АНА ТИЛИМСЕҢ
Ана тилим сыр сандығым өзиңсең,
Тилим шыққан "Ана" деген сөзимсең,
Ар-намысым миллетимниң жузи-Сен!
Кеулилге зибан берген Ана тилимсең.
Сен арқалы жырладым мен Ўатанды,
Сениң менен дилўар деп тилим атанды,
Өзиңде еңиреп жоқлап атамды,
Баламды еркелеткен Ана тилимсең.
Жеткердим жерине кеўил шеримди,
Сен менен жырлайман туўған жеримди,
Сен жеткердиң мениң ҳәййиўлеримди,
Бесиктен баўыр басқан Ана тилимсең.
Улымды мақтайман сулыў сөз таўып,
Қызымды сүйермен тилден пал тамып,
Тили жарлы демең сыртқа қыл қаўып,
Кеўлиме жағымлы Ана тилимсең.
Рита ТУРДАНОВА,
Кегейли районлық Халық билимлендириў
бөлимине қараслы14-санлы мектеп директоры
https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹
Ана тилим сыр сандығым өзиңсең,
Тилим шыққан "Ана" деген сөзимсең,
Ар-намысым миллетимниң жузи-Сен!
Кеулилге зибан берген Ана тилимсең.
Сен арқалы жырладым мен Ўатанды,
Сениң менен дилўар деп тилим атанды,
Өзиңде еңиреп жоқлап атамды,
Баламды еркелеткен Ана тилимсең.
Жеткердим жерине кеўил шеримди,
Сен менен жырлайман туўған жеримди,
Сен жеткердиң мениң ҳәййиўлеримди,
Бесиктен баўыр басқан Ана тилимсең.
Улымды мақтайман сулыў сөз таўып,
Қызымды сүйермен тилден пал тамып,
Тили жарлы демең сыртқа қыл қаўып,
Кеўлиме жағымлы Ана тилимсең.
Рита ТУРДАНОВА,
Кегейли районлық Халық билимлендириў
бөлимине қараслы14-санлы мектеп директоры
https://t.me/MSHBSH_tarbiyashilari_kanali
🌹BAQSHA TA'RBIYASHILARI KANALI🌹