🎓Университет аймағындағы мәҳәллелер арасында спорт жарыслары шөлкемлестирилди
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-апрельдеги «Мәҳәллелерде жасларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында мәҳәллелерде халық, әсиресе, жаслар арасында ғалабалық спорт жарысларын системалы шөлкемлестириў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды ғалабалық спортқа тартыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Усы тийкарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң факультетлер аралық дене мәденияты кафедрасы тәрепинен университет аймағында жайласқан «Шайырлар», «Шығыс», «Алмазар» ҳәм «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынларының жаслары ҳәм де жасы үлкен пуқаралары арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыслар өткерилди. Жарысқа мәҳәллелерден жәми 80 нен аслам нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.
Жарыс қызғын беллесиўлерге бай болды. Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған дипломлар ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Өткерилген жарыстың тийкарғы мақсети ҳүкимет қарарларының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, университет пенен мәҳәллелер арасында бирге ислесиўди және де күшейтиў болып табылады.
⚡️ ККФА мәлимлеме хызмети!
📱 Telegram 📱 Instagram 📱 YouTube