Район ҳəкими исбилерменлер менен ушырасты
Қоңырат районында киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти жəне де раўажландырыў арқалы адамлардың турмыс дəрежесин жақсылаў, реал табысын асырыў ҳəм бәнтлигин тəмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Сол мақсетте исбилерменликке кең жол берилип, олар ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.
Район ҳəкими Бекзад Мадаминовтың исбилерменлер менен өткерген ашық сәўбетлесиўинде де тараў ўәкиллериниң мүрәжатлары тыңланды, искерлигиндеш ушырасып атырған мəселелер тийисли шөлкемлер басшылары қатнасыўында додаланды.
Ушырасыўда районда жаңа заманагөй жойбарларды əмелге асырыў, аймақтың пайдаланылмай турған экономикалық мүмкиншиликлерин иске салыў бойынша қатар усыныс ҳəм басламалар билдирилди.
Исбилермен, өнермент ҳəм фермерлер тəрепинен усынылған ҳəр бир мəселе бойынша тийисли шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлерине анық көрсетпелер берилди.
Telegram | Website | Instagram |
УouTube | Facebook