#ҳәдийс #мағлыўмат
Ашура күни оразасы
Әбиў Қатада разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳтан үмит етемен, Ашура күниниң оразасы өзинен алдынғы күнлердиң гүналарына каффарат болса», деди». Имам Термизий рәўияты.
Бул үлкен имканият Аллаҳ тааланың биз бенделерине қылған кеңшилиги ҳәм мийирманшылығы.
Муҳаррамның 10-күнине 9-күнин қосып ораза тутыў сүннет әмел есапланады.
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ашура күниниң оразасын тутты ҳәм ол күнниң оразасын тутыўға буйырды.
Адамлар: «Я Расулуллаҳ, бул күнди яҳудий ҳәм насранийлер уллылайды», деди. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Қашан келеси жыл болса, иншааллаҳ, тоғызыншы күнниң оразасын да тутамыз», деди.
Кейин, келеси жыл болмастан турып, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қайтыс болды». Имам Муслим рәўияты.
Лекин, айтқан сөзи өз күшинде қалды. Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның үмметлери оның сөзин қабыл етип, муҳаррам айының тоғызыншы ҳәм оныншы күнлери ораза тутыўға әдетленди.
Егер тоғызыншы күни ораза тута алмаса, ашура күнинен кейинги 11-муҳаррамды қосып тутыў мақсетке муўапық болады. Яки 9, 10, 11 - муҳаррам айы күнлерин қосып үш күн ораза тутыў да мүмкин.
Демек, Ашура күни пазыйлетлерин қолға киритиў ушын төмендеги күнлерде ораза тутыў мақсетке муўапық болады:
9-Муҳаррам = 28-Август
Жума күни
Сәҳәрлик: 04:58
Ифтарлық: 19:43
_______________
10-Муҳаррам = 29-Авгуси
Шемби күни
Сәҳәрлик: 05:00
Ифтарлық: 19:42
_______________
11-Муҳаррам = 30-Август
Екшемби күни
Сәҳәрлик: 05:01
Ифтарлық: 19:41
Әбиў Саъид разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким Ашура күни шаңарағына кеңшилик етсе, Аллаҳ оған жыл бойы кеңшилик етеди», деди». Имам Байҳақий рәўияты.
Демек, бул күнде тек ораза тутып қоймастан, шаңарағымыздағыларға да қараўымыз, дастурханлар жайып, байрам қылыў, оларға кеңшилик жаратып, иләжи барынша кемис-қутығын толықтырыўға, олардың мүтәжликлерин алып бериўге, бул күнниң қәдирин, ҳүрметин оларға да түсиндирип қойыўға ҳәрекет етиўимиз керек екен.
Әне, сонда Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқанындай, жыл бойы Аллаҳ таала бизлерге кеңшилик қылады, иншааллаҳ.
Аллаҳ таала бәршемизди Өзи разы болатуғын әмеллерге мыясар қылсын!
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ