⚡️Енди пуқаралар 3 еселенген салық төлеп отырған жерлерин аукционсыз атына өткерип алыўы мүмкин
💰Салық кодексиниң 437-статьясы бойынша жер участкаларынан ҳүжжетилерсиз ямаса ҳүжжетинде көрсетилгенинен артықша жерди ийелеп отырған пуқаралар жер салығын 3 еселенген ставкада төлейди.
✅ Нызамға тийкар, енди пуқаралар 2018-жыл 1-майға шекем ҳүжжетлерде көрсетилген жер участкасы майданынан артықша ийелеген жер участкасын ҳәм сол жерге қурылған имаратлар менен қурылмаларды атына өткерип алыўы мүмкин.
🔰Бунда артықша жер участкасы ҳүжжеттеги жерди қосқанда 01.07.1998-жылға шекем ийеленген болса – 0,24 гектарға шекем, 01.07.1998-жылдан 01.05.2018-жылға шекем ийеленген болса – районларда 0,12 гектарға, Нөкис қаласында – 0,06 гектарға шекем ҳүжжетлестирилиўи мүмкин.
❗️Яғный, пуқаралар өзлериниң ҳүжжети бар жерине қосымша ийелеп отырған жер участкасын жоқарыдағы муғдарлар шеңберинде ҳүжжетлестиреди.
☝️Егер артықша ийелеген жер участкасы жоқарыдағы нормалардан көбирек болса, онда бул жерлер сол пуқараларға дийқан хожалығын ямаса қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын аукционсыз бериледи.
⚠️ Демек, районларда пуқаралар тәрепинен ҳүжжетлеринде көрсетилген жеринен тысқары улыўма майданы 0,24 гектардан көбирек ийелеп отырған жер участкаларын усы Нызам тийкарында дийқан хожалығы яки қыйтақ жер хожалығы етип атына аукционқа қойдырып отырмастан ҳүжжетлестирип алыўы мүмкин. Алдын артықша жерлерди тек аукцион арқалы алыуға болатуғын еди.
❌Атына ҳүжжетлестирип алғаннан кейин пуқаралар бул жерлери ушын жер салығын 3 еселенген муғдарда төлемейди.
https://t.me/maman_advokat