#рамазан_2025
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Хожели районындағы «Пирим ийшан» мешитинде тараўиҳ намазында болды
Рамазан айы елимизде оғада үлкен итибар ҳәм таярлық пенен күтип алынбақта. Себеби, ҳәр жылы Рамазан айы жақынласыўы менен ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў» ҳаққындағы қарары қабыл етилип, мешитлерде емин-еркин ибадат етиўине ҳүкимет көлеминде итибар қаратылмақта. Солай екен, биз мөмин-мусылманлар бул шараятларды қәдирлеп, бул мүбәрек айды шүкиршилик кейпиятында өткериўимиз лазым.
Мүбǝрек Рамазан айы мүнǝсибети менен бǝрше мешитлерде тараўиҳ намазлары оқылмақта. Бәрше қолай шараятлар ҳǝм имканиятлар жаратылған, емин-еркин ибадатлар қылынбақта. Бул ǝлбетте, Аллаҳ тааланың биз бенделерине берген уллы неъматлары.
Тараўиҳ намазларында имам-хатиблеримиз тǝрепинен диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиўлер ѳткерилмекте.
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Хожели районындағы «Пирим ийшан» мешитинде болып, «Ислам дининде басқа дин ўәкиллерине ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик. Перзент тәрбиясы. Илим алыў пазийлети» темаларында баянат жасады. Сондай-ақ, диний тараўдағы унамлы ѳзгерислер, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң бүгинги күнде ѳз нәтийжесин бериўи ҳаққында мысаллар менен айтып ѳтти.
… Жәмәәт пенен тараўиҳ намазын оқыды. Тараўиҳ намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz