РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТБүгин социаллық тармақта жәрияланған Кегейли районы Жалпақ жап АПЖ аймағындағы Айтеке қызыл сәўле аўылындағы ишки жолларды оңлаў мәселесиндеги мүрәжат бойынша Кегейли районы ҳәкимлиги тɵмендегилерди мәлим етеди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында 2023-жылда Кегейли районында жәми 35 км аралықтағы ишки жолларды ШПС жолларға ɵткериў белгиленип алынған ҳәм жумыслар толығы менен жуўмақланған.
Ҳақыйқатында да, усы қарар тийкарында Жалпақ жап АПЖ аймағындағы Айтеке қызыл сәўле аймағы дизимге алынған. Бул аймақ 2 аўылдан ибарат болып, 70 ке жақын хожалықлар жасайды.
Мүражатшы атап ɵткен мәнзил орайлық жолға жақын болғанлықтан яғный, бул пукараныӊ турақ жайы оӊлаў жумыслары алып барылған жолға 80 м аралық екенинлигин есапқа алып, Жалпақ жап АПЖ аймағында халықтың жасаў шараятын жақсылаў бойынша комиссия қурамының мәжилиси ɵткерилип, аўылдағы басқа пуқаралардың ɵтиниш-тилеклерин, балалардың мектепке қатнаў жағдайларын ҳәм АПЖ аймағын электр энергиясы менен тәмийинлеп турған станцияның жайласыў орнынан келип шығып, орынланыўы тийис болған жойбарға (проектке) ɵзгерис киргизилген ҳәм қайта ислеп шығылған жойбар толық орынланып, ШПС тɵсеў жумыслары (300 метр)әмелге асырылған.
Кегейли районы ҳәкимлиги тәрепинен 2025-жыл ушын ислеп шығылған мәнзилли ҳәм қосымша режелер тийкарында, райондағы ишки топырақ жолларын ШПС жолына өткериў илажлары избе-из әмелге асырылатуғынлығын мәлим етемиз.
Кегейли районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
@kegeylirkuzofficial