#оразаның_пазыйлети #мағлыўмат
🙄 Оразаның пайдаларынан және бири – ораза тутыўшының қәлби пәклениўи.
Ораза тутқан адам бәрқулла Аллаҳ таала оның өзин көрип турғанын сезип жасайды. Соның ушын өзи жалғыз қалғанда да оразасын ашыўға жүреги бетлемейди. Ал, мудамы Аллаҳ тааланы еслеп, сезинип жүриў инсанның қәлбин пәклейди. Бундай инсанның қәлбине Аллаҳтың муҳаббатынан басқа нәрсе сыймай қалады. Ораза тутқан адам өз-өзинен жаманлық қыла алмай қалыўы да соннан.
Демек, ким қәлби пәк болыўын қәлесе, ораза тутсын!
✈️ @MagzaniyshanUz