📣📣📣ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ!!!
👮🏻♀️БАЖЫХАНАШЫ БОЛЫЎДЫ ҚӘЛЕЎШИ ЖАСЛАР ДЫҚҚАТЫНА!
⚡️Бажыхана комитети аймақлық бажыхана басқармалары бажыхана постларындағы инспектор ҳәм киши инспектор (20) лаўазымларына хызметке қабыл етиў бойынша таңлаў жәриялайды.
❗️ Бул лаўазымларға таңлаў тийкарында Өзбекстан Республикасы пуқаралары, жасы отыздан аспаған, жоқары мағлыўматқа ийе, өзиниң жеке искерлиги ҳәм әдеп-икрамлылығы, ден саўлығы ҳәм физикалық таярлығы дәрежесине бола бажыхана органы хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға ылайық,– бойы 165 см.ден кем болмаған ер адамлар (20 данаға шекем), 160 см.ден кем болмаған жоқары мағлыўматқа ийе ҳаял-қызлар қабыл етиледи.
Эр талабанлар мүддетли әскерий хызметти яки мобилизациялық шақырыў резервинде ямаса жоқары оқыў орынларында әскерий таярлықтан өткен болыўы керек.
🎓 Талабанлар корейс, француз ямаса кытай тиллеринен биреўин жетик дәрежеде билиўи тийис.
❌ Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында”ғы Нызамның 13-статьясына муўапық, уқыпсыз яки уқыплылығы шекленген деб табылған, хызмет атқарыўға тосқынлық қылатуғын кеселлиги яки физикалық нуқсанлары болған, басқа мәмлекетлик органлардан унамсыз себеплер менен босатылған, садыр еткен жынаяты ушын алдын ҳүкм қылынғанлар, қолланылған жаза түринен, судланғанлық жағдайы тамаланған яки алып тасланғаны ҳәм оған амнистия акти яки апиў етиў қолланылғанына қарамастан ямаса жарасыў мүнасибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилген пуқаралар қабыл етилмейди.
❌ Жоқарыдағы талапларға туўры келмеген, таңлаў басқышларынан өте алмаған яки жақын туўысқанлары ҳаққында биле турып надурыс мағлыўматлар берген, сондай-ақ белгиленген ҳүжжетлерди өз мүддетинде тапсырмаған талабанлар хызметке қабыл етилмейди.
✅Таңлаўда қатнасыў ушын арзалар 2025 жылдың 5 апрел сәнесине шекем (усы куни де)
https://customs.uz/uz/services/vacancy силтемеси арқалы онлайн қабыл етиледи.
Таңлаў бойынша қосымша мағлыўматлар менен
https://new.customs.uz/uz/services/vacancy/questions силтемеси арқалы танысың
Қосымша мағлыўмат ушын аймақлық басқармалардың телефон номерлери усы силтемеде:
https://new.customs.uz/public/docfiles/1690367527.pdf