"Ел хызметинде" газетасы


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: ko‘rsatilmagan


" Ел хызметинде " газетасының рәсмий телеграм каналына хош келдиңиз!

Связанные каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri


Басланды...


Бул жағдай бойынша "Ел хызметинде" газетасы тәрепинен журналистлик тексериў алып барылады.

Ҳайран қаларлық жағдай тийисли органлар буған қалайынша көз жумып турған?

@el_xizmetinde


Xushnudbek.uz dan repost
❓Рамазон байрами муносабати неча кун дам олиш берилади?

Бугунги видеоселекторда келгуси ҳафтада Рамазон Ҳайити муносабати билан ҳам аҳолимизга яна 5 кунлик дам олиш берилиши маълум қилинди. Аслида бу янгилик эмас, ўтган йили декабрь ойидаги Президент фармонида бу назарда тутилган эди, бугун қайта эслатиб ўтилди холос.

Кўпчилик дам олиш қайси кунларга тўғри келишини сўрамоқда.

Бу ерда 2 та муҳим маълумотни билишингиз керак:

1️⃣ кетма-кет 5 кунлик дам олиш ҳаммага эмас, фақат ҳафтасига 5 кун ишловчиларга 5 кун дам олиш бўлади. Ҳафтасига 6 кун ишловчиларга эса 4 кун дам олиш берилади;

2️⃣ Президент фармонида 4 май (чоршанба) ва 5 май (пайшанба) кунлари дам олиш кунлари деб эълон қилинган. Лекин бу ерда Рамазон Ҳайити 3 майга тўғри келиши ҳисобга олинган. Ҳали Ҳайит қайси кунга тўғри келиши аниқ эмас, аммо 2 май куни бўлиши эҳтимоли жуда юқори. Шу сабабли дам олиш кунларида ўзгариш бўлиши мумкин.

Келинг, Ҳайит байрамини 2 майга тўғри келади деб тасаввур қиламиз. Шунда дам олиш кунлари қуйидагича бўлади:

✅ ҳафтасига 5 кун ишлайдиганлар учун:

1️⃣ 30 апрель (шанба);
2️⃣ 1 май (якшанба);
3️⃣ 2 май (душанба) – Рамазон ҳайити;
4️⃣ 3 май (сешанба) — кўчирилган дам олиш куни;
5️⃣ 4 май (чоршанба) — кўчирилган дам олиш куни.

Изоҳ: 5 кун ишловчилар кўчирилган дам олиш кунлари эвазига 7 май ва 14 май шанба кунлари ҳам ишга чиқиши керак бўлади.

✅ ҳафтасига 6 кун ишлайдиганлар учун:

1️⃣ 1 май (якшанба);
2️⃣ 2 май (душанба) – Рамазон ҳайити;
3️⃣ 3 май (сешанба) – қўшимча дам олиш куни;
4️⃣ 4 май (чоршанба) – қўшимча дам олиш куни;


👉 @xushnudbek 👈


АТТЕСТАЦИЯҒА ТЕЛЕФОН АЛЫП КИРИЛГЕН…БЕ?

2021-2022-оқыў жылындағы муғаллимлер ушын болып өткен аттестация әдил болып өтти ме?
Мына аттестация ўақтында қыңғырлық ислерди (телефон алып кирилген) қалай түсинсек болады?

Тийисли тарaў қәнигелеринен жуўап күтип қаламыз.

"Ел хызметинде" газетасы жәмийетлик хабаршысы Азамат Нуратдинов
@el_xizmetinde


МАРҲУМНЫҢ ОБАЛЫ КИМГЕ? яки әдалатсызлық қурбаны ҳаққында

Бул мақалада судлардағы әдалатсызлық себепли өз жанына қастыянлық еткен Миллий гвардияның бурынғы хызметкери тәғдири ҳаққында сөз болады.

Мақаланың даўамы:
👇

https://elxizmetinde.uz/qq/4382.html

@el_xizmetinde


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ташкент қаласы ҳәкими Жәҳәнгир Артықхожаев түнде пуқаралар менен ушырасыў өткергени себепли Мийнет министрлиги тәрепинен үйрениў өткерилиўи ҳаққында хабар берилген еди.

Буған себеп ҳүкиметте жуўапкер лаўазымда ис алып баратуғын хызметкерлердиң жумыс ўақтынан тысқары ярым ақшамға шекем ислеўге мәжбүр етилип атырғаны еди.

Ҳәкимлик тәрепинен усы келиспеўшиликлерге мүнәсип жуўап болыпты.

@el_xizmetinde


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Түсе ме деп басымызға күнсизлик,
Аз халықты азайтады Үнсизлик...

С.Сырғабева


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Рәсмий: Нөкис районында "Дамас"лар себепли жол тосылды

2022-жыл 23-апрель күни Нөкис районы орайында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги  тәрепинен рейд жумыслары алып барылды. Усы рейд жумыслары даўамында "Дамас" маркалы автотранспортлардыӊ ҳүжжетлери ҳәм лицензиясы тексерилип, ҳүжжетлери болмаған автотранспортлар ийелери ушын нызам шеӊберинде баянламалар рәсмийлестирилди, деп хабар бермекте Нөкис районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети. Бул узақ ўақыт иркинишлер бойынша жолаўшылар тәрепинен наразылық келип шықты. Саат 12:30да  жол тосып қойылды.  Келип шыққан жағдай бойынша Нөкис районы Ишки ислер бөлими тәрепинен пуқараларға түсиндириў жумыслары алып барылды.

@el_xizmetinde


"ГУАНГЖОУ"дың қыңғыр ислери әшкара болғанлығы айтылмақта.

@el_xizmetinde


Турақ жайлардың «снос»қа түскенин анықлаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи

«Қурылыс тараўына тийисли бирден-бир ҳәкимшилик қурылыс регламентлерин тастыйқлаў ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди.

Қарарға муўапық, төмендегилер бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентлери тастыйқланды:

Имарат ҳәм объектлердиң сыртқы көринисин өзгертиўди келисиў;

Имарат ҳәм объектлердиң қәнигелесиўин өзгертиў, қайта қурыў, реконструкциялаў ҳәм өз аймағында қосымша имарат ҳәм объектлерди қурыўды жойбарластырыўға рухсатнама бериў;

Архитектуралық-жобаластырыў тапсырмасын ислеп шығыў;

Жойбарлық-сметалық ҳүжжетлерди келисиў;
қурылыс-монтаж жумысларын баслаў ушын объектти дизимнен өткериў;

Қурылыс-монтаж жумыслары жуўмақланған объекттен пайдаланыў ушын рухсатнама бериў;
көшпес мүлк бузылыўға түскен яки түспегенлиги ҳаққында мағлыўматнама бериў.

Усы тийкарда, атап айтқанда, имарат ҳәм турақ жайлардың бузылыўға түсиў жағдайы ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын МХО яки БИМХПға мүрәжат етиледи.

⏳Мағлыўматнама алыў ушын арзалар БИМХП арқалы дем алыс ҳәм байрам күнлерине қарамастан, 24 саат даўамында жиберилиўи мүмкин.

🗓Мағлыўматнама 3 жумыс күнинде рәсмийлестириледи ҳәм арза бериўшиниң электрон адресине жиберилип, оған бул ҳаққында хабар бериледи.


@el_xizmetinde


Үстиртте (Қазақстан территориясында) фотоқақпанға түсип қалған жалғыз леопардтың өткен жылы өлиги табылыпты.

Бул леопард Үстиртке Копетдағдан келген болыўы мүмкин, дейди қазақстанлы экологлар. Өлиминиң себеби белгисиз.

@el_xizmetinde


Ҳиндстанлы жетик қәнигелерден уйде турып, мәсләҳәт алыўды қәлейсиз бе?
Балаларда баўыр ҳәм ас сиңириў системасы менен байланыслы машақатлар болса, педиатрик гепертолог др. Деепак Гойал менен, үлкенлерде баўыр кеселлиги бойынша др. Мукул Растогт пенен болатуғын онлайн консультацияларға мирәт етемиз.

Көрик Zoom платформасында әмелге асырылады.

Дизимнен өтиў ушын:
+998902173787
998901457673


Jarayon dan repost
Ҳоким ёрдамчилари уч ой давомида 35,3 млн аҳоли яшайдиган 6,9 млн хонадонни ТЎЛИҚ хатловдан ўтказибди. Улар сизнинг хонадонингизга ҳам ташриф буюрдими?
So‘rovnoma
  •   Ҳа, келди
  •   Йўқ, келмади
  •   Билмайман
18794 ta ovoz


2021-2022- оқыў жылы жуўмағында 5-6-7-8 ҳәм 10-класслардың класстан-классқа өтиў имтиханлары болмайды,-деп хабар бермекте Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги.

Ҳәмме мектеплерде 9 ҳәм 11-класс питкериўшилериниң жуўмақлаўшы имтиханлары 26-майдан 15-июньға шекем өткериледи.

@el_xizmetinde


МОЙНАҚТА НЕГЕ 30 ПАЙЫЗ, АЛ, ЗАРАФШАНДА 60?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Мийнет базарында мийнет мүнәсибетлерин тәртипке салыў ҳаққында қосымша ис-илажлар ҳаққында» ғы 743-санлы қарары менен тастыйықланған «Тәбийий-ықлым ҳәм хожалық-турмыс шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақларда ислеўши хызметкерлер мийнетине ис ҳақы төлеўге район коэффициентлерин, сондай-ақ, оларға ҳәр жылы берилетуғын қосымша дем алыс күнлериниң ең кем мүддетин белгилеў ҳәм қоллаў тәртиби ҳаққында» ғы нызамға муўапық Мойнақ ҳәм Қоңырат районларында 30 пайыз, Зарафшан ҳәм Үшқудық қалаларында 60 пайыз үстемелер белгиленген.

Тәбийий-ықлым ҳәм хожалық-турмыс шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақлар дегенде, дәрҳал көз алдымызға Мойнақ районы сәўлеленеди. Бул пүткил дүнья жүзине белгили де. Бирақ, негедур ең аўыр экологиялық аймақта жайласқан мойнақшыларға, экологиялық ҳәм экономикалық жақтан салыстырмалы түрде жақсы жасап атырған Зарафшан ҳәм Үшқудықлы хызметкерлерден еки есе кемкоэффициент белгиленген.

Арал апатшылығы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдай аўырлығы себепли әпиўайы халық арасында кеселликке шалыныў ҳәм өлимшилик ҳалатлары жыл сайын артып бармақта. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанның арқа районларында гипертония ҳәм бас мий инсульты кеселликлери ҳәр 5 жылда 50-55 пайызға артып бармақта.

Мойнақта аўыр экологиялық жағдай ҳәм де жумыссызлық, мийнетке төленетуғын ис ҳақының қонымсызлығы себепли жергиликли кадрлар бул жерден кетип қалмақта. Жақында президент «Мойнақта ислеймен» деген шыпакерлерге еки есе айлық ис ҳақы төлеў керек екенлигин мәлим еткен еди.
Мойнақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын ҳүкиметимиздиң жоқарыдағы бул қарарына өзгерис киргизиў мақсетке муўапық болар еди. Ис ҳақы төлениўи ең болмаса Зарафшан қаласы ҳәм Үшқудық районлары менен бирдей белгиленсе екен.

Алмас Мәдреймов, шыпакер. Мойнақ районы.

@el_xizmetinde


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Қоскөл-4 машқалалары


"Вашингтон Пост" басылымы журналистлери Бухараның бурынғы әмири, Әмир Алимханнан интервью алыўға келген.

Қабул, 1930-жыл

Дерек: https://t.me/olimjon_usarov

@el_xizmetinde


🇺🇿 Енди қағаз сары реңде болады: А4 қағаз ислеп шығарыўшылары экоқағаз ислеп шығарыўға өтти

Енди офис қағазы бурынғыдай сары реңде болады. Буған Өзбекстанға баслы қағаз жеткерип бериүши Россияда ағартыўшы бирикпелер жетиспеўшилик себеп болмақта.
Айтып өтсек, сары реңли экоқағаз баҳасы бир ай даўамында бир неше мәрте көтерилген ақ қағазға қарағанда арзанырақ болады.

Дерек: @Militsya_Uzb

@el_xizmetinde


Үй-жай ижара баҳалары 15 пайызға көтерилди

Россия ҒХҚлары малыўматына қарағанда, ақырғы бир ярым айда Өзбекстанға 5 мыңнын артық россияалылар келген.

Нәтийжеде февраль айының ақырынан март айының орталарына шекем Ташкетнтте квартира ижарасы орташа баҳасы 15 пайызға көтерилген.

Республикада соңғы үш айда ижәра баҳасы 0,9 пайыздан, яғный 2021-жылдың орташа дәўирине қарағанда еки есе қымбатлаған.

Дерек: @Militsiya_Uzb

@el_xizmetinde

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

6 643

obunachilar
Kanal statistikasi