Президентимиздиң 3.01.2025-жылғы «2025-жылда республикамыз мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ўақтынан бурын алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша ис-иләжлар ҳаққында»ғы ПҚ-1-санлы қарары тийкарында 29.01.2025-жыл Хожели районында "түнги рейд" иләжи өткерилди. Оған, район ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, ҳуқық қорғаў ўйымлары ҳәм 28 мәҳәлле белсендилери қатнасты. Қатнасыўшыларға қарардың мазмун-мәнисин кең түрде түсиндирип, мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша «жол картасы» ислеп шығылғанлығы айтылды. Сондай-ақ, мәҳәлле хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халық арасында профилактикалық жумысларды белгиленген тәртипте әмелге асырыў бойынша анық тапсырмалар берилди. Буннан соң, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ɵз аймақларында хызмет ўазыйпаларын атқарыў жумысларын баслап жиберди.
Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈
Каналға ағза болыў
👉@xodjeyli_rk👈