаллаҳу аълам.

➤ Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы.

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


✓ ОРАЗАНЫҢ 8 ҲИКМЕТИ

▫️1. Ықлас ҳәм тақўа

Ораза – Аллаҳ ушын қылынған ибадат. Онда хожакөрсинлик ҳәм көзбояўшылық болмайды, себеби ораза тутқан адамды тек Аллаҳ биледи. Қуранда былай делинген: "Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға парыз қылынғанындай сизлерге де ораза парыз қылынды. Қәнекей, тақўалы болсаңыз" (Бақара, 183).

▫️2. Сабыр ҳәм ерк күшин беккемлеў

Ораза инсанды нәпсине қарсы беккемлеп, оның ерк күшин арттырады. Ашлық ҳәм шөлге сабыр етиў арқалы адам өмирдеги басқа сынақларға да шыдамлы болады.

▫️3. Шүкир ҳәм қәдирди аңлаў

Инсан әдетте неъматлардың қәдирин оны жоғалтқанда биледи. Ораза тутыў арқалы адам тағам, суў ҳәм басқа да неъматлардың әҳмийетин сезеди ҳәм Аллаҳға шүкир етиўди үйренеди.

▫️4. Ҳақыйқый байлық тақўада екенин түсиниў

Ораза тутқан адам, ол бай яки кәмбағал болсын, бирдей жағдайға түседи. Ал, бул болса инсанға материаллық байлықтан көре руўхый байлық әҳмийетлирек екенин көрсетеди.

▫️5. Денсаўлық ҳәм медициналық пайдалары

Ораза организмди тазалайды, ас сиңириў системасын дем алдырып, түрли кеселликлерден қорғайды. Илимий изертлеўлер оразаның токсинлерди жоқ етиўге ҳәм метаболизмди жақсылаўға жәрдем беретуғынын көрсеткен.

▫️6. Ораза ҳәм жәмийет арасындағы татыўлық

Кәмбағаллар ҳәм мүтәжлердиң жағдайын сезиў арқалы инсанда мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат ҳәм зәкат бериў сезими оянады. Бул жәмийетте татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлейди.

▫️7. Дуўалардың қабыл болыўы

Ораза тутыўшының дуўасы қайтарылмайды, себеби ол Аллаҳ ушын сабыр етип, оның разылығын қәлеген ҳалда ибадат қылады. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Үш адамның дуўасы қайтарылмайды: ораза тутыўшының аўыз ашар ўақтындағы дуўасы, әдил патшаның дуўасы ҳәм мазлум (зулым көрген адам)ның дуўасы" (Имам Термизий рәўияты).

▫️8. Руўхый пәклениў

Ораза тек физикалық емес, ал руўхый пәклениў болып табылады. Ол инсанды гүналардан тыйылыўға, жақсы минез-қулыққа, гүна ҳәм жаманлықлардан узақласыўға үйретеди.

Ораза инсан өмириниң барлық тараўларына унамлы тәсир етететуғын уллы ибадат болып есапланады. Ол тек саўаплы әмел емес, ал инсанды руўхый ҳәм физикалық жақтан жоқарылататуғын уллы ҳикмет болып табылады.

🤲 Аллаҳ бәршемизге оразаның ҳақыйқый ҳикметлерин аңлап, оны терең сезиниўди несип етсин!(muslim.uz)

Ҳамиджан қарый ИШМАТБЕКОВ

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#Пикир

Ҳаял адам төмендеги төрт нәрсе себепли шаңарақтағы аўыз биршиликти кеткизиўи мүмкин:


1. Қырсықлық;
2. Ашыў;
3. Гүман;
4. Даўысын көтериў.


Еркек адам төмендеги төрт нәрсе себепли шаңарақтағы аўыз биршиликти кеткизиўи мүмкин:


1. Узақласыў;
2. Итибарсыз болыў;
3. Қатты қол болыў;
4. Қызғаншақ болыў
.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#рамазан_2025 #уламалар_сөзи

ҲАҚЫЙҚЫЙ ОРАЗА ОНДАЙ ЕМЕС

Ҳақыйқый ораза
- ериншеклик;
- күни менен уйқылаў;
- түни менен телевизор көриў;
- азанда еринип жумысқа барыў;
- аш болып, басқалар менен кескин мәмледе болыў;
- ўақтының ҳәммесин телефон менен өткериў;
- әдеттегиден көп аўқат жеў;
- басқаларға ораза екенин қайта-қайта айта бериў дегени емес.

Аллаҳ таала бундай оразаны ийесине қайтарып береди ҳәм оразасын қабыл етпейди. Оның тек ғана аш болғаны ҳәм шөллегени қалады.

Доктор Мустафа Маҳмуд


✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️✌️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Оразаның_пазыйлети

ОРАЗА ТУТЫЎ ИНСАННЫҢ МИЙРИМ-ШӘПӘӘТИН АРТТЫРАДЫ

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


02—МАРТ 2025—ЖЫЛ
МОЙНАҚ РАЙОНЫ НАМАЗ ЎАҚТЫ: 

🕌    ТАҢ — 06:15

🕌    ҚУЯШ — 07:39

🕌    ПЕСИН — 13:16

🕌    НАМАЗЛЫГЕР — 17:08

🕌    ШАМ — 18:56

🕌    ҚУПТАН — 20:15

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
Каналға ағза болыў:👇

👉  https://t.me/Toqpaq_ata_uz


#рамазан_2025 #ораза_ўақты
02.03.2025 жыл

АЎЫЗ
ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйт
у ән асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».

МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.

☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».

МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир

МОЙНАҚ РАЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН

АЎЫЗ Ж
АБЫЎ 06:15
АЎЫЗ АШЫЎ 18:56

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Telegram
https://t.me/Toqpaq_ata_uz


#Рамазан

   ОРАЗАНЫ БУЗБАСА ДА ПАЗЫЙЛЕТИН КЕТКИЗЕТУҒЫН ӘМЕЛЛЕР

   Айырым әмеллер оразаны бузбайды, бирақ ораза тутыўшыға берилетуғын пазыйлетлерди жоқ қылып жибереди. Олар төмендегилер:

  1.  Нәмәҳрамға қараў;
  2.  Ғыйбат қылыў;
  3.  Фаҳш сөзлерди айтыў;
  4.  Өтирик сөйлеў;
  5.  Ғыйбат ҳәм өтирик сөзлерди еситиў;
  6.  Сатып бериў
(шағымшылық);
  7.  Биреўге азар бериў (тил ямаса қол менен);
  8.  Қәлбти қарайтатуғын қосықлар тыңлаў;
  9.  Ўақытты кеткизетуғын бийкаршы ойынларды ойнап Аллаҳтың зикиринен шалғып қалыў;
  10.   Шаҳўаты күшли инсанлар ҳаялын сүйип қушақлаўы.


   Бизлер ораза болып турып усы нәрселерден сақланбайды екенбиз, онда тек аш жүргенимиз қалады. Солай екен, бар жоғы бир ай даўамында усы нәрселердиң айырымларынан узақ болсақ, және айырымларынан пүткиллей узақлассақ, Аллаҳтың қәлеўи менен өмиримизге қут-берекет кириўи анық.

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


#Рамазан_сораў_жуўап

   СОРАЎ:
Рамазанда қандай зикирлер уллы, қайсысын көп айтыў керек?

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.
   Рамазан - Қураны кәрийм нәзил болған ай болғаны ушын, Қураны кәриймди басқа айларға қарағанда көбирек оқыў усыныс етиледи. Өйткени, Қураны кәрийм ең уллы, ең абзал зикир. Буннан басқа тасбиҳ (Субҳаналлоҳ), таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллоҳ), истиғфар (Астағфируллоҳ), ҳәмд (Әлҳамдүлилләҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбәр) ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў да ең абзал зикирлер есапланады. "Аллаҳ, Аллаҳ", деп жүриў де зикирдиң ең тилге аңсат көриниси. Ўаллаҳу әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы пәтиўа орайы.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Садақа бендениң мал дунясын азайтпайды керисинше Аллаҳ Таьала ол бендесиниң мал дунясына берекет береди.

Пайғамбарымыз с.а.у. кимде ким бир мусылманның ауырын жеңил қылса, Аллаҳ Таьала ол бендесиниң да бир қыйыншылығын жеңил қылады, дейди.
Мүбәрек Рамазан айының сауабынан бос қалмай жәннет есиклери ашылатуғын айда көбирек жақсы әмеллерди ислеуде жарысайық.

Пайғамбарымыз с.а.у. айтады кимде ким рамазан оразасын ийман менен сауап нийетинде тутса, оның алдынғы гүналары кешириледи деген.

Аллах Тьала тутқан оразамызды хәм ийгиликли ислеримизди қабыл етип Рамазан айынан Рамазан айына аман есен жеткере бергей.

Рамазан айы қутлы мүбарек болсын !

Рахимжан ТЛЕУБАЕВ, Мойнақ районы бас имамы, "Тоқпақ ата" жәмәә мешити имам-ҳәтиби.

https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Ҳүрметли Мойнақ районы халқы!

Сиз әзийизлерди айлардың султаны болған мүбәрек Рамазан айына уатанымызды, халкымызды, мумин-мусылманларды аман –есен жеткерген Аллаҳ Таьалаға есапсыз шүкирлер болсын.

Сизлерди мумин мусылманлардың уллы айы болған Рамазан айы менен шын жүректен қутлықлайман.

Хәр бир шаңараққа ауыз биршилик хәм Аллаҳ Таьала рахметин және берекетин тилеймен.

Рамазан айы жақсы әмеллерди қылыу да жарысатуғын ай. Өйткени Аллаҳ Тағала қураны кәримде (Бакара сүресиниң 148 аятында былай дейди, солай екен жаксы ислерди қылыуда асығың ) дейди.

Ийгиликли әмеллердиң сауабы бир неше есеге көбейтип берилетуғын мүбарек Рамазан айында, кем тәмийнленген шаңарақларға хәм жетимлерге, көп балалы шаңарақларға жәрдем бергенимиз абзал.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌙 Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратларининг
РАМАЗОН ОЙИ ТАБРИГИ

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


#tabrik #qutlov #ramazon #2025
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING ✅ VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


Муборак Рамазон ойи кириб келиши муносабати билан Ўзбекистон халқига табрик

Поздравление народу Узбекистана с наступлением священного месяца Рамадан

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


#рамазан_2025 #ораза_ўақты
01.03.2025 жыл

АЎЫЗ
ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ:
«Нәўәйт
у ән асуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби хоолисол лилләҳи тәъааләә».

МӘНИСИ: Рамазан айының оразасын таң атқаннан Қуяш батқанға шекем қалыс Аллаҳ ушын тутыўға нийет еттим.

☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️☘️

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ:
«Аллооҳ
уммә ләкә сумту ўә бикә әәмәңту ўә ъаләйкә тәўәккалту ўә ъаләә ризқиқә әфторту фәғфирлий йәә ғоффәәру мәә қоддәмту ўә мәә әххорту».

МӘНИСИ: Аллаҳым Сениң ушын ораза туттым. Саған ийман келтирдим, Саған тәўеккел еттим ҳәм Сениң берген ырысқың менен аўызымды аштым. Ҳәй гүналарды кешириўши Аллаҳ, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды кешир

МОЙНАҚ РАЙОНЫ ЎАҚТЫ МЕНЕН

АЎЫЗ Ж
АБЫЎ 06:17
АЎЫЗ АШЫЎ 18:54

Бизди социаллық тармақларда
бақлап барың!

•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

Telegram
https://t.me/Toqpaq_ata_uz


Paziyletuz | Рәсмий канал dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌙Рамазан қутлықлаўы

🕌Ҳүрметли ўатанласлар!

Кеўиллеримизди қуўанышқа бөлеп, муқаддес Рамазан айы кирип келмекте. Усы мүнәсибет пенен сизлерди, гөззал журтымыздағы бәрше мөмин-мусылманларды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти атынан, республикамыздың бәрше имам-хатиблери атынан, сондай-ақ ислам билим журтымыз устаз ҳәм талабалары атынан шын қәлбимнен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Мине, усындай пайызлы ҳәм уллы күнлерде бәршемиз дәслеп Аллаҳ таалаға шүкирлер айтыўымыз тәбийий.

Қәдирли ўатанласлар!

Бәршеңизди мүбәрек Рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети  менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман!

Жанажан ўатанымыз, елимиз, шаңарақларымыздан тынышлық, аўызбиршилик, қут-берекет ҳеш қашан тәрк етпесин!
Ийгиликли мақсетимиз ҳәм ислеримизде Аллаҳ Өзи ҳәмийше яр болсын!

🤣Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Muslim.uz dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌙 Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратларининг
РАМАЗОН ОЙИ ТАБРИГИ

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


#tabrik #qutlov #ramazon #2025
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#Тараўиҳ #Рамазан_2025

🌙 БҮГИН ЕЛИМИЗДЕГИ ҲӘММЕ МЕШИТЛЕРДЕ ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ ҲӘМ ҚУРАНЫ-КӘРИЙМ ХАТМЛАРЫ БАСЛАНАДЫ!

😐ЕСЛЕТПЕ: ТАРАЎИҲ НАМАЗЛАРЫ БАРЛЫҚ МЕШИТЛЕРДЕ 😵21:10 ДЕ ОҚЫЛАДЫ.

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.