#мағлыўмат
ҮШ ИЛЛЕТТЕН САҚЛАН
Ҳәмме гүна ислер мына үш жаман иллеттен келип шығады:
1. Тәкаббырлық. Шайтан Аллаҳ тааланың дәргайынан қуўылыўына тәкаббырлығы себеп болған. Аллаҳ таала Адам алайҳиссаламды жаратқаннан кейин периштелерге Адам алайҳиссаламға сәжде етиўге буйырған, сонда шайтан: "Мен жалыннан жаратылғанман, ал Адам топырақтан жаратылған, мен өзимнен пәс нәрсеге сәжде қыламан ба?", деп тәкаббырлық етип, Аллаҳтың буйрығын орынламаған, нәтийжеде Аллаҳ тааланың дәргайынан қуўылған. Демек ким тәкаббыр болса, онда ол шайтанның даўамшысы болады. Мусылман адам бундай иллеттен аўлақ болыўы лазым.
2. Нәпсиниң қәлеўи. Адам алайҳиссалам нәпсиниң қәлеўин қыламан деп жәннеттен шығарылған. Аллаҳ таала Адам алайҳиссалам ҳәм Ҳаўа ананы жаратқаннан кейин жәннетте қәлеген нәрседен жең, тек ғана мына теректиң мийўесин жемең, деп бир теректи көрсетеди. Нәпси бул қайтарылған нәрсеге қызығып, ақыры жеп қояды, нәтийжеде Адам алайҳиссалам ҳаял Ҳаўа ана менен жәннеттен жерге түсириледи. Адам балалары да нәпсиниң қәлеўинен аўлақ болыўы лазым. Аллаҳ таала нәпсини тыйып турыўға шақырған.
3. Көре алмаўшылық. Адам алайҳиссаламның бир баласы инисин өлтириўине себеп болған иллет. Адам алайҳиссаламның бир баласы шопан болады, және бир баласы дийқан болады. Аллаҳ таала буларға тапқанының садақасын шығарыўға буйырады. Шопан ең жақсы қойын шығарады, дийқан ўақты өтип кеткен жүзимлерди шығарады. Сонда шопандыки қабыл болып, дийқандыки қабыл болмайды. Дийқан шопанды көре алмай оның жанына қас қылады ҳәм бул иси менен дүньядағы биринши жынаятшыға айланады.
Ким усы үш иллеттен сақланса, жаманлықтың ҳәммесинен сақланған болады. Себеби күпир келтириў тәкаббырлықтан, өзин жоқары тутыўлықтан келип шығады. Гүнаға батыў нәпсиниң айтқанынан шыға алмаўдан келип шығады. Басқаларға жәбир ҳәм зулым көре алмаўшылықтан келип шығады.
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ