#рамазан_2025
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Кегейли районындағы «Ийшан қала» мешитинде тараўиҳ намазында болдыТараўиҳ намазы Расулуллаҳ дәўиринен бизге мийрас болып қалды, оны жәмәәт болып оқыў Омар разыяллаҳу анҳу дәўиринде енгизилди.
Мүбǝрек Рамазан айы мүнǝсибети менен бǝрше мешитлерде имам-хатиблеримиз тәрепинен диний-мәрипий сәўбетлер ѳткерилмекте, тараўиҳ намазлары оқылмақта. Бәрше мешитлерде қолай шараятлар ҳǝм имканиятлар жаратылған, емин-еркин ибадатлар қылынбақта. Бул ǝлбетте, елимиздеги ҳүким сүрип турған тынышлықтың ҳәм диний еркинликтиң арқасында.
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Кегейли районындағы «Ийшан қала» мешитинде болып, «Тынышлық ҳәм қәтержамлық - уллы инам. Жат идеяларға қарсы гүресиў. Миссионерликтиң жаман ақыбетлери» темаларында баянат жасады. Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң бүгинги күнде ѳз нәтийжесин бериўи ҳаққында мысаллар менен айтып ѳтти.
… Жәмәәт пенен тараўиҳ намазын оқыды. Тараўиҳ намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.
Аллаҳ таала тараўиҳ намазларымызды, түнги ибадатларымызды Өз дәргаҳында қабыл етсин, Рамазанды саўаплар менен пайдалы жуўмақлаўымызды тәмийинлесин!
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!🥺
Телеграм| 🤪
Facebook| 🛍
Instagram| 😍
Youtube🧐 Интернет сайтымыз:
paziylet.uz