Hikmetli sózler dan repost
#ўақыя
"ВРЕМЯНКА"
Бир жигит гөнерип қалған үйин бузып, орнына тазадан еки этажлы үй тикледи.
Жаслықтан бирге оқыған, бирге өскен жораларын үйине мирәт етти. Бирге шай ишип, гүрриңлесип отырғанда жораларынан биреўи үй ийесине: "Жора үйди қатырыпсаң, ҳәмме шараятлары менен зор етип ислетипсең", деди. Үй ийеси: "Жора еле көп нәрсени билмейсең, бул мениң "времянкам" ғой", деди.
Сол ўақытта үй ийесиниң телефонына қоңыраў келди ҳәм қоңыраўға жуўап бериў ушын сыртқа шықты. Сөйлесип болып ишке киргенде жоралары ол ҳаққында сөйлесип атыр екен, биреўи: "Бул оның времянкасы болса, ҳақыйқый жайы қандай екен", десе, екиншиси: "Онда бир неше жайлары бар болыўы керек менимше", деди, және биреўи: "Меннен ол пәлен сом қарыз алып еди, адамларға да ҳайрансаң, қоса-қоса жай салғанша қарызын төлесе болады ғой, бундай екенин билгенимде бермеген болар едим", деди. Сол ўақытта үй ийесиниң киятырғаны еситилди ҳәм ҳәммеси бирден тоқтап қалды.
Үй ийеси кирип келгенде жораларынан биреўи: "Жора жаңа сен бул үйиңди времянкам деп едиң ғой, ҳақыйқый үйиңди де бир көрсет", деп қалды.
Үй ийеси күле шырай менен: "Сизлер қәте түсинипсизлер. Времянка сөзин басқа мәниде айтып едим. Мине ҳәммемиз де демде 35-40 жаслар әтирапына келдик. Әдетте адамлар 70-75 жыл жасайтуғын болса, демек өмиримиздиң ярымы өтип кетипти, енди шамалап айтатуғын болсақ қалған жағында да бәлким усынша өмиримиз бар шығар, жыллардың көз ашып жумғанша зымырап өтип атырғанын айтпасақ та болады.
Соның ушын ҳәмме нәрсе ўақтынша деген мәнисте үйди де "времянка" деген едим", деди...
Каналымызға ағза болың!
http://t.me/hikmetlisozler