Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул аймақта аўыл ақсақаллары ҳәм белсендилери менен биргеликте мешит қурылатуғын орын белгиленди ҳәм мешиттиң биринши қазығы қағылды. Басланған бул қайырлы ҳәм саўаплы иске қуран тилаўат етилип, жәмәәт пенен жақсы тилеклер тиленди.