Раўаж ОТАРБАЕВ


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Kitoblar


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, шайыр Раўаж Отарбаев.
БАЙЛАНЫС УШЫН: +99893 487-74-80 пикир-усынысларыңыз болса хабарлассаңыз болады

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


ҲАРМАҢ, ТАХТАКӨПИР АЗАМАТЛАРЫ

Ўатан қушағында саўлатлы бир ел,
Шақырып турғандай шайыр бери кел,
Мени ийтермелер қәлбимде бир жел,
Ҳармаң, Тахтакөпир азаматлары.

Қонақ келсе, қут келди деп қуўанар,
Үлкен-киши, хызмет етип жумалар,
Дуўтар, домбырада жаңлар намалар,
Сазгер, Тахтакөпир азаматлары.

Тандыр, қазан ошақ, ғыжлап тур шоғы,
Тандырда шоқ болса, кеўилдиң тоғы,
Сөз деген, атылған кәманның оғы,
Шешен, Тахтакөпир азаматлары.

Кетседе созылып қыстың қәҳәри,
Қар, қыраў жарасқан сулыў шәҳәри,
Көзинде, жүзинде, жасар бәҳәри,
Жомарт, Тахтакөпир азаматлары.

Қаратерең, Бөршитаўдың жағасы,
Кеўлиң нама шертсе, илҳам сағасы,
Бири ини болса, бири ағасы,
Бир муш, Тахтакөпир азаматлары.

04.03.2025
.


АЛТЫЛЫҚ

Анаў шашы аппақ төрдеги киси,
Ақылы толысып, азайған тиси,
Ертең орнын басыў мурты шошайып,
Жанында отырған егеде иси.
Тынбай айландырып ўақыт шығырын,
Орын алмастырмақ дүньяның иси.

27.02.2025
07.00.


УЛЛЫ ТАРИЙХЫМА ТУТАС ТАҒАМСАҢ
(25-февраль Қарақалпақ халқының миллий тағамы жүўери гүртик күнине)

Жер менен тиллесип ата-бабамыз,
Тапқан несийбесин, еске аламыз,
Татлы тағам жүўериниң дәнинен,
Зағара, гүртигим, ырыс сағамыз.

"Найман", "бой жүўери", "матқайыр" дәнин,
Қыс күни гүртикке ун еткен бәрин.
Қыз-жаўанлар айландырып дигирман,
Қазан-ошақлардың келтирген сәнин.

Нәзик бармақларда соғылған гүртик,
Нәзик иштейлерди турады түртип,
Ошақта жеңгейлер қайнатса сорпа,
Ишерсең, маңлайдың терлерин сүртип.

Ана жерден өнген ырыс сағамсаң,
Кең жаға, кең пейил, жеңге, ағамсаң,
Халқым қәстерлеген жүўери гүртик,
Уллы тарийхыма тутас тағамсаң.

25.02.2025


Жанымда бол
(өмирлик жолдасыма)

Көкирегим, тасып турсын дәрья киби,
Сени маған байлап турған тағдир жиби,
Еңсемди көп ийилдирмес өмир жүги,
Жанымда бол.

Шаң қонбасын, ҳеш ўақ ығбал сарайыма,
Пәк қәлбиңе, кийген атлас-дарайыңа,
Төрт пасылда, қарайын мен ырайыңа,
Жанымда бол.

Әлем гөззал, сулыўлығын билиў ушын,
Сулыўлыққа, бир сулыўлық илиў ушын,
Инсан болып, жасап ойнап-күлиў ушын,
Жанымда бол.

Раўаж Отарбаев.
19.02.2025


ШАДЛАНЫП ЖАСАҢЛАР АДАМЛАР

Пәк тутып азада кеўилди,
Ҳәр күнди өткерип кеўилли,
Қысқартпай өлшеўли өмирди,
Шадланып жасаңлар адамлар.

Жақсылық кеўилдиң айнасы,
Ҳақ кеўил жақсылық шайдасы,
Өмир бул-әлемнен пайғазы,
Шадланып жасаңлар адамлар.

Қыйнамаң жүректи орынсыз,
Ис тутпаң кеўилге қонымсыз,
Көз әзел дүньяға тойымсыз,
Шадланып жасаңлар адамлар.

Тәшўишлер таўсылмас қырық өрим,
Шешилер ойланып бир көриң,
Шарасыз тек ғана бир өлим,
Шадланып жасаңлар адамлар.

22.02.2025.


О,Шайдалық, шайдалық

Қолға қәлем услатқан,
Жүрегимди тыслатқан,
Қәлбимде қар қыслатқан,
О,шайдалық, шайдалық.

Сөзден қырман үйдирген,
Соң қәлбимде түйдирген,
Көкирегимди күйдирген,
О,шайдалық, шайдалық.

19.02.2025


Адамнан қайтпаса, алладан қайтар

Жарасар инсанға, сыйласық, ҳүрмет,
Жасаңыз, қыс күни кеўлиңиз гүллеп,
Ислеп жақсылықты, қылмаңыз миннет,
Адамнан қайтпаса, Алладан қайтар.

Аңласаң, бул өмир өлшеўли сызық
Туўры жүр, жарасқай бес күнлик қызық,
Ҳақыйқат қорғанын, алмаңыз бузып,
Адамнан қайтпаса, Алладан қайтар.

Ўақыт өтер, мисли самалдай ҳүўлеп,
Пасық сөз, тилиңде жанбасын гүўлеп,
Жасайық, жақсылық жалынын үрлеп,
Адамнан қайтпаса, Алладан қайтар.

Пайда жоқ кисиниң дүнья малынан,
Намәҳрем сулыўдың, қасы, қалынан,
Хабар ал, жетимнен, қәсте ҳалынан,
Адамнан қайтпаса, Алладан қайтар.

14.01.2025.


ЎАҚЫТ ҲӘМ ЖАҢА ЖЫЛ

Ўақыт- жүйрик тулпар, жорға жүрисли,
Ўақыт- бул бийреҳим, тәкаббыр сулыў,
Қүдирети таўлардан, таслардан күшли,
Оның иси емес, егленип турыў,

Ўақыт-жетегинде қуўаныш, байрам,
Ўақыт- жетегинде айралық қайғы.
Шуўмақлы шылбырын, шеше алмай ҳайран,
Өмири даўамында адамзат байғус.

Ўақыт- ҳүкми менен келер төрт пасыл,
Ўақыт- қушағында алмасар орын.
Таўсылар, байлықлар, алтынлар ҳасыл.
Ҳийле етип, ҳеш ким туталмас торын.

Ўақыт- аңқаң кеўип симирген суўдай,
Ўақыт- өткинши булт, нөсерли жаўын.
Биреўге, ең шийрин жемислер уўдай,
Биреў, байлап атыр туфлийдиң баўын.

Ўақыт- ийриминде келер жаңа жыл,
Ўақыт- сүйреп кетер, уйытқыған желдей.
Жолдас етким келер, мен оған ҳәр жыл.
Ағла тилеклерди, ҳәммеге теңдей.

31.12.2024


АҚЫЛ-ОЙДЫҢ СУЎСЫНЫ

("Еркин Қарақалпақстан" газетасының 100 жыллығына қутлықлаў)

Қутлы болсын бир әсирлик асырым,
Жүз жыл халыққа хызмет еткен басылым,
Бетлериңди парақласам қунт пенен,
Таўылғандай мен излеген ҳасылым.

Өтмиш пенен, бүгинимди жаңарған,
Көзге ысық бетлериңнен табарман,
Тарийх гүўа, ең дәслепки санларды,
Басыў ушын талай таңлар ағарған.

Жаңа әсир беккемледи қарыўды,
Жеңиллетти хабарды тез алыўды,
Бүгингиниң оқыўшысы аңласын,
Уллылыққа "газит" услап барыўды.

Пешанасын қуяш сүйген, жел сүйген,
Мийнетлери қәдир таўып, ел сүйген,
Жаңалыққа жаны қумар, адамлар,
Сени әзиз перзентине тең сүйген.

Өзиң болып, ақыл-ойдың суўсыны,
Талайлардың дүзелипти бой, сыны,
Айнасысаң, жәмийеттиң тып-тынық,
Бул бир мәзи мақтаў емес, сөз шыны.

Киятырсаң қәдем атып журт пенен,
Ҳәр бетиңди әшекөйлеп қунт пенен,
Қәдириңди аңлағанлар алжаспас,
Олар қоллап, шыға бер, жуп-жуп пенен.

12.12.24


ЖҮРЕК ПЕНЕН СЫРЛАСЫЎ

Уялмайын журт жыйылып қосығымды оқыса,
Оқый салып, журегиниң мүйешине тоқыса,
Қыйналмайын, шаршамайын, сөз айтыўдан ел ушын,
Жүрегим-аў, сен мен ушын, ҳәм ел ушын толқыса.

Ренжиме басқалардан,  не парқың бар сениң деп,
Артықпа я өзгелерден, алатуғын демиң деп,
Жан сырласым билесеңғой, әдетимди әзелден,
Ақшамлары журт уйықласа, уйқым қашар мениң тек.

Журтлар күндиз тас қаласа, мениң исим сөз қалаў,
Жүрегим-аў, сол ушында мениң исим басқалаў.
Сөз қыйқымын ақшам таўып, күндиз терип жүремен,
Оқысын деп мынаў кексе, киятырған жас анаў,

Қолла өзиң, ҳәр бир сөзим,  қаным менен қарылсын,
Тоқпағын бер, қам болмасын, шийкиликтен арылсын,
О, жүрегим бул өмирден утысымыз сол болар,
Бүгинниң ҳәм келешектиң кисесинде барылсын.

27.11.24.
03:19


ЎАТАН ЫШҚЫ

Табаныңа кирсе шеңгел тикени,
Сол ўақ тамған тамшы каныңда ўатан,
Әптаб урып, суўық қуртса диңкеңди,
Қалтырап, түршиккен, жаныңда ўатан.

Әзиз өз елиңниң тикени-шаты,
Билсең, жанға жағар ҳазары менен.
Сиңген руўхыңа, пәк муҳаббаты,
Мың жыллық мазары, базары менен.

Маңлай тери сиңген, бул топыраққа,
Соңыра кеткен оның, тәни қарысып,
Ығбал-бахыт тилеп, алыс урпаққа,
Бабам өткен, ўақыт пенен алысып.

Бийўақ өрт шалмасын, топанлар басып,
Қулпы дөнип турсын гүл-лалазарың,
Ығбал-бахтың жанып, дәўлетиң тасып,
Толғай дәстүрханың, қызғай базарың
15.09.24


Қуяш ҳәм ай

Қуяш жалғыз, ай жалғыз бирақ,
Ашықлары миллиард кеўиллер,
Нурын шашар, миннеттен жырақ,
Қызыл, жасыл ашылар гүллер,

Жер баўырын ийдирер олар,
Ийилдирер алма шақасын.
Музлар ерип, дәрьялар толар,
Силкип қояр, таўлардың басын.

Билекте күш, баста ақыл, аң,
Мурынларды қытықлаған шаш,
Жүреклерге салар қозғалаң,
Ышқы ҳәўири, кең жазып қулаш.

Туўылар жайлаўда сур тери қозы,
Атылар вульканлар, булақ көз ашып,
Неге еримесин кеўилдиң музы,
Турса күн күлимлеп, ай нурын шашып.

12.09.24


ЗАМАНЛАС

Шүкир несип етти, бахытлы заман,
Журт тыныш, тоқшылық, басымыз аман,
Бирлик түп бабаңнан, мийрасдүр саған,
Өзлигимиз, жойытпайық заманлас.

Күннен-күнге дәўлетимиз тассада,
Мәртебемиз бойымыздан ассада,
Тойып, тоңып ақылымыз сассада
Өзлигимиз, жойытпайық заманлас.

Күннен-күнге өзгермекте намамыз,
Нама менен қосып ақыл-санамыз,
Сол намаға секирип жүр баламыз,
Өзлигимиз жойытпайық заманлас.

Биз әзелден нақылға бай халықпыз,
Нақыл менен ақылға бай халықпыз,
Тилимиз бай, ҳүрметке сай халықпыз,
Сөзлигимиз, умытпайық заманлас.

Сәл азырақ ойланыўға бас берген,
Ҳүждан деген, әдил өлшеў тас берген,
Кимге узақ, кимге келте жас берген,
Дүнья мәңги, өмир қысқа заманлас.

19.07.24


БЕРДАҚ ШАЙЫР МЕНЕН РУЎХЫЙ СӘЎБЕТ

Атың Бердимурат, халық айтты Бердақ,
Жасап өттиң елдиң, намысын қорғап,
Илҳамсыз кешлерде, руўхың қоллап,
Жатсам түслериме енермекенсиз.

Заманың тар болған, арзыўың кеңлик,
Тилегиң бар болған, халқыңа теңлик,
Жаным тәнимтики, руўхым сенлик,
Баба, жан дүньямды сезермекенсиз.

Аманат, саўлатлы липаслар шештим,
Өткинши заўқыдан, сападан кештим,
Сиз жаққа жүк артып, баралмас ҳеш ким,
Уқтым сөзиңизден билермекенсиз.

Өтелер адамның, адамға қарызы,
Шешилер адамның, адамға арызы,
Дүнья пүтинлиги, әўладлар парызы,
Жанымызда жақын гезермекенсиз.

Айтсам тәрийп етип, адам, заманды,
Ҳеш ўақ тән алмаған заман, заманды,
Шертейин өзиме мақул намамды,
Руўхың шад болып күлермекенсиз.

https://t.me/rauaj1980


РӘЎШАН ГҮЛЛЕРИ

Хош ийис таратар жасыл бағларда,
Аппақ шық малынар алтын таңларда,
Күш-жигер, илҳам-йош тасар қанларда,
Жанымның ләззети рәўшан гүллери.

Кеўиллерге шексиз шадлық шақырар,
Ақ, қызыл реңге дөнип барқ урар,
Әтирапында қуслар сайрап шарқ урар,
Тынышлық тымсалы рәўшан гүллери.

Сулыўлық, сән берип аўыл-қалаға,
Илаҳий нур сүйген қырға далаға,
Жарасық узатса бала анаға
Муҳаббат тымсалы рәўшан гүллери.


ҚОЛЛАҒАН ХАЛҚЫⱧНЫⱧ ҚОЛЛАРЫ АҒА
(Қәдирдан ағам, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, Халық аралық илимлер академиясы академиги Жолдасбай Турдымуратовтың 75 жасына қутлықлаў)

Қәлбиңиз төринде бүлбил сайрап тур,
Илҳәм тасқын булақ болып қайнап тур,
Сизди зер сабақта беккем байлап тур,
Иләҳий өнердиң сырлары аға.

Балалық бахытқа жаратар негиз,
Сизге, балалықтан музыка егиз,
Көркем-өнер мисли, толқыған теңиз,
Қәсийетли түби, қырлары аға.

Илимге жол ашқан, жаслық жылларың,
Жүрекке мөрлеген, өнер сырларын.
Елде әзиз қылған, аяқ-қолларың,
Терең ықлас, талант нурлары аға.

Талай шәкиртлерге устазлық етип,
Ата, аға болып, изиңе ертип,
Ташкент, Алма ата, Москва, кетип,
Айдын болды жүрген жоллары аға.

Ел намысы, ер жигитге аманат,
Намыслы ер, елге тақпас жаман ат,
Талай елде, оқыдыңыз баянат,
Бәри халықтың дәстан, жырлары аға.

Кәсибиңиз сизиң жылдам ҳәрекет,
Жүрсиз ҳәрекеттен, таўып берекет.
Сол ушын жолдасың, рахмет, ҳүрмет,
Қоллаған халқыңның қоллары аға.

22.05.2024


ЖАҢА ЗАМАН, ЖАҢА ДӘЎИР АДАМЫ

(Қәдирдан аға достым Ахмед Мамбеткаримович Реймовқа академик дәрежесин алыўы мүнәсибети менен қутлықлаў)

Азаматпыз бирге ар деп шабысқан,
Әзим Ташкент шәҳәринде табысқан,
Кеўлим мениң толқынланбай турарма,
Илимдеги, сиз ерискен табыстан.

Илҳам керек шайыр менен алымға,
Болмаса сөз бара бермес барымға,
Жазалмасаң жүрегиңди төңкерип,
Табыў мүшкил "шай ҳалқас"лық қарынға,

Қәлбиң мисли "Жайҳун" болып таспаса,
Ой-қыялың "Қара таў"дан аспаса,
Китапларға мөрлеў қыйын атыңды,
Сөзиң, сынақ тәрезисин баспаса.

Мәрре гөзлеў қыйын жеңди түринбей,
Атың шыға шабыў керек сүринбей,
Жуўырасаң, гүресесең, өмирде,
Изленбесең, изиң қалар билинбей.

Мәзи уйқас сөз айтыўдан жырақпан,
Қурғақ сөзлер түсип қалар қулақтан,
Шын айтарым сәўбетлессем сиз бенен,
Мийрим қанар суў ишкендей булақтан.

Ықлас қойсаң кәсиптиң жоқ жаманы,
Илимди сүйгенниң келди заманы,
Бүгинниң ҳақыйқат қаҳарманысыз,
Жаңа заман, жаңа дәўир адамы.

17.05.2024


ҚАРАҚАЛПАҚТЫⱧ

Тандырында пискен ыссы нанындай,
Тамырында аққан таза қанындай,
Қол узатса, жазық алақанындай,
Мийрим, муҳаббаты Қарақалпақтың.

Бахты бәлент, жулдыз жанар көгинде,
Түп-туўысқан еллер дөгерегинде,
Мынаў кең дүньяның бир бөлегинде,
Бәлент имараты Қарақалпақтың.

Қобызында, ғаз сестиндей намасы,
Дуўтарында, жан дүньясы сазасы,
Шыңқобызда, қызларының “Муза”сы,
Шадлық, салтанаты Қарақалпақтың.

Қалмас орынланбай, айтылған лебиз,
Мәртлик, сақыйлыққа жаралған егиз,
Руўхы шөкпеген, шөкседе теңиз,
Сабыр салтанаты Қарақалпақтың.

Алғыр қыран, батыр бол дер улына,
Шерик бол дер елдиң, бахыт,муңына,
Дақ түсирмеў, ел атына, туўына,
Уллы аманаты Қарақалпақтың.

17.05.2024




📝Сөзи: Р.Отарбаев
🎼Намасы Өзбекстан халық бақсысы Ғайратдин Өтемуратов
Жас бақсы Зулхумар Елиўбаева атқарыўында

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.