Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлтек түрлери.Жаманға ис тапсырсаң,
Қаратады жолаўшыға.
Жақсылар дусласпаға келеди,
Шешенлер айтыспаға келеди.
Мереке жайғастыра алмаған,
Көпшиликти мушластырыўға келеди.
Жаў жоқта ҳәмме батыр.
Қолың көтере алмаған шоқмарды,
Белиңе неге байладың?
Соқырдың қолына,
Саңыраўдың астына түспе.
Тентектиң ақылы түстен кейин енеди.
Сыпайы тоңбас, қалтырар.
«Жаў келди» деп,
Жүрисимнен жаңылайын ба?
«Әкем өлди» деп,
Күлисимнен жаңылайын ба?
Жарақлыға жаў жолықпайды.
«Ўарқ» еттик, «шарқ» еттик,
Жаздың өткенин билмей қалдық.
Сумлықты ала тана баслайды.
Уәде-ақ қумнан табысқайлы болсын.
Той өткен соң, даңғара.
@naqillar