Кеңпейилликтиң жоқары өрнеги
Кеңпейиллик, кеўилдиң кеңлиги бойынша бизлерге үлкен өрнек болған кисилерден бири Саҳл ибн Убайдуллоҳ Тустарий раҳматуллаҳи алайҳ болады.
Бул уламаның мажусий, яғный отқа табыныўшы бир қоңсысы болған. Ол мажусий ҳәўлисиндеги ҳәжетханасы ҳәзирети Саҳлдиң үйи тәрепке тақап салынған еди. Оннан ҳәр күни напәкликлер ҳәм шығындылар ағып турар еди.
Саҳл ибн Убайдуллаҳ Тустарий ол жерге бир ләген қойып ҳәр күни өзи барып тазалап турар еди. Күни менен ол ләген толар, түнде, ҳеш ким көрмейтуғын ўақытта алып шығып, төгип келетуғын еди. Бирақ бул исти қоңсысы мажусий адамға улыўма айтпады. Еки қоңсы бир өмир усындай жасады.
Ўақты келип, Саҳл ибн Убайдуллаҳ Тустарий қартайып, әжели жақынласқанда қоңсысын шақырды.
Мажусий қоңсы кирип келди, Саҳл ибн Убайдуллаҳ оған: «Барып, анаў дийўалдың асты тәрепине қара», деди. Мажусий қоңсы барып қараса, ләгенде напәкликлер толып турыпты. «Бул не?» деп сораса, ҳәзирети Саҳл:
«Ҳәр күни сениң үйиңнен усы нәрселер ағып турады. Күндизи усы ыдыс толады, түнде апарып төгип келемен. Әжелим жақынласып қалғанға уқсайды, соның ушын саған буны айтып атырман. Болмаса айтпаған болар едим. Меннен кейин саған қоңсы болып келетуғын адамның минези қандай болатуғынын билмеймен. Бундай ҳалға сабыр ете алмай, сениң менен жағаласыўынан қорқаман. Енди аўҳалды билдиң, бир нәрсе қыларсаң. Қәлесең буны туўрылап қой. Қәлемесең тура берсин. Мен саған қоңсылық ҳақы айтып атырман», деди.
Сонда бул ҳалатқа ҳайран қалған мажусий Саҳл ибн Убайдуллаҳға:
«Ҳәй қоңсым, мен бир мажусий болсам, сонша жылдан бери усыны тазалап киятырсыз ба?», деди ҳәм қоңсысының алдында мусылманлықты қабыл етти.
Каналымызға ағза болыў ушын төмендеги силтемени басың!
https://t.me/joinchat/AAAAAEbfMm7dfVmRGUVSJA