Не ушын


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


"Не ушын❓" сораўына
жаўап бериўши канал
💡Канал жөнелиси | Илим
📭Реклама | @ne_ushin_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


🔬Микроскоп астындағы көз тамырларының әжайип көриниси😍

Бул гөззаллықты басқаларға да тарқатып таслайық 😉

Каналымыз | @Ne_ushin


🚭 Шегиўди тасламақшы болғанлар ушын усыныслар !

🚬 Шегиўди тасламақшы болған күниңизди алдынан белгилең ҳәм қағазға жазып қойың. Сана-сезимиңиз сол ўақытқа шекем бир әдетти тәрк етиўге таярланады.

🎗Күн даўамында көп темеки шегетуғын инсанлар әсте-ақырынлық пенен емес, бирден бул әдеттен ўаз кешкенлери мақул.

🏠 Егер жумыс орталығы шегиўди талап қылса, ол жағдайда бул режеңизди дем алыс (отпуска) ўақтында ямаса үйде болған ўақтыңызда әмелге асырың.

❌ Темекини блоклап сатып алмаң ҳәм биринши қутысы таўсылмастан, басқасын сатып алмаң.

🔥 Егер шегиўдиң «қумар» ы тутса, тезлик пенен сигаретти жақпаң. Оны қолыңызда кемине 3 минут услап турың.

📽 Темеки шегиў қадаған етилген жерлерге, мысалы, кино ҳәм театрларга тез-тез барып турың.

👥 Шегиўди таслаў ушын өзиңизге шерик табың.

👃 Дем алыў шынығыўын ислең. Кислородты мурын арқалы әстелик пенен алың ҳәм оны күшиңиз жеткенге шекем услап турың. Кейин карбонат ангидридти аўыз арқалы әстелик пенен шығарып жибериң.

Каналымыз | @Ne_ushin

917 0 17 1 25

❗️Не ушын дәрини шай менен ишиў мүмкин емес?

Шай менен дәри ишиў усыныс етилмейди. Шай қурамындағы танин элементи көплеген дәриликлер менен өзара тәсир етиў нәтийжесинде шөгинди пайда етеди.

Қалаберди, бундай араласпалар жүрек-қан тамыр системасына унамсыз тәсир етиўи мүмкин.

Әсиресе, қурамында азот сақлайтуғын дәриликлерди шай менен ишиўге болмайды. Соның ишинде, папаверин, кофеин, кодеин, эуфиллин ҳәм жүрек гликозидлери усындай дәриликлер қатарына киреди.

© ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Каналымыз | @Ne_ushin


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Ҳәммеңизге күниңиз кеўилли ҳәм көтериңки кейпиятта өтиўин тилеймиз 😊

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын көзди ашып түшкириўдиң илажи жоқ?

✅Түшкириў ўақытында көплеген булшық етлер, төс қәпеси, диафрагма, даўыс шемиршеклери ҳәм тамақ булшық етлери күшли басымға дус келеди.

👁Бунда көз жумылыўы оларды зыянланыўынан сақлайды. Түшкириў әқибетинде мурын жолларынан шығыўшы ҳаўа молекулаларының тезлиги саатына 150 кмден асады. Көзлердиң жабылыўы мийдиң арнаўлы бөлими тәрепинен басқарылады ҳәм бул автоматик тәризде әмелге асады.

P.s / Көзди ашып түшкириўге ҳәрекет етип көрмең😁

Каналымыз | @Ne_ushin


🧊Не ушын кыста көл музлаганда да балықлар музлап қалмайды ?

— Бириншиден, суў ҳәўиздиң тек ғана үсти музлайди, түбиниң температурасы болса ҳаўа температурасынан бир қанша жыллы болады.

— Екиншиден, балықтын денеси ийкемлесиўшы өзгешеликке ийе. Яғный оның дене температурасы суў температурасына ийкемлеседи. Усының себебинен балық музламайди.

Каналымыз | @Ne_ushin


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Лайфхак👍

Каналымыз @ne_ushin


❓Не ушын азанда иштей болмайды.

❇️ Көп инсанларда азанда иштей болмаўи гүзетиледи. Нәтийжеде жумысқа, оқыўға азанғы шайсыз кетиў, кунди азанғы шайсыз баслаў гүзетиледи.

Азанда иштей болмаўына:
▪️Кеште майлы аўқатлар жеў;
▪️Аўқатланғаннан кейин тез уйқылап қалыў ;
▪️Кеште газлы ҳәм спиртли ишимликлер ишиў ;
▪️Мазалылар ҳәм фаст-фудлар жеў ;
▪️Күн даўамында ҳәм кеште түрли чипслар ҳәм пыстелер жеў себеп болады.

Каналымыз | @Ne_ushin


Укропты тез-тез жеп турың!

Укроп — C, А, Б2, Б6, Р, РР витаминлерине ҳәм кальций, калий, фосфор, темир, магний елементлерине бай.

Бул елементлер қан пайда болыўын асырады. Буннан тысқары укроп асқазан -ишек тракты ҳәм бөлип шығарыў системасын дезинфекция қылыў қәсийетине ийе.

Укроп дем алыў ағзаларына пайдалы тәсир көрсетеди, баўырды жақсылайды, нерв системасын тынышландырады, яғный уйқысызлықта пайдалы, қан басымын пәсейттиреди ҳәм исиклерди кетиреди.

Егер сизди турақлы метеоризм (қарын дем болыўы ) тынышсыз қылса, демек укроп рационыңыздың ажыралмайтуғын бөлеги болыўы керек.

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын мудамы қатық ишиў керек?

🔶Қатық асқазанда жүдә аңсат сиңип кетеди. Бул өним турақлы шаршаўда жәрдем береди. Буннан тысқары ол буйреклер ушында пайдалы.

✅Қатық қурамында калтсий ҳәм фосфаттың контсентратсиялары болып, суйек, тис ҳәм тырнақларды беккемлейди.

🔶Қатық узақ ўақыт даўамында тери ҳәм булшық етлер созылыўшаңлығын сақлап турыўға жәрдем береди.

✅Соның менен бирге, қан тамырларды тазалаўда актив қатнасып, олардағы холестеринди жоғалтады

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын айырым ўақытлары избе-из түшкиремиз?

Дем алыў жолларына шаң түседи ҳәм биз шаңнан қутылыў ушын түшкиремиз. Егер шаң шығып кетпесе қайта-қайта түшкире беремиз.

Каналмыз | @ne_ushin


Не ушын телевизорды көп көриў бизлерге зыян ?

— Алымлар ҳәм шыпакерлердиң көп жыллық изертлеўлерине көре, телевизорди көп көриў төмендегише кери ақыбетлерге себеп болыўы мүмкин екен:

• Артериал басымның артыўы
• Ашыўшақлықтың артыўы
• Бас мий искерлигиниң кемейиўи
• Балаларда гиперискерликтиң раўажланыўы
• Денемизде қәўипли өспелер пайда болыўының итималлығының артыўы
• Уйқысызлық
• Артықша аўқатланыў (тәртипсиз аўқатланыў)

— Күнине 2 сааттан көп көриў усыныс етилмейди !

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


🍜 Аўқатты жақсылап шайнаўдың пайдалары !

➖ Аўқатты жақсылап шайнаў кем шайнағанға салыстырғанда кемрек жеўге себеп болады.
➖ Ас сиңириў процеси қысқарады.
➖ Асқазан, асқазан асты бези, баўыр ҳәм бүйреклердиң искерлиги нормалласады.
➖ Аз фермент (инсулин ) сарыпланады.
➖ Асқазан, ишек, баўыр, асқазан асты бези, иммунитет системасы, диабет, исик, рак, аллергия, тис шириўи, нерв ҳәм руўхый кеселликлерден сақланған болады.
➖ Бар болған кеселликлер жеңиллеседи.
➖ Семизликтен қутылыўға жәрдем береди. Илимпазлар наркотик, сигарет ҳәм алкоголға "қумар" ы тутыўында психологиялық ҳәм нерв кеселликлериниң негизинде де кем шайнаў себеп болатуғынлығын анықланған. Жақсы шайналмаған аўқат баўыр, талақ ҳәм жүрекке аўыр жүк болады. Органлардың бул жағдайы руўхый тең салмақлылықты бузады.

Каналымыз | @ne_ushin


Не ушын Кипрде машина 🚗 басқарып атырған ўақытта аўқатланыў мүмкин емес ?

— Кипрдеги өзгеше шеклеўлерден бири бул машина айдаўшысының аўқатланыў, ҳəтте əпиўайы мазалы затлар жеўине рухсат берилмейди. Бундай исти ислеген шофёрлар болса жəриймаға тартылады.

— Өйткени ҳүкимет машина басқарыўында аўқатланыў, телефоннан сөйлесиў сыяқлы ҳəрекетлер шофёрдың пикирин бөледы деп есаплайды. Шофёрлар дыққатын шалғытпаўы мақсетинде мəмлекетте бул қағыйда жолға қойылған.

Биз бенен бирге болың😊!
Каналымыз | @Ne_ushin


🍋 Лимон қабығы ҳәм қантлы диабет.

➖Сиз қантли диабеттиң жеңил формасы менен кеселленген болсаңыз, лимон қабығынан таярланатуғын демлемеден пайдаланыўыңыз мүмкин.

➖Оның ушын 2 ас қасық майданланған лимон қабығының үстине 2 стакан суў қуйылады ҳәм аўызы жабық ҳалда төмен температура менен 30 минут даўамында қайнатылады. Бул демлеме тындырылған соң, ½ стакан муғдарда күнине 3 мезгил, аўқатланыўдан ярым саат алдын ишип турылады.
Емлеў 1 ҳәпте даўам етеди.

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


❓Қандай етип зыянсыз семириў мүмкин ?

🟢 Арықлық бул - денемиз булшық етлериндеги белок массасының азайыўы есабына келип шығатуғын жағдай болып табылады.

🔆 Арықлыққа не себеп болыўы мүмкин:
🔹 Ас сиңириў системасындағы өзгерислер;
🔹 Гелминтлердиң актив искерлиги;
🔹 Организмдеги басқа органлар искерлигиниң өзгериўи;

✅ Салмақ топлаў ушын усыныслар :
♦️Аўқатланыў режимине қатаң әмел қылыў ;
♦️Нормадағы уйқы ;
♦️Белок ҳәм углеводга бай болған азық-аўқат өнимлерин пайдаланыў.

⭕️ Нан ҳәм нан өнимлериниң жоқары сортлысы, гөштиң майлы түрлерин жеў усыныс етилмейди.

Каналымыз | @Ne_ushin

2.3k 0 12 11 25

Не ушын пал инсан саламатлығы жақсыланыўына зәрүр өним ?

Пал (мёд) - ас сиңириў системасын жақсылайды , қуўатты тиклейди , иммунитетти асырады .

Каналымыз | 👉 @Ne_ushin


🍽 Қайсы өнимлерди жеўден бас тартпаў керек ?

📌 Мәйек инсан рационындағы ең тойымлы азық-аўқатлардан бири болып табылады. Бир мәйекте жүдә көп пайдалы елементлар бар: аминокислоталар, А, Б2, Б5, Б12 витаминлари, темир, фосфор, селен менен 5-6 грамм жоқары сапалы протеин. Ҳәм лутеин ҳәм зеаксантин көз кеселликлериниң раўажланыўына тосқынлық етеди.

📌 Сарымсақ пияз (чеснок) жүрек-қан тамыр системасына нәтийжели тәсир көрсетеди, себеби ол қан басымын төменлетеди, қанда холестерин муғдарын нормалластырады. Нәтийжеде инсулттың раўажланыў қәўипи азаяды.

📌Баўыр темир муғдары бойынша жетекши есапланады. 100 грамм баўырда Б12 витамини РДА ден 12 мәрте көп. Ҳәптеде бир рет баўыр қосылған аўқат жеў усыныс етиледи.

📌 Теңиз суў отлары. Егер сиз ҳәптеде бир ямаса еки рет теңиз отларын жеп турсаңыз, ол жағдайда ёд жетиспеўшилигине ушырамайсыз.

Каналымыз | @ne_ushin


Не ушын смартфонлар 📱 қызады?

Смартфон ислеў процессинде жеңил қызыўы қəўетерли емес. Бирақ бул қызыў жоқары дəрежеде болса онда бир телефонды тексерип көриў керек.

Протсессор, батарея ямаса дисплейдеги машқалалар — телефон қызып кетиўиниң баслы себепшилери. Жоқары температура деталлардың бузылғанлығын билдирмейди. Бирақ соған алып келиўи мүмкин.

Узақ ўақыт ойын ойналғанда, узақ ўақыт видео көргенде ямаса айырым функциялардың дурыс ислемеўи нəтийжесинде телефон қызады. Соның менен бирге, ҳаўа райы, температура сыяқлы сыртқы факторларда аппараттың қызыўына себеп болыўы мүмкин.

Биз бенен бирге болың😊!

Каналымыз | @Ne_ushin


Не ушын PowerPoint Microsoft компаниясының ең жақсы өнимлеринен бири есапланады ?

— Көпшилик бул программадан бир рет болса да пайдаланып көрген . PowerPoint тан дүняның түрли мүйешлериндеги ҳəр түрлы кəсип ийелери презентациялар таярлаў ушын пайдаланады.

— Қызық тəрепи сонда, бул программа Microsoft компаниясының ең пайдалы өнимлери қатарында жоқары орынларда турады. Буған себеп болса ол арқалы текғана əпиўайы презентациялар, бəлким, қызықлы анимацион видеорөликлер де таярлаўға болады.

Биз бенен бирге болың😊!
Каналымыз | @Ne_ushin

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.