Пул тапқыш субсидия
Нөкисте бәнтлигин тәмийнлеў ушын субсидия алған Гүлбәҳәрдиң турмысына бир жылдан соң нәзер.
Қаламыздағы "Дослық" МПЖ бекитилген ҳәким жәрдемшиси аймақтағы Г.Айниязованың жумысыз екенлигин анықлап, қала ҳәкимлигине оның бәнтлигин тәмийинлеўде субсидия берилиўине усыныс береди.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен 2024-жылдың басында субсидияға тигиў машинасы берилгеннен соң Гүлбәҳәр апа тигиншилик пенен айланысады.
Алтын жер астында жатса да тат баспайды, ширимейди деген сөзлер бар. Мәселен, өнер мәнисинде алып қарасаңда екиленбестен усындай пикирге келиўимизге болады.
Айырым жумыссыз болған адамларды екинши маманлыққа қайта оқытылып, өзлериниң қызығыўшылығы қарап қол мийнетлерин өзлестиргеннен соң субсидиялардың берилиўи турмысындағы машқалалардың шешилиўине ерисилмекте.
Алдыңғы "босаған сандық" дәраматлы қоллар арқалы бахтиярлық демлер менен толмақта, жыйналмақта.
Әйне усындай турмысымыздағы жетискенликлер ҒХҚ итибарына түсип, бүгиндк репортаж таярланды.