#ҳикмет #ораза
ҲАҚЫЙҚЫЙ ОРАЗА
Ораза мусылманның Рамазан айында орынлайтуғын ең абзал әмеллеринен бири. Ораза – нийет пенен тағам, ишимлик ҳәм жынысый қатнастан тыйылыў. Буннан тысқары өтирик сөйлеўден, ғыйбаттан, өсектен, ҳарамға көз салыўдан, ҳарам нәрселерге қулақ асыўдан ҳәм барлық жаман иллетлерден тыйылыў да киреди. Ораза тутқан адам көзин ҳәм қулағын, тилин, улыўма барлық ағзаларын ҳарамнан тыйыўы шәрт. Ҳәдислерде ораза тутқан адам гүналардан тыйылмаса, ағзаларын ҳарамнан сақламаса, оған тек аш қалыў ҳәм шөллеў ғана қалыўы айтылған.
✈️ @MagzaniyshanUz