Safar.uz


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Din


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Шоманай районы Дийханабад АПЖ “Сафар ата” жаме мешити рәсмий телеграм каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
Din
Statistika
Postlar filtri




қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


Хикмет

Тәрезиден жеп қалыўдың әқибети

Уламалардан бири айтады:

«Бир наўқасты көриўге бардым. Әжели жақынласып, өзин билмей жатырған екен. Оған ҳәр қанша «Шәҳадат» кәлиймасын айтып отырсам да, тили ҳеш айланбас еди.

Өзине келгеннен соң:

«Бирәдар, шәҳадатты сонша айтсам да, тилиңиз сирә айланбады-я. Тынышлық па өзи?» деп сораған едим,

«Тәрезиниң пәллеси аўзымды басып, сөйлетпей қойды», деди.
«Не ушын, тәрезиден жеп қалатуғын едиңиз бе?» деп сораған едим, «Яқ, Аллаҳқа ант ишип айтаман, ондай емес. Бирақ ўақтында тәрезимниң туўрылығын тексерип турмас едим», деп жуўап берди».

Тәрезиниң туўрылығына итибар бермеген адамның ҳалы сондай болса, тәрезиден жеп қалатуғынлардың аҳўалы қандай болар екен?!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


аят

Аллаҳ таала тәўбе қылғанлардың гүналарының орнына саўаплар жазатуғынын ўәде етип былай деген:
"Тек ким (бул дүньяда) тәўбе қылып, ийман келтирип, ийгиликли ис қылса, онда Аллаҳ әне солардың жаманлық (гүна)ларын жақсылық (саўап)қа алмастырады. Аллаҳ - Кеширимли, Рейимли"

("Фурқан" сүреси, 70-аят)

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


🌙Шайтан ушын ең жағымлы сөзлер:

– бир мәртеге ҳеш нәрсе қылмайды;

– еле жассаң;

– Кеўлиң ҳақ болса, таза болса болды;

– қартайғаннан кейин қылармыз;

– заман сизге емес, сиз заманға сай болың;

– бәрибир Аллаҳ кеширеди;

– ойлана берме.

Шайтанның сөзлерине алданып, РАҲМАНҒА ҲӘСИЛИК ҚЫЛМАЙЫҚ!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


АЛЛАҲ ТААЛА ҚУРАНЫ КӘРИЙМДЕ ПЕРЗЕНТ АТА-АНАНЫ ҚАЛАЙ ҲҮРМЕТЛЕЎ КЕРЕК ЕКЕНИН ӨЗИ ҮЙРЕТКЕН

   Аллаҳ таала мөмин-мусылман перзентлер ата-анасын қалай ҳүрмет етиўи керек екенин баян етип айтады:
   «Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет» (Исро сүреси, 24-аят)

   Қанат – ушыў ҳәм көтерилиў себепшиси. Аллаҳ таала бизлерге мысал ретинде мынандай деп буйырып атыр: Ата-анаңыздың алдында сизди басқалардың алдында уллылап турған себеплерди пәслетиң:

🔷Ҳәмелиңиз болса, естен шығарың;

🔷Бай болсаңыз, кәмбағал сыяқлы турың;

🔷Жолбасшы болсаңыз, умытың;

🔷Дәрежеңизди билдиретуғын медалларыңыз болса, шешип қойың;

🔷Шешен болсаңыз, үндемей турың…

   Ата-аналарымыздың алдында әпиўайы перзент болайық.

    «Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл» (Исро сүреси, 24-аят)

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


Нур сүресинде баян етилген әдеплер

1. Руқсат сораў әдеплери;
2. Көзди (ҳарамға қараўдан) тыйыў ҳәм әўретти (зинадан) сақлаў;
3. Жаслардың үйлениўи, некелерин аңсатластырыў;
4. Пәкизе ҳаялларға дөҳмет тасын атыўдың жазасы;
5. Сәлемди жайыў;
6. Бузықлықтың тарқалыўын қадаған етиў.

Түсиндирме: Нур сүреси Мадинада нәзил болған ҳәм ол алпыс төрт аяттан ибарат. Онда мусылманлардың бир-бири менен болатуғын мүнәсибетлери толық баян етилген. Сондай-ақ, Нур сүресинде мөмин-мусылманлардың жеке ҳәм өз ара мәмилелердеги әдеплери, басқалардың үйлерине руқсат сорап кириў, көзди намәҳрамлардан тыйыў, зинадан сақланыў сыяқлы мәселелер ҳаққында сөз барады.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


Дуўа

   Қуран оқып болып қылатуғын шырайлы дуўа:

«اللَّهُمَّ إنَّا نَسْألُكَ أنْ تَجْعَلَ القُرْآنَ العَظِيمَ رَبِيعَ قُلُوبِنَا ، وَنُورَ صُدُورِنَا ، وَجِلَاءَ أحْزَانِنَا ، وَذَهَابَ هُمُومِنَا»💎

  Оқылыўы: "Аллаҳумма иннәә нәс-әлүкә ән тәжъаләл қүр-әәнәл ъазыймә робийъу қүлүүбинәә, ўә нуўро судууринәә, ўә жиләә-ә әҳзәәнинәә, ўә зәҳәәбә ҳүмүүминәә".

Мәниси: "Аллаҳым, биз Сеннен Уллы Қуран қәлбимиздиң бәҳәри, кеўлимиздиң нуры, қайғымызды кетириўши, қәўетеримизди жоқ қылыўшы болыўын сораймыз".

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


ҳикмет

– Ең гөззал жаратылыс не?
– Адам. Себеби, оны Аллаҳ таала гөззал сүўретте жаратқан.

– Ең тез нәрсе не?
– Ақыл. Ол ҳәмме нәрсени изде қалдырады.

– Ҳәммеден дана ше?
– Ўақыт. Себеби, жалғыз ўақыт ғана ҳәмме нәрсени айдынластырады.

– Ҳәмме ушын ең улыўмалық нәрсе не?
– Үмит. Себеби, ол ҳеш нәрсеси жоқларда да бар.

– Ең күшли нәрсе не?
– Зәрүрлик. Себеби, ол ҳәмме нәрсениң үстинен ҳүкимранлық қылады.

– Ең қыйын нәрсе не?
– Өзликти аңлаў.

– Ең аңсат нәрсе ше?
– Басқаларға мәсләҳәт бериў.

– Кимди бахытлы санаў мүмкин?
– Физикалық саламат, руўҳый қәтержам ҳәмде қәбилетин раўажландыра алған адамды.

– Бахытсызлыққа шыдаўдың аңсат жолы не?
– Душпанлардың сеннен де жаман аўҳалға түсип қалғанына гүўа болыў.
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


🍃🌹АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ🌹🍃

    ☀️ Егер сизге жаңа күн жетип келсе...

    ✨ Оны гүналар менен ренжитпең! Себеби ол ҳеш қашан қайтып келмейтуғын Қонақ...

    🌟 Ғәниймет болған Қонаққа "Хош келдиңиз!", деп айтың... Соң парызларды гөззал бежериў, сүннетлерди шырайлы ада қылыў, Қуранды тилаўат қылыў ҳәм тәўбени жаңалаў менен Оны икрам қылың! ☺️🌺

     🌞 Өйткени, қонағын қуўантып, жақсы жуўмақлар менен шығарып салыў мөминге сай қәсийетлерден!

🌸 Субҳаналлаҳ!

🌺 Әлҳәмдүлилләҳ!

🌷 Аллаҳу әкбәр!

🌹 Ләә ҳәўлә ўә ләә қүўўәтә илләә билләҳ!

🌼күниңиз кеўилли өтсин қәдирлим



•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


зикир

«Ләә иләәҳә илләллоҳу ўәҳдаҳу ләә шәрийка ләҳ, ләҳул мулку ўә ләҳул ҳамд, ўә ҳуўә ала кулли шәй-ин қодийр».

Мәниси: Шериги жоқ болған жалғыз Аллаҳтан өзге ибадатқа ылайық ҳақ ибәдат қылыныўшы жоқ. Мулк те, мақтаў да Оныки. Ол бәрше нәрсеге қәдир.

Усы уллы зикирди күнине жүз мәрте тәкрарлаған инсанға нелер берилиўин билесиз бе?

Тәкрарланса бары-жоғы 10-12 минут ўақыт алатығун бул зикир арқалы бенде төмендеги нәрселерге ериседи:

1. Он қулды азат еткенниң саўабы бериледи.
2. Жүз жақсылықтың саўабы жазылады.
3. Қылған жүз жаманлығы өшириледи.
4. Сол күни кешке шекем шайтанға қарсы қорғанда болады.
5. Ҳеш ким бул зикирди айтқан адамнан көре абзал нәрсени қыла алмайды. Тек ғана биреў оннан да көбирек айтқан болса, ол абзалырақ болады.

Қараң, қаншадан-қанша саўаптан бос қалып жүрмиз...

Бул уллы зикр ушын буншелли жоқары сыйлықлар ўәде қылыныўы оның уллы мәнилерди өз ишине алғанынан болса керек.
Бенде буны айтыў арқалы таўҳидты (Аллаҳты бир деп билиўин) билдириўи менен бирге, ширктен (Аллаҳға шерик қосыў) пәк екенин билдиреди. Кейин ийелик, мүлк тек Оған тийисли екенин, бәрше мақтаў ҳәм алғысларға жалғыз Ол ылайықлы екенин мойынлайды. Зикирдиң ақырында Аллаҳ тааланың қүдрети шексиз екенин билдирип, бәрше нәрсеге қәдир екенин тән алады.

Бенде бул зикирди тәкрарлар екен, усы мәнилерди ойлаўы өмирин усы мәнилер тийкарында қурыўға жәрдем береди, изден шыққан жерлерин дурыслаўға ҳәрекет етеди ҳәм әлбетте қәлб қәтережамлығына ериседи.

Аллаҳ таала бизди тили зикирден тоқтамайтуғын бенделеринен қылсын.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


      ДУЎА ҚЫЛЫЎ УШЫН ПАЗЫЙЛЕТЛИ ЎАҚЫТЛАР

     Бенде дуўа қылыўы ушын Аллаҳ тааланың дәргайы ҳәр дайым ашық. Бирақ, Аллаҳ таала базы ўақытларды дуўа қылыў ушын пазыйлетли етип қойған. Бул ўақытларда қылынған дуўалар қабыл болыўы тез болады. Ол ўақытлар төмендегилер:
–   Түнниң ақырғы бөлеги (яғный сәҳәр ўақты);
–   Азан ҳәм иқоматтың ортасында (яғный намазға азан айтылып болынғаннан кейин, парызға иқомат айтыламан дегенше дуўалар тосықсыз қабыл болады);
–   Сәжде ҳалатында (бундай сәжде ҳалатында дуўа қылыў нәпил намазларда болады, парыз намазларда мүмкин емес);
–   Жаўын жаўып турған ўақытта (себеби, сол ўақытта Аллаҳ тааланың раҳмат есиклери ашылып турған болады);
–   Жума күнининиң бир саатында (яғный, бул жума күниниң бир сааты адамлардан жасырылған. Соның ушын Жума күниниң ҳәмме ўақтын дуўа қылып жүриў мақсетке муўапық болады. Сондай етсек, иншааллаҳ сол ўақытқа туўра келип қалыўымыз мүмкин);
–   Арафа күни (яғный Зулҳижжа айының тоғызыншы күнинде қылынған дуўалар да әлбетте қабыл болады);
–   Аўыз ашып атырған ўақытта (бул тек ғана рамазан айында емес, ал басқа күнлери ықтыярый ораза тутып, аўзымызды ашқанда да берилетуғын бир имканият).

     Мине усы ўақытларда қылынған дуўалар әлбетте қабыл болады.

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


дуўа

Ырысқы табылыўын жеңиллетиўши дуўа

"Аллооҳуммәфтаҳ ләнәә әбўәәбә роҳмәтик, ўә сәҳҳил ләнәә әбўәәбә ризқик".

Мәниси: Я Аллаҳым! Бизлерге мийримиңниң есиклерин аш ҳәм берип атырған ырысқыңның есиклерин бизлерге жеңил ет.


•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


АЛЛАҲ ТААЛА ОҒАДА МЕҲРИЙБАН

     Даўыт алайҳиссалам Аллаҳ тааланың алдындағы саўаплар тартылған тәрезиниң үлкенлигин көрип, оның оғада кең ҳәм үлкенлигинен ҳайран қалды ҳәм: "Ҳәй Рәббим! Бундай үлкен тәрезини қандай толтыра аламыз?! - деди. Сонда, Аллаҳ таала: "Ҳәй Даўыт! Егер Мен бендемнен разы болсам, оны ярым хурма менен де толтырып қояман", - деп мәрәҳәмат қылды.
     Аллаҳ таала ҳәммемизден разы болсын

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


🍃🌹АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ🌹🍃

    ☀️ Егер сизге жаңа күн жетип келсе...

    ✨ Оны гүналар менен ренжитпең! Себеби ол ҳеш қашан қайтып келмейтуғын Қонақ...

    🌟 Ғәниймет болған Қонаққа "Хош келдиңиз!", деп айтың... Соң парызларды гөззал бежериў, сүннетлерди шырайлы ада қылыў, Қуранды тилаўат қылыў ҳәм тәўбени жаңалаў менен Оны икрам қылың! ☺️🌺

     🌞 Өйткени, қонағын қуўантып, жақсы жуўмақлар менен шығарып салыў мөминге сай қәсийетлерден!

🌸 Субҳаналлаҳ!

🌺 Әлҳәмдүлилләҳ!

🌷 Аллаҳу әкбәр!

🌹 Ләә ҳәўлә ўә ләә қүўўәтә илләә билләҳ!

🌼күниңиз кеўилли өтсин қәдирлим



•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


қайырлы_түн

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйықлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


Гүнаҳ

Тариҳта Маймуна бинти Шақула деген ҳаял өткен. Ол ўаз-нәсиятшы, қария болған.
Бир күн нәсияты тийкарында ийниндеги липәсинә қырық жети жыл болғанын айтып қалды. Оны анасы тоқып берген екен.
-“Егер (липәс ийеси) Аллаҳқа гүнаҳ қылмаса тез ескирмейди” - деди.
Улы Абдуссамад:
-Үйимиз дийўалы қулайын деп тур.
Анама айттым:
- “Уста шықырып жөнлетейикпе?”.
Анам бир бет қағаз алып бирдеңелерди жазды. Оны дийўалға қыстырып қойыўымды айтты. Соннан кейин дийўал жигирма жыл турды.
Анам өмирден өткеннен кейин дийўалға илинген қағазға нелер жазылғанын билгим келди. Қағазды алған ўақтым дийўал қулап түсти. Қолымдағы бир бет қағазда усы аят ҳәм дуўа жазылған екен:

Әлбетте, Аллаҳ аспанлар ҳәм жерди қулап түсиўлеринен услап турар.
(Фотир сүреси, 41-аят)

Ҳәй, аспанлар ҳәм жерди услап турыўшы Рәббим. Оны услап турғайсаң!
(Ал-бидоя ўан-ниҳоя)

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571


Ҳәй Рәббим!
Салиҳлар әмеллери менен меннен озып кетти. Мен болса Сен таман ақсақ қәлбим менен әсте бармақтаман…
Ҳәй Рәббим!
Басқа бенделериң Саған әмеллерин шәпәәтши қылып сәжде қылып атыр. Мениң болса шәпәәтке мүнәсип болатуғын жақсырақ әмелим де жоқ…
Ҳәй Рәббим!
Бирақ мен Сениң есигиңнен кетпеймен. Ҳеш жерге қозғалмайман. Сеннен әмелимди емес, раҳмат ҳәм көркемлигиңди сорайман!

•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

https://t.me/safar_uz571

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.

269

obunachilar
Kanal statistikasi
Kanalda mashhur