Paziyletuz | Рәсмий канал dan repost
#мәнили_қосықлар
ЖӘНЕ ЖОҚЛАП КЕЛ БИЗЛЕРДИ РАМАЗАН
Сен себеп тыйылды жалған сөзлер ҳәм,
Намәҳрамнан қашар болды көзлер ҳәм,
Ибадатта сергек болдық бизлер ҳәм,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Ийманда салдамлы болыўға тетик,
Күни-түн тоқтамай дуўалар етип,
Турмағымыз ушын саўап көбейтип,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Қайыр-сақаўатлар үлесип тәкирар,
Жақсылық жолында гүресип тәкирар,
Ең жақсы нийетлер тилесип тәкирар
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Түнлерди уйқысыз еткизбек ушын,
Ибадатты мәремге жеткизбек ушын,
Аллаҳға муҳаббат өткизбек ушын,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Ҳәр демиң ғәниймет, ҳәр пурсат әзиз,
Жақсылықтан қалар кеўилде зор из,
Келиўиңе ынтық, дилгир көзимиз,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Атыңды уллы деп тәрийплер не ушын?
Ҳәр инәмың жақсы болғаны ушын,
Ҳәмийше көрсетип пәк ислам күшин,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Айлардың султаны өзиң ғанасаң,
Даналардан өткен уллы данасаң,
Пурсат өтип кетсе де қайталанасаң,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Кеўилде қалар болды меҳириңнен излер,
Жыл бойы жүреклер атыңды сөзлер,
Өтип кетпей турсақ егер де бизлер,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Кеўилге жаўызлық жетпестен бурын,
Қәлбти гүнәлар шертпестен бурын,
Ийманның қуўаты кетпестен бурын,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Жәннетте саўаптан қорған қурамыз,
Жүзлерди қыблаға қарап бурамыз,
Несип болса тағы күтип турамыз,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Қарақалпақшалаған Жанполат Кәрим
1440-жыл (ҳижрий) Рамазан айы
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
ЖӘНЕ ЖОҚЛАП КЕЛ БИЗЛЕРДИ РАМАЗАН
Сен себеп тыйылды жалған сөзлер ҳәм,
Намәҳрамнан қашар болды көзлер ҳәм,
Ибадатта сергек болдық бизлер ҳәм,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Ийманда салдамлы болыўға тетик,
Күни-түн тоқтамай дуўалар етип,
Турмағымыз ушын саўап көбейтип,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Қайыр-сақаўатлар үлесип тәкирар,
Жақсылық жолында гүресип тәкирар,
Ең жақсы нийетлер тилесип тәкирар
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Түнлерди уйқысыз еткизбек ушын,
Ибадатты мәремге жеткизбек ушын,
Аллаҳға муҳаббат өткизбек ушын,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Ҳәр демиң ғәниймет, ҳәр пурсат әзиз,
Жақсылықтан қалар кеўилде зор из,
Келиўиңе ынтық, дилгир көзимиз,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Атыңды уллы деп тәрийплер не ушын?
Ҳәр инәмың жақсы болғаны ушын,
Ҳәмийше көрсетип пәк ислам күшин,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Айлардың султаны өзиң ғанасаң,
Даналардан өткен уллы данасаң,
Пурсат өтип кетсе де қайталанасаң,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Кеўилде қалар болды меҳириңнен излер,
Жыл бойы жүреклер атыңды сөзлер,
Өтип кетпей турсақ егер де бизлер,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Кеўилге жаўызлық жетпестен бурын,
Қәлбти гүнәлар шертпестен бурын,
Ийманның қуўаты кетпестен бурын,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Жәннетте саўаптан қорған қурамыз,
Жүзлерди қыблаға қарап бурамыз,
Несип болса тағы күтип турамыз,
Және жоқлап кел бизлерди, "Рамазан".
Қарақалпақшалаған Жанполат Кәрим
1440-жыл (ҳижрий) Рамазан айы
https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ