❗️
Улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс питкериўшилери дыққатына
Жыллық баҳа ҳəм
жуўмақлаўшы аттестация нəтийжелерине көре, улыўма орта билим бериў мəмлекетлик билимлендириў стандартлары талапларын орынламай,
“қанаатландырарсыз” баҳа алған питкериўшилер
сол класста қайта оқыўға қалдырылады.Бир ямаса
еки пəннен өткерилген имтиханда қанаатландырарсыз баҳа алған питкериўшилерге ақырғы имтиханнан кейин
еки ҳəпте өткеннен соң қанаатландырарсыз баҳа алған пəнинен
қайта имтиханнан өтиў ҳуқықы бериледи.Тийкар: Халық билимлендириў министриниң 56-санлы бўйрығы✔️
Оқыўшыларға жиберип қоямыз.Бизге ағза болың 👉 https://t.me/bilimlendiriwpress