KRuz.uz |Рәсмий канал


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


KRuz.uz сайтына мүрәжат жоллаў ушын бот: @kruzu_bot
Реклама ушын: @Polat_Turganbaev

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


🕠 11-март күнги сәҳәрлик ҳәм ифтарлық ўақытлары

«KRuz.uz» тәрепинен усынылып атырған материалда сәҳәрлик ҳәм ифтарлық ўақытлары, сондай-ақ, дуўалары менен танысыўыңыз мүмкин. Бул Нөкис ўақты менен берилмекте. Басқа районлардағы ўақытлар бир неше минутқа парықланыўы мүмкин.

Материалды таярлаўда Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий телеграм каналында жәрияланған рамазан календарынан пайдаланылды.

🚀 Постты ораза тутып атырған танысларыңызға жибериң.

✅ 👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


texnomart dan repost
🤩 Kuningiz hayirli va ushbu texnikalar bilan barokatli o'tsin!

*Narxlar 11-12-mart uchun, xarid qilishni rejalashtirgan bo'lsangiz ayni muddao!

***

🤩 Желаем чтобы ваш день был прекрасным вместе с этой техникой!

*Цены действительны на 11-12 марта, самое то если вы планировали шоппинг!

71-209-99-44
texnomart.uz

👇Obuna bo'ling:
@texnomart


ІІІ шерек жуўмағы бойынша орайласқан сумматив баҳалаў сынақлары пәнлер дизими

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң 2025-жыл 27-февральдағы 72-санлы буйрығы тийкарында улыўма билим бериў мектеплеринде орайласқан сумматив баҳалаў сынақлары төмендеги пәнлер бойынша шөлкемлестириледи.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Hayotda kichik qarorlar ko’p-u, tayyor qo’llanmalar yo’q. Lekin ular kerakmi o’zi?

Eng avval o’zingizga quloq soling: nima «to’g’ri» ekanini faqat siz hal qilasiz. payme esa har qanday yechimlaringizda yordam beramiz.


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
▶️ Мойнақ ҳәкими тазалық хызметкерлерине байрам саўғаларын тапсырды

Ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен район тазалығына жуўапкер болып жүрген Абаданластырыўдағы ҳаял-қызларға қутлықлаўлар жеткерилди. Кишигирим байрам саўғасын тапсырыў ушын район ҳәкиминиң өзи хызметкерлердиң жумыс орынларына барған.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Жасларға 7 жыл мүддетке ҳәм 100 млн сумға шекем жеңиллетилген кредитлер бериледи

Президентимиздиң 14.02.2025-жылдағы ПҚ-62-санлы "Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына 'https://t.me/joqargikenes/24800https://t.me/joqargikenes/24800' rel='nofollow'>тийкар,

2025-2027-жылларда "Жаслар бизнеси" бағдарламасы әмелге асырылады:

➖Усы бағдарлама шеңберинде "Бизнеске биринши қәдем" жойбарына муўапық 18 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған социаллық салық төлеген өзин-өзи бәнт еткен физикалық тәреплерге онлайн формада жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 100 млн сумға шекем кредитлер жеңиллетилген микроқарыз сыпатында ажыратылады.

➖"Жаслар ушын жумыс орынлары" жойбары тийкарында ЖШЖ сыпатында жумыс алып барыўшы жас пуқараларға, сондай-ақ, шөлкемлестириўшилери жас пуқаралар болған юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалда жумыс алып барыўшы киши исбилерменлердиң кеминде 20 жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутыўшы жойбарларына жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 5 млрд сумға шекем қаржылар ажыратылады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


❗️Бүгиннен баслап "Басламалы бюджет"те даўыс бериў мүмкин

Бүгин 2025-жыл 1-мәўсими ушын таңлаўдан өткен жойбарларға даўыс бериў басқышы басланады.

Процесс 20-март саат 23:59ға шекем даўам етеди.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
🌊 Арал, Кәспий ҳәм Қара теңизлери суўының соңғы 30 мың жыллықтағы өзгериўи

Изертлеўшилер теңизлер суўының соңғы 30 мың жыллықта теңиз жүзесине салыстырғанда қандай шетленгенин ҳәр 5 жыллық интервалда 1950-жылға шекем болған дәўир ушын ислеп шыққан.

Графикке қаралса, бул үш ири суў объектлери жақын өткен заманда өзиниң көлемин тез-тез өзгерткен. Арал теңизи болса тез қурып ҳәм тез суўға толып қалыўы жақын 30 мың жыллықта бир неше рет жүз берген.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


🕠 10-март күнги сәҳәрлик ҳәм ифтарлық ўақытлары

«KRuz.uz» тәрепинен усынылып атырған материалда сәҳәрлик ҳәм ифтарлық ўақытлары, сондай-ақ, дуўалары менен танысыўыңыз мүмкин. Бул Нөкис ўақты менен берилмекте. Басқа районлардағы ўақытлар бир неше минутқа парықланыўы мүмкин.

Материалды таярлаўда Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий телеграм каналында жәрияланған рамазан календарынан пайдаланылды.

🚀 Постты ораза тутып атырған танысларыңызға жибериң.

✅ 👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


iPhone 17 Pro Max алдынғы флагманға қарағанда «семизлеў» болады

Қытайдың белгили инсайдери Ice Universeʼниң жазыўынша, «Apple» компаниясының жаңа флагманы — iPhone 17 Pro Max корпусы алдынғы әўлад смартфонына (iPhone 16 Pro Max) қарағанда қалыңлаў болады. Инсайдердиң пикиринше, бул смартфон батареясының сыйымлылығы арттырылыўы менен байланыслы.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


📷 Тағы бир тараў хызметкерлери боди-камера менен тәмийинленеди

Енди МОБ (Мәжбүрий орынлаў бюросы) хызметкерлери де боди-камерадан пайдаланыўды баслайды.

Бул бойынша нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары тәрепинен екинши оқылыўында қабылланды.

Оған көре, бул нызам жойбары пуқаралардан қарыздарлықлары ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дараматты орнатыў, сондай-ақ, мәмлекет атқарыўшылары тәрепинен мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлерин әмелге асырыўда мобиль видеобақлаў қуралларынан пайдаланыўды нәзерде тутады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


#рамазан_2025

❓Рамазан айында өзиңизни тетик сезиўиңиз ушын ТОП-10 мәсләҳәт


1. Аўқатланыўды қурытылған хурма мийўеси менен баслаң, себеби ол шекердиң зәрүр дереги есапланады. Бир неше саат аш жүргениңизден кейин ол ишектеги ҳәрекетлерди тәртипке салады. Қурытылған хурма мийўеси магний ҳәм калийге бай болады.

2. Рамазан жаз айларының ыссы күнлерине туўры келгенде. Бул жағдайда сиз ифтарлықтан кейин жеткиликли муғдарда суў ишиўди қадағалаң. Түн даўамында орташа 8 стакан суў ишиў мақсетке муўапық. 

3. Шор, дузланған затлардан сақланың - шор мөженелер, шор қыяр, консерваланған ямаса қайта исленген азық-аўқат өнимлери усылар қатарынан. Дузланған азық-аўқатлық затлар адамлардың тез шөллеўине алып келеди.

4. Тағамды әсте жең. Қурытылған хурма менен баслап, изинен суў ишиң, кейин суйық аўқат, одан кейин салат пенен қойыў аўқат. Избе-изликке әмел етиң, себеби надурыс аўқатланыў қарында қолайсыз аўырыўларды келтирип шығарыўы мүмкин. Рамазан айында көпшилик адамлар надурыс аўқатланыў нәтийжесинде машқалаларға дус келеди.

5. Ифтарлықта дән өнимлери, белок, мийўе ҳәм палыз өнимлери болыўы керек.

6. Майсыз гөш, таўық гөши, балық, белгили бир муғдарда зайтун майы аўқаттың дереги болса, аўқатты сиңириўде машқалалар жүзеге келмейди. Майлы тағамлардан абайлы болың. Гөш өнимлери, мәйек ҳәм сүт өнимлери белокқа байлығы ядыңыздан шықпасын. Ол адамларды тоқ қылады.

7. Мазалы өнимлерди ифтардан (аўыз ашардан) 2-3 саат өтип жеў усыныс етиледи. Сондай болса да олар нормада болыўы керек, себеби нормадан зыяты адамды тез шөллетеди.

8. Кофени шеклең. Егер сиз кофени көп ишетуғын болсаңыз, жақсысы бул әдетиңизди таслаң, сонда бас аўырыў ҳәм уйқысызлықтан азап шекпейсиз.

9. Үш мәрте аўқатланыўды әдет етиң: ифтарлық (аўыз ашыў), кешки жеңил аўқатланыў ҳәм сәҳәрлик (аўыз жабыў). Сонда ғана ден саўлығыңызға зыян жеткермейсиз, ифтарлықтан кейин тынбай аўқат жеў, жақсы ақыбетлерге алып келмейди.

10. Физикалық шынығыў менен шуғылланың— бул Рамазан айында ден саўлық ушын жүдә пайдалы. Ифтарлықтан 1-2 саат өткенде спорт пенен шуғылланыў саламат турмыс тәрзиниң гиреўин белгилеп береди.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


10-март мектеплерге де қосымша дем алыс күни болама?

Бәнтлик министрлиги ислеп шыққан календарьға көре, март айында 5 күнлик жумыс ҳәптесине ийелер улыўма есапта  13 күн, 6 күнлик жумыс ҳәптесине ийе хызметкерлер болса 9 күн даўамында дем алады.

Соның менен бирге, 8-март сәнеси шемби күнине туўры келгенлиги ушын, 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынларға 10-март (дүйшемби) күни қосымша дем алыс күни есапланады.

Бирақ мектеплер 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислегенлиги ушын, 10-март күни мектеплерде ҳәмме ушын сабақ ҳәм жумыс ўақты болады.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
👠 «Туфли қәде»ниң тарийхын билесиз бе?

Репортёр Айзада Амангелдиева өзиниң жеке Instagram бетине усы ҳаққындағы видеоны жайластырды.

✅ 👉 @KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар


Hamma xohlaydigan, ammo qo‘rqadigan va yoqtirmaydigan mavzu: KREDITLAR.

TBC Bank bilan barchasiga oydinlik kiritamiz: qaysi biri — cho‘pchak, qaysi biri — haqiqat?!

Kimda-kim kredit bo‘yicha hoziroq, shu yerning o‘zida va 1 minut ichida javob olishni xohlasa, nima qilish kerakligini bilasiz:

TBC UZ ilovasini yuklab oling!


🕠 9-март күнги сәҳәрлик ҳәм ифтарлық ўақытлары

«KRuz.uz» тәрепинен усынылып атырған материалда сәҳәрлик ҳәм ифтарлық ўақытлары, сондай-ақ, дуўалары менен танысыўыңыз мүмкин. Бул Нөкис ўақты менен берилмекте. Басқа районлардағы ўақытлар бир неше минутқа парықланыўы мүмкин.

Материалды таярлаўда Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий телеграм каналында жәрияланған рамазан календарынан пайдаланылды.

🚀 Постты ораза тутып атырған танысларыңызға жибериң.

✅ 👉
@KRuzuz — Қарақалпақстандағы ең исенимли хабарлар

16 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.