Hikmetli sózler


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


Ҳикметли сөзлер - Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының paziylet.uz сайтына қараслы канал.

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


#ўақыя

ҮМИТТИ СӨНДИРМЕ

Жон Гуденаф шығысы Германиялы алым. Англиядағы Оксфорд университетинде напақаға шыққанша жумыс иследи. Ол 65 жасқа толғанда университет нызамларына көре оны напақаға шығарды.
Бирақ ол буның менен илим жолынан тоқтап қалмады. Жумысын даўам еттириў ушын Америкаға көшип өтти.
Ол Техас университетине жумысқа кирди. Себеби ол университетте устазларды мәжбүрий напақаға шығармайтуғын еди.
Ол жерде ол қайта зарядланыўшы литий-ионн аккумляторы бойынша илимий изертлеўлерин даўам еттирип 2019-жылы 97 жасында химия бойынша Нобель сыйлығын алды.
Жасың қаншелли үлкен болса да, алдыңа қойған мақсетлериңнен тоқтама, үмитлериңди сөндириўине жол қойма. Әлбетте ҳәмме ўақыт имкан болады.


http://t.me/hikmetlisozler


#мәнили_сөзлер

Анаң менен әкеңниң арасында қандай парық бар екенин билесиз бе?

– Анаң сени дүньяға келтирди.
– Әкең саған дүньяны берди.
– Анаң саған өмирди үлести.
– Әкең саған усы өмирде қалай жасаўды үйретти.
– Анаң сени аш емессең бе, хабардар болды.
– Әке ашлықтың қәдирин үйретти.
– Анаң сендеги итибар сезимин оятты.
– Әкең сендеги жуўапкершилик сезимин оятты.
– Анаң сени жығылыўдан қорғады.
– Әкең саған жығылыўдан кейин қалай турыўды үйретти.
– Анаң саған аяқта қалай жүриўди үйретти.
– Әкең саған турмыс соқпақларында қалай жүриўди үйретти.
– Анаң меҳир ҳәм гөззаллықты сәўлелендиреди.
– Әкең ҳақыйқат ҳәм шынтлықты сәўлелендиреди.
– Анаңның меҳирин туўылғаннан баслап сезесең.
– Әкеңниң меҳирин өзиң әке болғанда сезесең.
Соның ушын мудамы ата-анаңды қәстерле ҳәм оларды жақсы көриўиңди оларға билдир.


http://t.me/hikmetlisozler






#мағлыўмат

Ҳәмме нәрсе де өзгериўи мүмкин...

Сүйгениң бир күн келип жат болыўы мүмкин.
Достың — душпанға айланыўы мүмкин.
Душпаның — досқа айланыўы мүмкин.
Жаман көрген адамың — жақсы көрген адамға айланыўы мүмкин.
Жақсы сөйлеген — жаман сөйлеўи де мүмкин.
Мақтаған — жаманлаўы да мүмкин.
Қулласы ҳәмме нәрсе болыўы мүмкин....

Тек ата-анаң ҳәм туўысқанларың өзгермейди....
Ҳәр қандай жағдайда да бәрибир олар сени иш-ишинен жақсы көреди....!!!

Жақынларыңыздан меҳириңизди узақ тутпаң!


http://t.me/hikmetlisozler






#рәўият

Бахыт ҳәм бахытсызлық

Жол жағасында бир адам тиленшилик етип отырған еди. Бир атлы адам қамшысы менен бир урып өтип кетти. Тиленши оның изинен:
- Бахытлы бол! - деп бақырды.
Буны көрип турған бир жолаўшы:
- Ол сени урса да, сен оған бахыт тилеп атырсаң ба?, - деди. Сонда тиленши:
- Егер ол бахытлы болғанда мени урмаған болар еди. Биреўге зыян бермейтуғын адам ҳақыйқый бахытлы адам болады, - деп жуўап берди.


http://t.me/hikmetlisozler


#тымсал

​​ШЕГЕНИҢ ҚЫССАСЫ

Бир қалада адамлар зәўлим, шырайлы бир имарат қурды. Ол жүдә көркем еди. Сүтинлери, нағыслары, қулласы ҳәмме жери шырайлы еди. Келген адамлар ол имараттың айналарын, шырайлы бояўлар менен сызылған нағысларын, перделерин мақтар еди. Бирақ ҳеш ким тамның үстинде қағылған шегени айтпас еди. Бир күни шеге ойлап қалды: “Ҳәммени мақтайды, ҳәттеки аяқтың астында жатқан гилемди де мақтайды, мен ҳаққымда бир адам да еслемейди. Демек мен бул имаратқа керек емеспен", деп турған жеринен суўырылып шығып кетип қалды, оның изинен басқа шегелер де ерди.
Сол күни кешке шекем қатты боран болды, шегеси суўырылып шығып кеткен шиферди күшли самал ушырып кетти, бораннан кейин қатты нөсер жаўын жаўды. Шиферсиз қалған имараттан жаўын өтип кетти. Хананың ишине үстинен суў өтип, ханадағы бояўларды өширип таслады, гилемлер ылайға батты, перделер адам көре алмайтуғын аўҳалға түсти.
Шеге буларды көрип, адамлар өзи ҳаққында айтпағаны менен, ол ҳаққында билмегени менен өзиниң қаншелли керекли екенин түсинди. Өзи себепли қанша нәрселер шығындыға айланғанын билди ҳәм қылған исине өкинди.

Жуўмақ: Бәлким қоршаған орталығымызда бизлерди ҳеш ким нәзерге илмес, бәлким бизлер ҳаққымызда ҳеш ким билмес, бирақ ҳәр бир инсанның жәмийетте өз орны бар, ол сол жәмийеттиң әҳмийетли бир бөлеги...
Адамларға жақсылық ислеп турғаныңда сени бүгин мақтаса, ертең қолыңнан жақсылық келмей қалғанда сени жаманлаўы мүмкин. Сен буған қапа болма, өйткени "инсан" сөзи "умытыўшы" сөзинен келип шыққан, делинеди. Ең тийкарғысы ҳүжданың, ийманың алдында пәк болыўың.


http://t.me/hikmetlisozler


#тымсал

ӨЗ ОРНЫН БИЛМЕГЕН АДАМ ҚӘДИРИН ЖОЙТАДЫ

Бир күни ешекти атлар байланатуғын атханаға апарып байлапты, ешек буннан қатты қуўаныпты. Ешек нәсли жоқары атлар жейтуғын жемлерден жеп, атлардың ерлеринен биреўин тағып алыпты. Бир күни атлар киснегенде ешек те қосылып киснейжақ болыпты, бирақ ол бәрибир өзиниң негизине тартып аңқырып жиберипти.

Түсиндирме: Аўа, атханаға байланса да, атлар жейтуғын жемлерден жесе де, атлардың ерлеринен биреўин тағып алса да, ешек бәрибир атқа айланбайды! Сол киби адамлар да илимли адамлар менен бирге жүрсе де, олар аўқатланатуғын нәрседен жесе де, олар кийетуғын кийимнен кийсе де, бирақ олар сөйлегени киби сөйлеўден өзин сақлаўы керек.

Демек ҳәр бир адам өз орнын билиўи лазым. Болмаса шерменде болғаны қалады.


http://t.me/hikmetlisozler




#ўақыя

НЕ ҚЫЛСАҢ ДА ӨЗИҢЕ ҚАЙТАДЫ...

Бул ўақыя ХХ әсир басларында Шотландияда болған...

Атыздан қайтып киятырған фермер батпақ жерден өтип баратырып, сол тәрептен киятырған даўысты еситип қалды. Фермер жәрдемге келди. Батпаққа бир бала түсип кетип, шыға алмай атыр екен. Фермер қасындағы балтасы менен теректи шаўып, шақаларын алып, балаға таслады, бир әмеллеп баланы қутқарып қалды. Бийшара бала қорқыў ҳәм суўықтан дирилдеп атыр еди...
Фермер баланы үйине алып барды, бала әкеси қәўетерлениўин айтып, кетип қалды.
Ертеңине азанда фермердиң үйине қымбатлы карета келип тоқтады. Оннан түскен адам қутқарылған баланың әкеси екен. Ол фермерге рахметлерин айтты ҳәм:
- Баламды қутқарғаныңыз ушын сизге қанша пул берейин?
- Ҳеш нәрсе. Басқалар да усы исти қылар еди, - деп жуўап берди фермер.
- Бирақ мен баламды қутқарғаныңыз ушын сизди разы қылыўым керек, - деди келген мийман.
Сол ўақытта үйден бир бала жуғырып шықты.
- Балаңыз ба? – деп сорады мийман.
- Аўа.
- Фермердиң жуўабына, келген мийман қуўанып кетти ҳәм: Баламды қутқарғаныңыз ушын мен сизиң балаңызды Лондонға алып кетемен. Ол жерде мектепте оқытаман. Ол да әкесиндей жақсы инсан екенине исенемен.

Усылайынша фермердиң баласы Лондонға оқыўға кетти.
Алдын мектеп, кейин университетте оқыды. Тез арада оның аты пенициллинди ойлап табыўшы сыпатында жәҳәнге белгили болды. Сол фермердиң баласы Александр Флеминг еди.

Оған оқып мағлыўмат алыўға көмеклескен адамның аты Рандольф Черчилль, кейиншелик Уллы Британияның Бас ўәзири болған Уинстон Черчиллдиң әкеси еди.
Жән бир гәп. Уинстон Черчилль өкпеси аязлап қалғанда оған шыпа болған дәри – пенициллин болған.
Бәлки соның ушын шығар, Уинстон Черчилль: «Не қылсаң, өзиңе қайтады», дер екен.


http://t.me/hikmetlisozler








#тымсал

Бүргит ҳәм ҳәкке

Бир бүргит ушып келип, жайлаўдағы бир қозыны услап көтерип алып кетти.
Буны көрген ҳәкке: "Мениң оннан қай жерим кем, мен де усы исти қыламан", деп ушып барып, жүни қалың өскен бир қошқарға тасланды. Оның тырнақлары қошқардың қалын жүнине илип қалды. Ол қаншама қанатын қақса да ушып кете алмады. Буны көрген шопан тез жетип келди де, ҳәккени услап алып, оны уша алмайтуғын етип қанатларын кесип таслады ҳәм кеште балаларына берди.
Шопанның баласы: "Аға бул қандай қус?", деп сорады, шопан: "Бул ҳәкке, бирақ ол өзин бүргитпен деп ойлайды", деп айтты.

Көрпеңе қарап аяғыңды соз, дегени усы.


http://t.me/hikmetlisozler


#ўақыя

Биреўдиң ҳақы

- Мына затларымды сатажақ едим, деди уялып турған, қолында төрт айлық шамасында баласы бар жас келин. Ол сөзин даўам етип:
-Балама керекли нәрселерди алажақ едим,-деп айтты.
-Ҳәммесине 30 мың беремен.
-Ҳаў? Таза көйлеклер ғой апа! Бир мәрте ғана кийилген.
-Әне кийилген екен ғой! Қәлемесең басқаға көрсет.

Келиншек әтираптағылардан уялып кетти.
- Яқшы алағойың,-деди жылағандай болып.
Сатыўшы ҳаял қалтасын қайта-қайта қарап кейин:
- Сиңлим, пулды жаңа берип жибериппен, бир айланып келсең пулыңды беремен, бола ма? Маған биреўдиң ҳақы керек емес, деди.

Келиншек не ислерин билмей, шарасыз қалып, разы болды. Базарды айланып келип ол сатыўшыны таба алмады.

Арадан бир ай өтип автобуста еки ҳаялдың сәўбети келиншекке таныстай болып еситилди.
-Ҳәммеси жанып кетти. Ҳеш нәрсе қалмады. Енди ондай үйди қураман дегенше шашларым ағаратуғын шығар.

Келиншекке бул даўыс таныстай сезилди. Дәрриў оларға қарады. Баяғы сатыўшы ҳаял екен. Сатыўшы келиншекке қарап уялып кетти ҳәм қалтасын титкилеп отыз мың сомды шығарды.
-Сиңлим разы болың, -деди жылап.
-Қоя бериң, мен разыман. Таза үйиңизге ислетерсиз,-деди келиншек ҳәм кейинги бәндиргиде түсип қалды.


http://t.me/hikmetlisozler




#ҳақыйқат

Александр Македонскийден сорады:
- "Неге сен устазың Арестотелди әкең Филиптен үстин көресең?
Александр:
- "Себеби әкем мениң аспаннан жерге түсиўиме себепши болған, ал устазым мени тәрбиялап және жерден аспанға шығарды", деген екен.


http://t.me/hikmetlisozler



20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

1 180

obunachilar
Kanal statistikasi